2026-жылдың январь-июль айлары жуўмақларына бола, өзлестирилген сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 32,9 миллиард долларды (белгиленген параметрлерге салыстырғанда өсиў 131,1 процент) қурады.

Тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 30,3 миллиард долларға жетти. Мәмлекетимиз аймақларында 24,3 миллиард доллар өзлестирилген (белгиленген параметрлерге салыстырғанда 161,8 процентке өскен).

Ерисилген пәтти сақлап қалыў мақсетинде жойбар интакерлери ҳәм сырт ел инвесторлары менен мәнзилли жумыс алып барылмақта, турақлы мониторинг алып барылмақта, пайда болған мәселелер жеделлик пенен шешилмекте ҳәм жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыўды жеделлестириў илажлары көрилмекте.