Жедел глобалласыў дәўиринде ана тилимиздиң абырайын арттырыў, оның бай руўхый ғәзийнесин халықаралық көлемде көрсетиў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланғаны ҳақыйқат. Руўхый реформалар шеңберинде өзбек тилин тек ғана мәмлекетимизде емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигинде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы жерде Президентимиздиң 2024-жыл 12-январьдағы "Сырт мәмлекетлерде Өзбекстан тарийхы ҳәм мәденияты, өзбек тили ҳәм әдебиятын үйрениўди кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы туристлер ағымын көбейтиў және мәмлекетимиздиң абырайын буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары миллий қәдириятларымыз, тарийхымыз, әдебиятымыз ҳәм тилимизди заманагөй технологиялар арқалы халықаралық аудиторияға системалы және тартымлы жеткериў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында күтип алынған еди. Бүгинги күнде бул ҳүжжет шет еллилерге өзбек тили ҳәм мәдений мийрасын үйретиўдиң жаңа, илимий-методикалық жақтан жетик системасын турмысқа енгизиў имканиятын бермекте. Бундай системалы ҳәрекетлер ана тилимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жаңа басқышқа алып шығыўы сөзсиз.

Жақын-жақынға шекем өзбек тилин шет тили сыпатында оқытыўдың бирден-бир миллий стандартының жоқ екенлиги үлкен машқалалардан бири еди. Көпшилик алымлар ҳәм методистлер өз алдына сабақлық ҳәм қолланбалар жаратқан болса да, олардың айырымлары қурғақ грамматикалық қағыйдаларға сүйенип, заманагөй технологиялар имканиятларынан узағырақ еди. Мультимедиа ҳәм санлы ресурслар шекленгени себепли шет еллилерге өзбек тилин еркин ҳәм қызықлы түрде өзлестириў бираз қыйын болған. Ең жаманы, Улыўма Европа тиллерди ийелеў компетенциялары (CEFR) талапларына сәйкес, әпиўайыдан қурамалыға бағдарланған ҳәм миллий қәдириятларымызды тил менен үнлес үйрететуғын тутас сабақлықлар топламы жоқ еди. Бул бослықты толтырыў ҳәм тилимиз пүткил дүнья бойлап жаңлаўы ушын тийкар жаратыў бүгин миллий өзликти сақлаў ҳәм оны халықаралық майданда кеңнен ен жайдырыўда турмыслық зәрүрликлерден бирине айланды.

Усы талапты терең аңлаған ҳалда университетимиз жанындағы "Өзбек мектеби" системалы жумыслар ислемекте. Соның ишинде, шет еллилерге өзбек тилин оқытыўдың бир пүтин методикалық системасы ислеп шығылды. Избе-из излениўлер нәтийжесинде халықаралық стандартларға жуўап беретуғын А1, А2 ҳәм Б1 дәрежелери ушын оқыў бағдарламалары ҳәм жаңа әўлад сабақлықлар топламлары жаратылды. "Сырт еллилер ушын өзбек тили" деп аталған бул сабақлықлар тек ғана оқыў қуралы емес, өзбек халқының мәдений коды, мәнаўияты ҳәм миймандослығын халықаралық жәмийетшиликке ашып беретуғын ағартыўшылық елшисине айланды. Қолланбалар тыңлап түсиниў, оқыў, сөйлеў ҳәм жазыўдан ибарат төрт тийкарғы тил көнликпесин системалы раўажландырыўға қаратылған әмелий қатнасы менен ажыралып турады.

Жаңа әўлад сабақлықларының дәстүрий қолланбалардан түпкиликли айырмашылығы сонда, оларда биринши мәрте коммуникативлик қатнас принциплери толық сәўлеленген. Китап бетлериндеги QR кодлар арқалы усынылатуғын аудио ҳәм видеоматериаллар үйрениўши өзбек сөйлеўин тәбийғый орталықтағыдай қабыл етиўине жәрдем береди. Реал турмыслық жағдайлар ҳәм жанлы сөйлесиўлерге қурылған тапсырмалар шет еллилерди тил тосығынан тез қутқарады.

Сабақлықларда тил ҳәм мәденият түсиниклери өз-ара тығыз байланыслы ҳалда берилген. Халқымыздың бай тарийхы, дәстүрлери, үрп-әдетлери ҳәм руўхый қәдириятларын сәўлелендириўши лингвокультурологиялық материаллар сабақлар мазмунына сиңдирилген. Миллий реалиялар, сөз дизбеклери ҳәм күнделикли түсиниклер шет еллилерге түсиникли тилде, тәбийғый түсиниклер менен берилгени оқыў процесин және де қызықлы етеди.

Жаңа методикалық система теориялық көзқараслар менен шекленип қалмастан, әмелий сынақлардан да табыслы өтип атыр. Сабақлықлар "Өзбек мектеби" ҳәм сырт елдеги Өзбек тили ҳәм мәденияты орайларында бир неше басқышлы сынақтан өткерилди. Халықаралық аудитория, атап айтқанда, жетекши тил билимпазларының усыныслары тийкарында китаплардың мазмуны және де жетилистирилди. Бүгинги күнге шекем бул қолланбалар жәрдеминде дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен келген 700 ден аслам сырт елли өзбек тилин өзлестириўге еристи. Үйрениўшилер қатарында дипломатлар, халықаралық шөлкемлердиң хызметкерлери, сырт елли профессор-оқытыўшылар, исбилерменлер ҳәм журналистлер бар екенлиги ана тилимиздиң абырайы артып атырғанын көрсетеди. Итибарлы тәрепи, бул сабақлықлар Уллы Британияның Оксфорд университетиндеги "Өзбектаныў" бағдарламасына тийкарғы оқыў материалы сыпатында киргизилген. Сондай-ақ, Италияның абырайлы Ка-Фоскари университетиниң Азия ҳәм Арқа Африка изертлеўлери бөлими студентлерине усы сабақлықлар арқалы өзбек тили үйренилмекте. Елимизде жумыс алып барып атырған сырт ел елшилери ҳәм дипломатларға усынылған бул китаплар бүгин мәдениятымыздың өзине тән мирәт қағазына айланып бармақта.

Санластырыў әсиринде оқыў системасының заманагөй технологиялар менен тәмийинлениўи табыстың тийкарғы кепили. Бул оқыў-методикалық системаның алдынғы санлы бөлеги сыпатында “Uzacademy” платформасы иске қосылды. Мәмлекетимиз басшысының қарары тийкарында жаратылған платформа әпиўайы тил үйретиў сайты болып ғана қалмастан, халқымыздың дүньяқарасы ҳәм тарийхын сәўлелендиретуғын бирден-бир электрон экосистема болып есапланады. Онда елимиздиң тарийхы, әдебияты, көркем өнери ҳәм бай дәстүрлерине байланыслы илимий-ғалабалық мақалалар, подкастлар, онлайн шеберлик сабақлары ҳәм медиа материаллар жәмленген. Системадағы А1-Б1 дәрежелери бойынша онлайн курслар интерактив сабақлар, видеороликлер ҳәм электрон сабақлықлар арқалы қолайлы аралықтан билим алыў имканиятын береди. Ҳәр бир дәреже ушын таярланған 12 сабақ арқалы пайдаланыўшылар тийкарғы тил көнликпелерин заманагөй методлар жәрдеминде өзлестириў имканиятына ийе болды.

Жаратылған санлы имканиятлар қысқа ўақыт ишинде әмелий нәтийжесин көрсетти. “Uzacademy” арқалы Түркия, Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм Тәжикстандағы орайлардың 35 ағзасы, Шанхай шет тиллер университетиниң 6 студенти ҳәм Оксфордтағы бағдарламаның 12 тыңлаўшысы өзбек тилин басланғыш ҳәм орта дәрежелерде табыслы үйренди.

Келешектеги режелер өзбек тилин оқытыў системасын буннан былай да жетилистириўди нәзерде тутады. Атап айтқанда, шет еллилерге тилди толық үйретиў мақсетинде B2 ҳәм C1 дәрежелери ушын оқыў бағдарламалары, жаңа сабақлықлар, шынығыў дәптерлери ҳәм методикалық қолланбалар жаратыў тийкарғы ўазыйпалардан. “Uzacademy” платформасында да жоқары басқышлар ушын толық онлайн курслар жолға қойылады. Әҳмийетлиси сонда, сырт еллилер ушын жаратылған бул нәтийжели тәжирийбе енди мәмлекетимиз ишиндеги аудитория талапларына да бейимлестирилмекте. Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы менен биргеликте елимиздеги түрли миллет ўәкиллерине мәмлекетлик тилди үйретиў бойынша дәрежели методикалық комплекслер ҳәм санлы ресурслар ислеп шығыў режелестирилген.

Улыўма алғанда, өзбек тили ҳәм мәдениятын дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў бойынша жаратылған бул система тек ғана билимлендириў жойбары емес. Бул ҳәрекетлердиң тийкарында ана тилимиз, бай тарийхымыз ҳәм миллий өзлигимиздиң қәдир-қымбатын халықаралық майданда жоқарылатыўдай мақсет жатыр. Өзбек тилиниң абырайын сақлаў ҳәм оны дүньяға кеңнен ен жайдырыў жолындағы бундай әмелий қәдемлер келешекте халықлар арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеўши тийкарғы күшке айланады.

Нозлия НОРМУРОДОВА

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм

әдебияты университети проректоры, профессор