"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, алдағы ўақытта жумыс ҳәптесиниң
ақырына шекем ыссы күнлер әсте-ақырын күшейип барады. Ҳаўаның температурасы
күндизги ўақытлары 41-43 дәрежеге шекем, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 44-46
дәрежеге шекем көтериледи. Түнде 23-28 дәреже, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында
28-33 дәреже ыссы болады.
Самалдың тезлиги
7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде
шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
13-14-июль
күнлери айырым таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы
мүмкин.
13-июль күни
Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы
аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.
Ташкентте: аз
бултлы ҳаўа райының болыўы. Ҳаўаның температурасы бүгин ҳәм ертең күндизги
ўақытлары 38-40о суўық, 15-17-июль күнлери 40-43о суўық, түнде 25-28о жыллы
болыўы күтиледи.