Қытайдың Чэнсян станциясында қәлиплестирилген поезд қурамында жеңил автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклер, халық тутыныў товарлары, сондай-ақ, басқа да жыйналмалы жүклер тасылмақта.

Поезд Қазақстан темир жоллары тәрепинен "Хоргос - Алтынкөл" шегара өткели арқалы қабыл етилип, 7-сентябрь күни "Алтынкөл" станциясынан белгиленген жөнелис бойынша жолға шығарылды. Кейинги басқышта контейнерли блок-поезди Келес шегара өткели арқалы Өзбекстан аймағына өтеди, буннан соң Хожадавлет шегара станциясы арқалы транзит түрде Түркменстанға жибериледи.

Жөнелистиң улыўма узынлығы 6 мың километрден аслам. Блок-поездиң ақырғы мәнзилге жетип барыўы 14-16 күн даўамында күтилмекте.

Бул жойбар Өзбекстан аймағынан өтетуғын "Қытай - Орайлық Азия - Иран" транспорт коридорының әмелий нәтийжелилигин тастыйықлайды ҳәм усы жөнелис бойынша контейнерли блок-поезлардың турақлы ҳәрекетин шөлкемлестириў ушын беккем тийкар жаратады.