BYD электромобильлер ҳәм жаңа энергия
дәреклеринде ислейтуғын автомобильлер ислеп шығарыў бойынша дүньядағы ең ири
кәрханалардан бири болып есапланады. 2024-жыл июнь айында Жиззақ ўәлаятында усы
маркадағы автомобильлерди ислеп шығарыў жолға қойылды.
Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда электромобильлер ислеп шығарыў жойбарын
әмелге асырыўдың бүгинги нәтийжелери, сондай-ақ, өндирис қуўатлықларын
кеңейтиў, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм кәрхананың экспорт потенциалын
раўажландырыў бойынша алдағы режелерди додалады.
Өндирислик
инфраструктураны раўажландырыў, экспортқа жеткерип бериў көлемин арттырыў,
сондай-ақ, республикамызда электромобиллер ушын тез зарядлаў станциялары
тармағын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер
жуўмағында тәреплер узақ мүддетли бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм
Өзбекстанда BYD жойбарын табыслы әмелге асырыўдан бирдей мәпдар екенин
тастыйықлады.