Илажда ШБШға ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары ҳәм оның турақлы жумыс алып баратуғын уйымларының басшылары менен бир қатарда бақлаўшы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң жетекшилери, ҳүрметли мийманлар, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм басқа да халықаралық структуралардың жоқары лаўазымлы шахслары қатнасты.

Өзбекстан басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде дүньяда жүз берип атырған өзгерислер шараятында БМШ ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ролине тоқтап өтти.

- Мәмлекетлер ҳәм регионаллық бирлеспелер глобал институтларға олардың универсал миссиясын және де нәтийжели орынлаўда қай тәризде жәрдем бериўи мүмкин екенлигин анықлаў әҳмийетли, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Белгиленген көзқарасқа бола, БМШ өзиниң орайлық, муўапықластырыўшы ролин сақлап қалыўға, регионаллық структуралар болса, жергиликли шараятлар, зәрүрликлер ҳәм имканиятларға сүйенген ҳалда, улыўма принциплер ҳәм қарарларды әмелге асырыўға жәрдем берип, оның ҳәрекетлерин толықтырыўға шақырылған.

Усы мәнисте "ШБШ плюс" форматы мәмлекетлер, регионлар ҳәм шөлкемлерди улыўма күн тәртиби әтирапында бирлестириў, ҳәр қыйлы басламаларды байланыстырыў ҳәм глобал басқарыў архитектурасын қәлиплестириў бойынша сөйлесиў алып барыў имканияты есабынан оғада терең мәниске ийе.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Евроазия мәканында ашық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў тәрепдары.

- Биз ушын байланыслылық - бул стратегиялық ғәрезсизлик ҳәм турақлылық мәселеси. Биз жаңа ажыратыў сызықларын жаратпайтуғын, ал имканиятлар кеңлигин кеңейтетуғын, регионаллық жойбар ҳәм басламалар бир-бири менен бәсекилеспейтуғын, ал нәтийжели бир-бирин толықтыратуғын көп полюслилик тәрепдарымыз, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Ушырасыў күн тәртибинен келип шығып, бир қатар перспективалы усыныслар алға қойылды.

Бәринен бурын, "ШБШ плюс" форматын турақлы өсиў, жоқары технологияларды енгизиў, климатқа бейимлесиў, инсан капиталын раўажландырыў, қолайлы билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша регионлараралық сөйлесиў майданы сыпатында раўажландырыў.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде тәжирийбе алмасыў, көзқарасларды муўапықластырыў ҳәм шешимлерди биргеликте алға қойыў мақсетинде "ШБШ плюс" регионаллық шөлкемлердиң шериклик тармағын жаратыў ушын платформа ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

Биринши гезектеги ўазыйпалар қатарында БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын регионаллық шөлкемлердиң потенциалынан жедел пайдаланыў белгиленген.

Механизм сыпатында тәбияттан пайдаланыў, "жасыл" энергетика, санлы хызметлер ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында аймақлараралық жойбарлар ҳәм технологиялар ашық банкин қәлиплестириў усыныс етилди.

Кең көлемли экономикалық кооперацияны кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

- Бизнес базарларға шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, трансшегаралық коридорларды иске қосыў ҳәм тиккелей инвестициялардың кирип келиўи сыяқлы реал нәтийжелерди барлық орынларда сезиўи керек,-деди Президент.

Усындай анық нәтийжелилик көрсеткишлерине итибар қаратылған ҳалда, "ШБШ Инвест" форумына турақлы жумыс алып баратуғын платформа түрин бериў басламасы алға қойылды.

Ҳәр қыйлы сиясий системалар, мәдений дәстүрлер ҳәм халықаралық процесслерге көзқарасларға ийе болған мәмлекетлердиң өз-ара бирге ислесиў бойынша топланған теңсиз тәжирийбесин раўажландырыў мақсетинде "ШБШ плюс" турақлы мәдениятлар ҳәм цивилизациялар форумын шөлкемлестириў ҳәм бул илажды әййемги илим ҳәм ағартыўшылық орайы болған Хийўа қаласында өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында "ШБШ плюс" форматы заман талап етип атырған платформа екенин атап өтти. Мәмлекетлер ҳәм регионлар арасындағы өз-ара байланыс ноқатлары қанша көп болса, турақлылық ҳәм өз-ара исеним тийкары сонша беккем болады.