Соның ушын студентлердиң
кәсиплик потенциалын арттырыўда халықаралық академиялық алмасыў бағдарламалары
әҳмийетли орын ийелейди.
Алмалық мәмлекетлик техника
институты студентлери Россия Федерациясының абырайлы жоқары оқыў орынларынан
бири - Сибирь федерал университетинде шөлкемлестирилген "Жазғы университет
- 2026" халықаралық таңлаўында қатнасты. Таңлаў тийкарында таңлап алынған
кәншилик ҳәм металлургия бағдарының студентлери халықаралық орталықта билим
алыў, сырт елли студентлер менен тәжирийбе алмасыў, заманагөй билим алыў
имканиятына ийе болды.
Бул жарыста Өзбекстан, Беларусь, Қазақстан, Қытай,
Бразилия, Эквадор, Египет, Чили сыяқлы 20 мәмлекеттен 430 студент қатнасты.
Бағдарламаның тийкарғы бағдарларынан бири
"Кән-металлургия комплексинде санлы трансформация" курсы болып, онда
студентлер геомәлимлеме системалары, санлы модельлестириў, автоматластырылған
өндирис, жасалма интеллект технологиялары ҳәм технологиялық процесслерди
симуляциялаў бойынша теориялық ҳәм әмелий билимлер алды. Сондай-ақ, ProCAST ҳәм
DEFORM-3D бағдарламалары менен ислеў көнликпелерин өзлестирди.
Илаж шеңберинде қатнасыўшылар Россияның ең ири санаат
кәрханалары - "РУСАЛ" алюминий заводы, "Красцветмет" ҳәм
"Краснояр ГЭС" жумысы менен танысты. Әмелий сапарлары даўамында санлы
басқарыў, өндиристи автоматластырыў, экологиялық қәўипсизлик ҳәм энергия
нәтийжелилиги бағдарындағы алдынғы шешимлер үйренилди.
Бағдарлама шеңберинде инновациялық жойбарларды ислеп
шығыў ҳәм таныстырыў бойынша халықаралық хакатон да шөлкемлестирилди. Алмалық
мәмлекетлик техника институты студентлери Өзбекстанда қурылып атырған атом
электр станциясының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған идеялары менен
таныстырды. Қуўанышлы тәрепи сонда, институт студент-жаслары финал басқышында
"ЎзЯдро" командасы атынан мүнәсип қатнасып, халықаралық экспертлер
тәрепинен "Ең алдыңғы жойбар" номинациясы бойынша жеңимпаз деп
табылды. Бул жетискенлик студентлердиң инновациялық пикирлеўин, топар болып
ислеў мәдениятын ҳәм халықаралық майданда бәсекилес бола алыў имканиятын айқын
көрсетти.
Билимлендириў процесинен тысқары мәдений илажлар,
саяхатлар, ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген студентлер менен сәўбетлесиў
қатнасыўшылардың дүньяға көзқарасын ҳәм коммуникативлик көнликпелерин және де
байытты.
Халықаралық таңлаўда қатнасыў Алмалық мәмлекетлик
техника институты студентлери ушын заманагөй билим, әмелий тәжирийбе ҳәм
халықаралық бирге ислесиў орталығын ийелеўде әҳмийетли басқыш болды. Бундай
бағдарламалар жәҳән мийнет базары талапларына жуўап беретуғын, бәсекиге
шыдамлы, инновациялық пикирлейтуғын жаңа әўлад инженерлерин таярлаўға хызмет
етеди.