Пәрманға муўапық, акция
өткерилетуғын күнлерде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерине
хызмет автотранспортынан пайдаланыў қадаған етиледи. Онда, көрсетилген сәнелер
жумыс күнлерине туўра келсе, айдаўшылардың мийнет ҳақысы сақлап қалынады.
Бул баслама автотранспорт
қуралларынан шығып атырған зыянлы шығындыларды азайтыў, атмосфера ҳаўасының
сапасын жақсылаў, экологиялық турақлы орталықты қәлиплестириў, саламат турмыс
тәризин үгит-нәсиятлаў, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспорттан пайдаланыў
мәдениятын раўажландырыўға қаратылған.
Акцияны шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў ушын
Арнаўлы комиссияның тийисли протоколы қабыл етилди. Оған бола, мәмлекетлик
пуқаралық хызметкерлериниң "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз
ҳәпте" акциялары шеңберинде хызмет автотранспортынан пайдаланыўы хызмет этикасы
ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузыўға теңлестириледи.
Белгиленген талапларға әмел етпеў тийисли мәмлекетлик
уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары тәрепинен интизамий жуўапкершиликке себеп
болыўы мүмкин.
Мағлыўмат ушын: Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025-жыл 25-ноябрьдеги "Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў
бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында"ғы ПП-229-санлы Пәрманына
муўапық, Арнаўлы комиссияға транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеў ўәкиллиги
берилген. Комиссияның қарарлары ҳәм көрсетпелери барлық мәмлекетлик уйымлар,
шөлкемлер, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын мәжбүрий болып
есапланады.
Акция шеңберинде министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли
ҳәкимият уйымлары, билимлендириў мәкемелери ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўына
айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, халықтың экологиялық мәдениятын
арттырыўға қаратылған ағартыўшылық илажлар, ғалабалық сейиллер ҳәм жәмийетлик
акциялар өткериледи.
Пуқаралар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери
басламаны қоллап-қуўатлаўға ҳәм белсенди қатнасыўға, мәмлекетте экологиялық
жағдайды жақсылаўға ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға үлес қосыўға
шақырылмақта.