Тийкарғы талап анық, илимий нәтийже тек ғана есабат, мақала ямаса диссертация шеңберинде қалып кетпей, экономикаға, тармақларға ҳәм адамлардың турмысына реал пайда бериўи керек. Себеби илим нәтийжелерин коммерцияластырыў бир қарар, бир таңлаў ямаса бир шөлкем менен шешилетуғын жумыс емес.
Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, илимсиз, инновациясыз алдымызға қойған мақсетлерге ҳеш қашан ерисе алмаймыз. Есабат ушын емес, нәтийже ушын ислеў керек.
Мине усы гәп илимди коммерцияластырыўдың ең қысқа ҳәм ең анық мазмуны болып табылады.
Мәмлекетимизде бул бағдарда механизмлер бар. Илимий жойбарлар қаржыландырылады, стартаплар қоллап-қуўатланады, тәжирийбе-сынақ ҳәм коммерцияластырыўға таярлаў бойынша таңлаўлар өткерилмекте. 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясында да экономиканың барлық тармақларында инновациялар ҳәм технологияларды кеңнен енгизиў мақсети белгиленген. Соның менен бирге, ҳүжжеттиң өзинде реал секторда илимий ҳәм инновациялық қолланбаларды коммерцияластырыў дәрежеси, илим, билимлендириў ҳәм санаат арасындағы бирге ислесиў еле төмен екени ашық көрсетилген. Демек, мәселе бағдарды турмыста толық ислейтуғын системаға айландырыўда. Себеби коммерцияластырыўды тек ғана бир ўәкилликли уйым ямаса оның системасындағы бир шөлкемниң мойнына таслап қойыў менен нәтийжеге ерисиў қыйын. Ол шөлкем жол ашыўы, таңлаў жәриялаўы, платформа жаратыўы, муўапықластырыўы мүмкин. Бирақ қолланба турмысқа шығыўы ушын тармақ министрлиги машқаланы анық айтыўы, кәрхана сынаў майданын бериўи, университет илимпазды таярлаўы, исбилермен базарды табыўы, инвестор тәўекел етиўи керек. Бул қатнас бийкарға емес. Мәмлекетимиз басшысының түрли тараў ҳәм тармақларды раўажландырыўға қаратылған қарарларында да илимий көлемли ҳәм инновациялық өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, ҳәр жылы "жол карталары" тийкарында жойбарларды әмелге асырыў, онда тармақ шөлкемлериниң өз қаржылары ҳәм имканиятларынан пайдаланыў ўазыйпалары белгилеп берилмекте. Яғный инновация тек илимий шөлкемниң жумысы емес. Ҳәр бир тармақ өз машқаласын илим менен шешиўге жуўапкер болыўы керек.
Халықаралық тәжирийбеде де сондай. АҚШта улиўма сиясат “Bayh-Dole” системасы арқалы белгиленеди: мәмлекет қаржысы есабынан жаратылган ойлап табылыўлар университет ҳәм шөлкемлер тәрепинен басқарылады, патентленеди, әмелиятқа енгизиледи. Әмелий жумыс болса университетлердиң “Technology Transfer Office” ямаса “Technology Licensing Office”лери арқалы жүргизиледи.
Мәселен, Массачусетс технология институтында “Technology Transfer Office” оқыў орны атынан патентленген исленбелерди компанияларга лицензиялайди, компаниянын бизнес модели, базары, ресурсы ҳәм өнимди коммерцияластырыў имканиятын баҳалайды. Стэнфорд университетинде болса “Office of Technology Licensing” технологияларды баҳалайды, базарға бейимлестиреди, компаниялар менен ислеседи. Лицензия табыслы болса, роялтынан илимпазлар, кафедра ҳәм университет те мәпдар болады.
Уллы Британияда болса бул шынжыр миллий инновациялық экосистема сыпатында ислейди. “Innovate UK Catapult Network” бизнес, академиялық орталық, ҳүкимет, регуляторлар, инвесторлар ҳәм пайдаланыўшыларды бир жерге байланыстырып, технологияларды лабораториядан базарға шекем алып шығыўға жәрдем береди. Олар реал шараятта сынаў майданлары, R&D — Research and Development (илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумыслары) инфраструктурасы, базар анализи, қаржыландырыўға шығыў ҳәм коммерцияластырыў бойынша жәрдем береди.
Демек, халықаралық тәжирийбеден жуўмақ сол, миллий дәрежеде сиясат, қағыйда ҳәм қаржыландырыў муўапықластырылады. Университет ҳәм илимий шөлкемлерде технологиялар трансфери офислери ислейди, тармақ орайлары, кәрханалар, исбилерменлер ҳәм инвесторлар болса қолланбаны базарға алып шығады. Бизде де коммерцияластырыў шынжыры усылай ислеўи керек. Дәслеп ҳәр бир тармақ өзиниң аўыр машқаласын анық жазады. Мәселен, суўды үнемлеў, зүрәәтти арттырыў, энергия жумсалыўын азайтыў, кеселликти ерте анықлаў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ямаса билимлендириўдиң сапасын арттырыў. Кейин усы проблема илимий буйыртпаға айландырылады. Илимпаз теманы тек "өзиме қызық" деп емес, шешими күтилип атырған машқалаға байланыстырып таңлайды.
Үшинши басқышта илимпаз жалғыз қалдырылмайды. Оның жанына кәрхана, тармақ қәнигеси ҳәм базарды түсинетуғын мәсләҳәтши бириктириледи. Себеби илимий идея басынан әмелият пенен байланыспаса, кейин оны базарға алып шығыў қыйынласады.
Төртинши басқышта қолланба лабораторияда қалып кетпейди. Оны далада, цехта, клиникада, мектепте ямаса кәрханада сынап көриў ушын айрықша қаржы ҳәм шараят жаратылады.
Бесинши басқышта технологиялар трансфери командасы иске қосылады. Ол патент, лицензия, базар анализи, бизнес модель, инвестор менен сөйлесиў ҳәм ҳуқықый қорғаў мәселесинде илимпазға жәрдем береди.
Алтыншы басқышта исленбе еле сынақтан өтип атырған ўақытта-ақ оның базар ийеси анықланады. Технологиялар трансфери офиси яки коммерцияластырыўға жуўапкер жәмәәт исбилермен ҳәм инвестор менен байланысып, бул өним кимге керек, қалай сатылады, қанша турады ҳәм оны кеңейтиў мүмкин бе - усы сораўларға жуўап табады. Сонда исленбе таяр болғаннан кейин қарыйдар излеп жүрилмейди, керисинше, базар талабы басынан есапқа алынады.
Жетинши басқышта мәп анық бөлистириледи. Қолланба дәрамат келтирсе, илимпаз да, илимий шөлкем де, исбилермен де мәпдар болыўы керек. Мәп болмаса, ҳәрекет төменлейди.
Сегизинши басқышта нәтийже реал көрсеткишлер тийкарында өлшенеди. Елек суўдан көтерилгенде ортаға тасланатуғын сораў "Неше мақала жазылды" емес, "Жазылма қай жерде иследи, қанша қәрежетти үнемледи, кимге пайда берди, қанша дәрамат келтирди" сыяқлы формада берилиўи керек.
Усы жерде Президентимиздиң және бир әҳмийетли талабы еске түседи. 2026-жыл 3-апрель күни мәмлекетимиз басшысы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысыў процесинде илимий кластерлер жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери, илимий мәкемелер ҳәм санаат кәрханалары менен биргеликтеги консорциум сыпатында жумыс ислеўи белгиленди. Сондай-ақ, илимий қолланбаларды коммерцияластырыўды кеңейтиўге қаратылған жаңа система усыныс етилди.
Бул нени анлатады? Коммерцияластырыў енди "илимпаз жаратады, кейин биреў сатады" деген ески қатнас пенен емес. Консорциум, кластер, тармақ ҳәм базар бирге ислейтуғын система арқалы раўажланыўы керек.
Илимди коммерцияластырыў не ушын әҳмийетли? Себеби илим текшеде жатса - қәрежет. Әмелиятқа кирсе - дәрамат. Кәрханада ислесе - технология. Адамларға пайда берсе - раўажланыў.
Илимниң қәдири тек ғана мақала, патент ямаса диссертация менен емес, турмыста қайсы машқаланы шешкени менен де өлшениўи керек. Соның ушын коммерцияластырыў илимпазды базарға айдаў емес. Бул жоқарыда келтирип өткенимиз - есабат ушын емес, нәтийже ушын ислеў принципин илим тараўында әмелде қолланыў болып табылады.
Асрор НОРОВ,
Инновациялық раўажланыў агентлиги директоры
ўазыйпасын атқарыўшы