Бул имканияттан 2026/2027-оқыў жылында академиялық лицейлерге оқыўға
усыныс етилмеген, бирақ билимлендириўди техникумларда даўам еттириў тилегин
билдирген питкериўшилер пайдаланыўы мүмкин.
Бос орынлар шеңберинде питкериўшилер кәсип ҳәм қәнигеликке ийе болып, таңлаған
бағдары бойынша оқыўын даўам еттириўи мүмкин болады.
Ҳүжжетлер my.edu.uz платформасы арқалы онлайн қабыл етиледи.
Қабыллаў 2026-жыл 7-сентябрьге шекем даўам етеди.