Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 26-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасында юридикалық билимлендириў ҳәм илимди буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы юридикалық билимлендириў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли қәдем болды. Бул арқалы ҳуқықый билимлендириў, илим ҳәм әмелият арасындағы үзликсиз байланысты тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, пәрманның орынланыўы шеңберинде биринши мәрте юридикалық билимлендириўде демократиялық басқарыў принциплери енгизилип, университеттиң басшы уйымларын сайлаў әмелияты жолға қойылды. Юридикалық университетлерде декан ҳәм басқа да басшылар сайланатуғын, профессор-оқытыўшылар қарар қабыл етиў процесинде кеңес арқалы тиккелей қатнасатуғын система орнатылды.

Енди әҳмийетли қарарлар бир адамның ямаса айырым шахслардың ерк-ықрары менен емес, ал жәмәәтлик додалаў тийкарында қабыл етилмекте. Пүткил академиялық жәмәәт улыўма мақсет жолында биргеликте қарар шығаратуғын системаға айланған, профессор-оқытыўшылар университет турмысына байланыслы мәселелерде өз сөзин айтыў, идея ҳәм усынысларын алға қойыў имканиятына ийе болмақта. Басқаша айтқанда, бул университет бирден-бир шаңарағы мәсләҳәтлесип қарар қабыл етиўге өтти, дегени.

Юридикалық билимлендириўде демократиялық басқарыў принциплерин турмысқа енгизиў ушын университетте әҳмийетли институционаллық жаңалық - Университет профессорлар кеңеси институты енгизилгени де әҳмийетли жаңалық. Бул кеңес кеминде 9 тәжирийбели профессор-оқытыўшыдан ибарат қурамда қәлиплестириледи. Кеңес ағзалары 5 жыл мүддетке сайланады ҳәм бир шахс избе-из еки мүддеттен артық сайланыўы мүмкин емес. Бул тәртип кеңес жумысында избе-излик пенен бир қатарда жаңаланыў ҳәм ашық-айдынлық принциплерин тәмийинлейди.

Профессорлар кеңеси университет турмысында шешиўши әҳмийетке ийе болған бир қатар стратегиялық ўәкилликлерге ийе. Атап айтқанда, университеттиң узақ ҳәм орта мүддетли раўажланыў стратегияларын тастыйықлаў, халықаралық рейтинглерде мүнәсип орын ийелеўге қаратылған мақсетли илажларды белгилеў, ҳуқық тараўындағы әҳмийетли илимий изертлеўлер ушын тийкарғы бағдарларды анықлаў мине усы кеңеске жүкленди. Сондай-ақ, академиялық ҳадаллық ҳәм илимий этика стандартларын белгилеў, турақлы ҳәм ўақтынша комитетлер шөлкемлестириў арқалы қыйын мәселелерди терең додалаў имканияты жаратылды.

Бул ўәкилликлер, бәринен бурын, университет басқарыўында интеллектуаллық потенциалға сүйениў принципине садықлығын және бир мәрте тастыйықламақта. Себеби кеңес көп жыллық илимий ҳәм педагогикалық тәжирийбеге ийе, тараўды терең билетуғын қәнигелерден қәлиплестириледи. Әпиўайы етип айтқанда, профессорлар кеңеси университеттиң өзине тән "парламент"и. Ол жоқары оқыў орнының раўажланыўын жәмәәтлик ақыл, еркин пикир ҳәм алдынғы тәжирийбеге сүйенетуғын басқарыў моделине алып шығады. Бундай қатнас тек ғана профессор-оқытыўшылардың белсендилигин арттырып қоймастан, ал билимлендириўдиң сапасына, илимий нәтийжелерге ҳәм студентлердиң таярлығына да тиккелей унамлы тәсир көрсетеди.

Быйыл миллий билимлендириў системасында биринши мәрте бундай көлемде шөлкемлестирилген сайлаў процесслери ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында өткерилди. Бул жағдай сайлаўлардың тек ғана нәтийжеси емес, ал оны өткериў мәденияты да әҳмийетли екенин көрсетти. Сайлаў процесслериниң ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы турақлы сәўлелендирилип барылғаны жәмийетшиликтиң исенимин беккемледи. Барлық басқышлар ҳаққында ашық мәлимлеме берилиўи, додалаўлар ҳәм қарарлардың ашық-айдын түрде қабыл етилиўи университет турмысында ашық басқарыў орталығын қәлиплестириўге хызмет етти. Сайлаў комиссиясы басшысының жәмәәтлик қарар арқалы сайланғаны болса академиялық жәмәәтте өз-ара исеним, жуўапкершилик ҳәм аўызбиршиликти күшейтти.

Ашығын айтқанда, бул сайлаўлар университет жәмәәти ушын өзине тән тәжирийбе мектеби ўазыйпасын атқарады. Талабанлар сайлаўшылардың исенимине ерисиў ушын заманагөй үгит-нәсиятлаў ҳәм коммуникация қуралларынан кеңнен пайдаланды. Әсиресе, санлы мәкандағы мәлимлеме платформаларынан нәтийжели пайдаланылғаны, ашық сайлаў дебатларының шөлкемлестирилгени, талабанлардың сайлаўалды бағдарламалары сайлаўшылар ушын қолайлы ҳәм ашық майданларда усынылғаны сайлаў процесслериниң мазмун-мәнисин байытты.

Сайлаўлар ўәкиллик демократиясы қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда өткерилди. Академиялық секторлар ҳәм изертлеў орайларының ўәкиллери жасырын даўыс бериў арқалы профессорлар кеңесиниң қурамын қәлиплестирди.

Қуўанышлы тәрепи сонда, талабанлардың 45 процентин ҳаял-қызлар қурады. Сондай-ақ, олардың 18 проценти 30 жасқа толмаған жас илимпазлар, және 18 проценти болса 40 жасқа шекемги илимий кадрлардан ибарат болды.  Әсиресе, талабанлардың 27 проценти дүньяның абырайлы ТОП-300 рейтинглерине киретуғын сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде докторлық диссертацияларын қорғаған илим докторлары екени айрықша итибарға ылайық. Улыўма алғанда, сайлаў нәтийжелери юридикалық билимлендириўде демократиялық басқарыўдың мазмуны тереңлесип атырғанын ҳәм университеттиң стратегиялық қарарларында академиялық жәмийетшиликтиң даўысы шешиўши әҳмийетке ийе болып атырғанын айқын көрсетти.

Юридикалық билимлендириў системасында басқарыўдың академиялық-коллегиал моделин күшейтиўге қаратылған және бир әҳмийетли жаңалық - Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң факультет деканлары ҳәм олардың орынбасарлары (академиялық департамент баслықлары ҳәм изертлеў орайларының басшыларын) сайлаў әмелияты енгизилди. Бул, әлбетте, ЖООларды басқарыўда демократиялық принциплерди институционаллық дәрежеде беккемлеў жолындағы және бир әҳмийетли басқыш болып есапланады.

Усы жерде факультет деканлары ҳәм олардың орынбасарларын сайлаў бойынша дәслепки сайлаўлар ашық-айдынлық, альтернативлик ҳәм тең сайлаў ҳуқықы принциплери тийкарында өткенин атап өтиў керек. Талабанлар өз бағдарламалары менен шығып сөйледи, даўыс бериў жасырын түрде өткерилди ҳәм бақлаўшылардың қатнасыўы тәмийинленди. Сондай-ақ, сайлаў процесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бақлаўшы сыпатында қатнасты. Бул болса сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге хызмет етти.

Сайлаўшылардың қурамы да демократиялық қатнас принципине сәйкес түрде кеңейтилген, деп айтыў мүмкин. Себеби даўыс бериўде университетте жумыс алып барып атырған профессор-оқытыўшылар ҳәм изертлеў орайларының толық қурамы, таяныш докторантлардың ўәкиллери, сондай-ақ, студентлер ассоциациясы тәрепинен көрсетилген студентлердиң ўәкиллери қатнасты.

Әлбетте, ҳәр қандай жаңалықты әмелиятқа енгизиўдиң дәслепки басқышында "Буны ислей аламыз ба?" деген қәўип ҳәм жуўапкершилик сезими болады. Әсиресе, жоқары билимлендириў мәкемелеринде бундай демократиялық басқарыў механизмлерин енгизиўдей үлкен ҳәм әҳмийетли ўазыйпаның биринши мәрте Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине исенип тапсырылғаны бизге жоқары жуўапкершилик жүклегени рас.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети өзиниң бай илимий потенциалы, тәжирийбели профессор-оқытыўшылары, ҳуқықый пикирлеў ҳәм академиялық мәденияты менен бул бағдарда көп жыллық тәжирийбеге ийе. Әне усы потенциал, жәмәәтлик жуўапкершилик ҳәм жаңалыққа ашықлық себепли университет бул қыйын ўазыйпаны үлкен жуўапкершилик, жоқары шеберлик ҳәм пуқта қатнас тийкарында әмелге асырды. Бүгин болса бул процесс юридикалық билимлендириўде демократиялық басқарыўдың әмелде ислейтуғын модели сыпатында өзиниң дәслепки нәтийжелерин көрсетпекте.

Ихтиёр БЕКОВ,

юридика илимлериниң докторы, профессор