Ҳүжжет халықты жасаў ҳәм турған орны бойынша дизимге алыў процесслерин
әпиўайыластырыў арқалы пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын буннан былай да
тәмийинлеўге қаратылған.
Нызам жойбарында пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын және де толық
тәмийинлеўге қаратылған үш әҳмийетли жаңалық нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда,
шаңарақ ағзалары ҳәм жақын туўысқанлардың жасаў орны бойынша дизимнен өткериўде
турақ жай майданының социаллық нормасын қолланыўға байланыслы шеклеўлерди
бийкар етиў усыныс етилмекте.
Яғный,
ерли-зайыплар, ата-аналар ҳәм балалар, апалар, аталар ҳәм ақлықлар, аға-ини ҳәм
апа-қарындасларды бир-бириниң турақ жайына дизимге алыўда квартира майданының
белгиленген нормаға салыстырғанда жетерли болмаўы дизимге алыўға тосқынлық
етпеўи нәзерде тутылмақта. Бул шаңарақ ағзалары ҳәм жақын туўысқанларды бир
мәнзилде дизимге алыўды аңсатластырады.
Сондай-ақ,
жойбарда студентлер турақ жайларында жасайтуғын студентлер ушын өз алдына
ҳуқықый механизмди белгилеў усыныс етилмекте. Оларды дизимге алыўда турақ жай
майданының социаллық нормасы қолланылмайды. Бул жоқары билимлендириў
мәкемелерине студентлерди дизимге алыў бойынша бар машқалаларды сапластырыў
имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта
ипотека кредити ямаса субсидия есабынан турақ жай алған көплеген пуқаралар өз
турақ жайына дизимнен өтиўде қыйыншылықларға дус келмекте. Нәтийжеде балаларды
мектеп ямаса бақшаға жайластырыў, поликлиникаға бириктириў, пенсия ҳәм басқа да
социаллық хызметлерди алыўда машқалалар пайда болмақта.
Нызам жойбарына
муўапық, мүлк ийеси ҳәм оның жақын туўысқанларын усындай турақ жайға дизимге
алыў ушын турақ жайға қадаған етиў ямаса қамаққа алыў белгиленген жағдайда да
турақ жайды гиреўге алыў, қадаған етиў ямаса қамаққа алыўды әмелге асырыўға
ўәкилликли болған уйымлар, атап айтқанда, банк, суд ямаса Мәжбүрий орынлаў
бюросының келисими талап етилмейди. Бәринен бурын, бундай тәртип турақ жай мүлк
ийеси ҳәм оның шаңарақ ағзаларына өзине тийисли турақ жайда нызамлы дизимнен
өтиў имканиятын береди.
Соның менен
бирге, гиреўге алыўшылар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў
мақсетинде шахсты дизимге алыўға алдыннан жазба келисим бериў институтын
енгизиў усыныс етилмекте. Усы механизмге бола, шахсты дизимнен өткериў гиреўге
алыўшының ямаса қадаған етиў ямаса қамаққа алыўды әмелге асырған ўәкилликли
уйымның мүрәжаты тийкарында бийкар етилиўи мүмкин.
Бул ҳуқықый
шешим, бир тәрептен, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларының қорғалыўын
тәмийинлесе, екинши тәрептен, кредиторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин
жетерли дәрежеде тәмийинлеў имканиятын береди.
Додалаўлар
даўамында депутатлар нызам жойбарының әҳмийети ҳәм зәрүрлигин атап өтип, оның
айырым нормалары бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Атап өтилгениндей,
ҳүжжет халыққа мәмлекетлик хызметлерди және де әпиўайыластырыў ҳәм қолайлылығын
арттырыў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын исенимли тәмийинлеўге хызмет
етеди.
Нызам жойбары
депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.