Пәрманға муўапық, 2027-жылдан баслап ҳәр 2 жылда бир мәрте
12-август - Халықаралық жаслар күни алдында "Әўладлар қарым-қатнасы"
халықаралық жаслар конгресси өткериледи.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы сентябрь айында мәмлекетлик-жеке
меншик шериклик шәртлери тийкарында миллий дәстүрлер, жоқары мәдений-эстетикалық
нормаларға әмел еткен ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеген ҳалда "Жаслық -
бахытлы ҳәм алтын дәўир" сүрени астында улыўма миллий жаслар фестивалын
өткериў жолға қойылады.
2026-жылдан баслап китапқумарлық мәдениятын арттырыў жолында
пидәкерлик пенен мийнет етип атырған жас дөретиўшилерди хошаметлеў мақсетинде
"Илғор ижодкор" Президент сыйлығы шөлкемлестирилип, оған бола:
поэзия, драматургия ҳәм балалар әдебияты бағдарлары бойынша
ең жақсы жазыўшы ҳәм шайырлар сыйлықланады;
ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпазлар БЕМның 200 есеси
муғдарында ақшалай сыйлықланады.
2026-жылдан баслап аймақларда билимлендириў мәкемелери,
спорт объектлери, жаслар ҳәм мәденият орайлары, китапханалар, кинотеатрлар,
концерт тамаша заллары, кеўил ашар сейил етиў зоналары ҳәм парклерден ибарат
жаслар ушын инфраструктура объектлериниң жумысын жолға қойыў бойынша минимал
стандартлар енгизиледи.
2026-2027-жылларда ҳәр бир ўәлаятта туризм, гастрономия,
жаслар сейил етиў ҳәм саўда-сервис хызметлерине қәнигелескен көшелерде
китапхана, «book cafe»
ҳәм китап дүканлары жайластырылады.
Китап саўдасын айына 10 мыңнан асырған исбилерменлерге 6
айлық жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекем Орайлық банктиң тийкарғы
ставкасының 50 проценти муғдарындағы процент ставкасында 1 миллиард сумға шекем
кредит ажыратыў илажлары көриледи.