Соңғы сегиз жылда елимизде жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў,
жаслардың сапалы билим алыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған кең көлемли
реформалар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен
44 процентке, студентлер саны 270 мыңнан 1 миллион 700 мыңға жетти. Быйылғы
жылдың өзинде 643 техникумның 100 инде Германия, Уллы Британия, Швейцария,
Қытай, Корея ҳәм басқа да мәмлекетлердиң алдынғы профессионал билимлендириў
бағдарламалары енгизилмекте.
"Ирригация
ҳәм суў ресурслары машқалалары илимий-изертлеў институты" миллий изертлеў
университети ҳәм Өзбекстан Миллий университети абырайлы халықаралық
рейтинглерде дүньяның ең жақсы мың жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатарынан
орын алды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының 157 билимлендириў бағдарламасы
халықаралық аккредитациядан өткерилди.
Соның менен
бирге, билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, миллий жоқары оқыў
орынларының халықаралық бәсекиге шыдамлылығын күшейтиў ҳәм питкериўшилерге
глобал мийнет базарында мүнәсип усынысларды тәмийинлеў ушын бул тараўдағы
жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
2030-жылға шекем
жәҳәнниң ең жақсы 500 жоқары оқыў орны қатарына улыўма рейтингде кеминде 5,
пәнлер бойынша болса және 10 жергиликли жоқары оқыў орнын киргизиў мақсет
етилген. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының 100 билимлендириў бағдарламасын
халықаралық аккредитациядан өткериў, кеминде 150 техникумда халықаралық
билимлендириў бағдарламаларын енгизиў режелестирилген.
Жоқары
билимлендириў мәкемелери питкериўшилери ҳәм оқытыўшыларының кеминде 30
процентин шет тиллери, кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша халықаралық сертификатлар
менен тәмийинлеў, техникумлардың 2,5 мың ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң
20 мың оқытыўшысын сырт елге маманлығын арттырыўға жибериў бойынша ўазыйпалар
белгиленди.
Презентацияда
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын кеңнен енгизиў мәселелерине
айрықша итибар қаратылды.
Ҳәзирги ўақытта
бир қатар жоқары оқыў орынлары сырт ел университетлери менен қоспа
бағдарламаларды әмелге асырмақта. Бирақ, олар тийкарынан еки жоқары оқыў орны
арасында шөлкемлестирилген болып, студентлердиң билимлендириў бағдарын еркин
таңлаў имканиятын шеклемекте.
Халықаралық
әмелиятта интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары студентлерге бир неше
жоқары оқыў орынларында билим алыў, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң академиялық
орталығы ҳәм билимлендириў стандартларының абзаллықларынан пайдаланыў
имканиятын береди.
Уллы Британияның
10 нан аслам жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте бундай
бағдарламалар Ташкент қаласындағы Инҳа университети ҳәм Ташкент
архитектура-қурылыс университетинде "Бизнести басқарыў",
"Архитектура" ҳәм "Мәлимлеме технологиялары" бағдарларында
енгизилген. Нәтийжеде 371 студент "1+3", "2+2" ҳәм
"3+1" бағдарлары бойынша билим алып, Уллы Британия билимлендириў
стандартларына сәйкес келетуғын диплом алыў имканиятына ийе болады.
Бундай система
арқалы студентлердиң сырт елде оқыў ҳәм жасаў қәрежетлерин 10 есеге шекем
қысқартыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бүгинги күнде мыңнан аслам өзбекстанлы
студентлер төрт жыллық билимлендириў бағдарламалары бойынша Уллы Британияда
билим алмақта. Олардың ҳәр бириниң оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери жылына 50 мың
долларды қурайды.
Усы мүнәсибет
пенен Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында Интеграцияласқан
билимлендириў бағдарламалары жоқары мектебин шөлкемлестириў басламасы алға
қойылды.
Жоқары оқыў
орнында билимлендириў процеси Британияның Нортумбрия ҳәм Хартфордшир
университетлериниң бағдарламалары тийкарында шөлкемлестириледи. Кейинги
басқышта Италияның Сапиенца университети, Уллы Британияның Саутгемптон
университети, Шотландияның Глазго университети ҳәм дүньяның басқа да жетекши
жоқары оқыў орынларының билимлендириў бағдарламаларын енгизиў нәзерде
тутылмақта.
Жоқары мектепке
академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик еркинлик бериледи. Мәмлекетлик
уйымлар, бирге ислесиўши жоқары оқыў орынлары ҳәм ири компаниялардың ўәкиллери
қатнасыўында бақлаў кеңеси шөлкемлестириледи. Питкериўшилер сырт елдеги бирге
ислесиўши жоқары оқыў орны ҳәм жоқары мектептиң Өзбекстанда тән алынатуғын
дипломына ийе болады.
Буннан тысқары,
жоқары оқыў орны ҳәм бирге ислесиўши билимлендириў мәкемелеринде Уллы Британия
стандартларына муўапық 8-дәрежеге шекемги билимлендириў бағдарламаларын
енгизиў, басшы кадрлар ушын стратегиялық пикирлеў, жетекшилик, санлы басқарыў,
қарар қабыл етиў ҳәм нәтийжеге бағдарланған басқарыў бойынша қәнигелигин
арттырыў курсларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда
мектеп, академиялық лицей, техникум ҳәм жоқары билимлендириў системасы
арасындағы избе-изликти тәмийинлейтуғын "2+3", "1+2",
"2+1", "1+3", "2+2", "3+1" сыяқлы
билимлендириў модельлери көрип шығылды.
Оған бола,
9-класс питкериўшилери еки жыл даўамында мектеп, академиялық лицей ямаса
техникумда оқыўы, кейин ала үш жыл даўамында елимиздеги ямаса сырт елдеги бирге
ислесиўши жоқары оқыў орнында билим алыўы мүмкин болады. Техникум
питкериўшилери болса қысқартылған билимлендириў бағдарламасы тийкарында
университетте оқыўын даўам еттириў имканиятына ийе болады.
Медицина, энергетика,
көркем өнер ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тийкарғы бағдарларда да интеграцияласқан
билимлендириў бағдарламаларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Халықаралық
қәнигелик ҳәм баҳалаў орайына интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын дүньяның
ТОП-100 университетлериниң академиялық талапларына бейимлестириў, олар менен
бирге "1+3" ҳәм "2+2" бағдарламаларын ислеп шығыў ўазыйпасы
қойылды.
Орай жанында сырт
елли экспертлерден ибарат турақлы жумысшы топар шөлкемлестириледи. 2027-жылдың
ақырына шекем жетекши сырт ел университетлериниң дипломларын беретуғын кеминде
еки билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайын шөлкемлестиреди.
Сондай-ақ, "Эл-юрт
умиди" қорының стипендиялар бағдарламасын жаңа системаға бейимлестириў
усынысы билдирилди. Буннан былай ол Биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары
жоқары мектеби ҳәм басқа да жергиликли жоқары оқыў орынларының интеграцияласқан
билимлендириў бағдарламаларына да енгизиледи.
Сондай-ақ, дүньяның
жетекши жоқары оқыў орынларына шәртли түрде оқыўға кирген жаслардың жергиликли
жоқары оқыў орынларының биринши курсында ямаса “Foundation” бағдарламасы
тийкарында оқыў қәрежетлерин қаплап бериў механизми енгизиледи. Бул оларға
билим алыўды Өзбекстанда баслап, кейин сырт елде даўам еттириў имканиятын
береди.
Презентацияда
Ташкент қаласында Халықаралық университетлер қалашасын шөлкемлестириў, онда
жетекши сырт ел ҳәм жергиликли жоқары билимлендириў мәкемелерин жайластырыў
усынысы да көрип шығылды.
Жойбарды әмелге
асырыўда Қатардағы “Education City”, Бирлескен Араб Әмирликлериндеги Дубай
халықаралық академиялық қаласы ҳәм Корея Республикасындағы Инчеон Глобал
кампусының тәжирийбесинен пайдаланыў усыныс етилди.
Университет
қалашасына абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларының филиалларын тартыў, оқыў
кампуслары ҳәм студентлер турақ жайларын қурыў, лицензия талапларын
әпиўайыластырыў, грант ҳәм стипендиялар ажыратыў, бажыхана ҳәм салық
жеңилликлерин қолланыў, рояльттың бир бөлегин қаплап бериў бойынша усыныслар
ислеп шығыў тапсырылды.
Өзбекстанды
халықаралық билимлендириў бағдарламалары ҳәм стандартлары кеңнен енгизилген
регионымыздағы жетекши билимлендириў орайына айландырыў тийкарғы мақсет екени
атап өтилди.
Президентимиз
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын басқышпа-басқыш кеңейтиў,
олардың сапасын халықаралық талапларға муўапық тәмийинлеў, жетекши сырт ел
университетлери менен узақ мүддетли академиялық бирге ислесиўди жолға қойыў
бойынша усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.