Додалаўда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде қала қурылысы тараўын жетилистириў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, пуқаралардың қурылысы жуўмақланбаған ҳәм белгиленген тәртипте пайдаланыўға тапсырылмаған көп қабатлы турақ жайларда жасаў жағдайлары көбейип бармақта.

Бундай жағдайлар пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўда жумыс алып барып атырған субъектлердиң жуўапкершилигин және де арттырыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған профилактикалық илажларды күшейтиўди талап етпекте.

Нызам жойбары менен Жынаят кодексине белгиленген тәртипте пайдаланыўға қабыл етилмеген көп квартиралы турақ жайларда пуқаралардың жасаўына жол қойғанлығы ушын көп квартиралы турақ жайларды қурыў ушын жуўапкер болған шахслардың ямаса лаўазымлы шахслардың тиккелей жынайый жуўапкершилиги ҳаққындағы норманы нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте.

Соның менен бирге, Қала қурылысы кодексине буйыртпашы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилерди белгиленген тәртипте пайдаланыўға қабыл етилмеген көп қабатлы турақ жайларға пуқаралардың кирип келиўине жол қоймаў бойынша илажлар көриўге мәжбүр етиўши нормаларды киргизиў усыныс етилмекте.

Додалаў даўамында депутатлар нызам жойбарының әҳмийетлилиги ҳәм оны қабыл етиў зәрүрлигин есапқа алып, нызамшылық басламасы субъектлерине оның айырым нормалары бойынша сораўлар менен мүрәжат етти. Сондай-ақ, ҳүжжетти буннан былай да жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.