Министрликтиң мәлим етиўинше, сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына қабыллаў июнь-сентябрь айлары аралығында болып өтеди. Қабыллаў кампаниясы жуўмақланғаннан соң, белгили бир сырт ел ямаса мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнына төлемли-контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген абитуриентлер грант орынлары ажыратылған тәлим бағдарлары бойынша мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыўы мүмкин болады.

Таңлаўды өткериў тәртиби:

төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлер грант орынлары ушын таңлаўда қатнасыў ушын белгиленген тәртипте дизимнен өтиўи керек (Президенттиң ПҚ-4319-санлы қарарында нәзерде тутылған муғдарда төлем алынады);

дизимнен өткен абитуриентлер ушын өз алдына тест сынақлары шөлкемлестириледи;

тест сынақлары нәтийжелери бойынша топланған баллар саны бойынша рейтинг қәлиплестирилип, тийисли жоқары оқыў орынларына жибериледи.

Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында қатнасқан, бирақ оқыўға усыныс етилмеген абитуриентлер де таңлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болады. Олар жыйналған балларды есапқа алған ҳалда тийисли бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша мәмлекетлик грантқа талабан бола алады.

Қабыллаў процеси толық жуўмақланғаннан кейин дизимнен өтиў ҳәм тест сынақларын өткериўдиң анық мүддетлери қосымша түрде жәрияланады.