Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Салық комитети хабар берди.
Акция қандай қарыздарлыққа тийисли?
Ол төмендеги қарызларға қолланылады:
Пәрман күшке киргенге шекем әмелде экспорт етилген товарлар, жумыслар
ямаса хызметлер бойынша пайда болған болса;
белгиленген мүддетте сырт ел контрагенти тәрепинен төленбеген болса;
«E-kontrakt» мәлимлеме системасында мүддети өткен дебитор
қарыздарлық сыпатында сәўлелендирилген.
Акция шеңберинде
бундай қарыздарлықты жолаўшы бажыхана декларациясын ҳәм тийисли исеним хатларын
усынбастан, хызмет көрсетиўши банклердиң кассалары арқалы нақ валюта қаржыларын
исбилерменлик субъектиниң есап бетине киргизиў арқалы қаплаўға рухсат бериледи.
Қаржылар
төленгеннен кейин:
«E-kontrakt»
системасында мүддети өткен дебитор қарыздарлық суммасы автоматикалық түрде
тийисли муғдарға азайтылады;
сыртқы саўда
операциялары бойынша активлердиң репатриациясы тәмийинленбегенлиги ушын
жәрийманың өндирилмеген бөлеги киргизилген қаржыларға пропорционал түрде бийкар
етиледи.
Бунда төленген
қаржылар:
товарлар,
жумыслар ҳәм хызметлерди экспорт етиўден түскен валюта түсими деп тән
алынбайды;
Қосымша қун
салығының нольлик ставкасын қолланыў ушын тийкар болмайды.
Буннан тысқары,
2027-жыл 1-январьдан төмендеги жағдайлардың ҳеш болмаса биреўи болған жағдайда
суд жәрийма муғдарын еки есеге азайтыўы мүмкин:
резидент
активлердиң репатриациясын тәмийинлеў ушын өзине байланыслы барлық илажларды
ҳүжданлы түрде көрген, соның ишинде, судқа, арбитражға мүрәжат еткен ямаса
мәжбүрий өндириўдиң басқа механизмлеринен пайдаланған болса;
сыртқы саўда
операциясы бойынша активлердиң 50 проценттен асламы репатриациясы
тәмийинленген;
репатриация
халықаралық санкциялар, банк ҳәм төлем системаларының шеклеўлери ямаса сырт
елли шерик мәмлекетинде ямаса төлем әмелге асырылатуғын мәмлекетте валюта
операцияларын әмелге асырыўды қадаған етиў себепли шекленген еди.
Усы илажлар устав
капиталында мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық
шахсларға, сондай-ақ, бундай шөлкемлердиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық
болған юридикалық шахсларға қолланылмайды.