«Report»тың сырт ел ғалаба хабар қуралларына сүйенип хабар бериўинше, бул ҳаққында Конго ДР рәсмийлери хабар бермекте.

Атап өтилиўинше, май айының орталарында "Бундибугио" вирусының сийрек ушырасатуғын штаммы пайда болғаннан берли қайтыс болғанлар саны 3 мың 398 адамға шекем көбейди. Ҳәзирги ўақытта 837 адам карантинге алынған ямаса емленип атыр.

Бул Конго ДРдағы 17-ебола епидемиясы болып, оның орайы арқа-шығыстағы Итури провинциясында жайласқан. Вирус әллеқашан ДРКның 7 провинциясына тарқалған. AFP агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, жаңа оқыў жылының басланыўы менен эбола мектеп оқыўшылары арасында тез тарқала баслаған, бул болса медицина мәкемелериниң жүклемесин арттырған.