Мәмлекетимиз жетекшиси он жыл алдын "Ўзбекфильм" киностудиясы қандай аўҳалда болғанын еске алды. Реформалардың дәслепки күнлеринен студияны тиклеў ҳәм дөретиўшилер ушын мүнәсип шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.
Бул қәдирли орын толық реконструкцияланды. Кейинги он жылда тараўды қоллап-қуўатлаўға қаратылған еки пәрман ҳәм сегиз қарар қабыл етилди.
2016-жылы фильмлер алыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 10 миллиард сум ажыратылған болса, усы жылдың өзинде 218 миллиард сум берилди.
Мәмлекетимиз басшысы нәтийжеде миллий фильмлеримиздиң салмағы ҳәм сапасы артқанын, тараўға онлаған жеке меншик киностудиялар кирип келгенин атап өтти.