Онда “Өзбекстан темир жоллары” акционерлик жәмийетиниң басшылары, Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасының ўәкиллери, Hyundai Rotem компаниясының басшылары ҳәм қәнигелери, темир жол тараўының ветеранлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Онда “Өзбекстан темир жоллары” басқармасы баслығының биринши орынбасары Х.Рахметов шығып сөйледи. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң реформалары себепли мәмлекетимизде темир жол инфраструктурасы жедел модернизацияланып, жолаўшыларға хызмет көрсетиў сапасы артып, халықаралық транспорт байланыслары беккемленип атырғанын атап өтти.
Темир жолшылар ҳәм транспорт қурылысшылары кәсиплик аўқамы республикалық кеңесиниң баслығы Қ.Сабиров жаңа жөнелистиң ишки туризмди раўажландырыўда әҳмийетли екенлигин атап өтип, темир жол хызметкерлерине мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди.
Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиси Вон До Ён мәмлекетлеримиз арасындағы табыслы бирге ислесиўди, Hyundai Rotem компаниясының ҳәрекетлениўши қурамды жаңалаўға қосып атырған үлесин атап өтип, темир жол тараўын буннан былай да раўажландырыўды тиледи.
Шығып сөйлеўлер даўамында бул жойбардың иске қосылыўы транспорт тараўындағы реформалардың әҳмийетли нәтийжеси, мәмлекетимиз темир жоллары тарийхындағы әҳмийетли басқыш екени атап өтилди.
Ташкент пенен Хийўа арасындағы (1220 км) аралықты ол 7,5 саатта басып өтеди, бурын бул аралыққа 14 саат ўақыт кететуғын еди.
Қурамда улыўма сыйымлылығы 389 жолаўшыға шекемги 7 вагон болып, ол Өзбекстанның ықлым шараятына - ыссыдан қатты суўыққа, қум боранына шекем толық бейимлестирилген. Поезд заманагөй қәўипсизлик системасы, видеобақлаў, мәлимлеме экранлары ҳәм бурылыў орынлықлары менен тәмийинленген.
Оны иске қосыўдан алдын “Ташкент – Самарқанд – Наўайы – Бухара – Хийўа” участкасында техникалық сынаўлар өткерилип, 450 километрлик “Бухара - Үргенш – Хийўа” участкасын электрлестириў жумыслары жуўмақланды.
Мәресимнен соң поезддың жолаўшы ҳәм мийманларды өз ишине алған биринши рейси Ташкенттен Хийўаға жол алды ҳәм сапар қатнасыўшылары жаңа поезддың шараятлары ҳәм имканиятлары менен жақыннан танысты.
"Жалолиддин Мангуберди" поездларының турақлы қатнаўы пайтахтымыз ҳәм Хийўа арасында қолайлы транспорт қатнаўын тәмийинлеў менен бирге, туризмди раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.
Ҳәрекет ўақты:
Ташкент → Хийўа: сийшемби, пийшемби, шемби (кетиў 07:00, келиў 14:31)
Хийўа → Ташкент: сәршемби, жума, екшемби (кетиў 07:20, келиў 14:51)
Ташкенттен биринши рейс 5-май күни, Хийўадан 6-май күни әмелге асырылды.