Стэнфорд университети ҳәм “Arc Institute” илимий шөлкеминиң изертлеўшилери жасалма интеллект моделин тәбийғый вирусларға тән болған ДНК дүзилисиндеги нызамлылықларды анықлаў ҳәм кейин ала бул мағлыўматлардан жаңа вирус геномларын жойбарлаў ушын пайдаланыўға үйретти.

Кейин ала ЖИ жәрдеминде ислеп шығылған генетикалық конструкциялар лаборатория шараятында әмелге асырылды. Алынған вируслар бактерияларды жуқтырыў қәбилетине ийе болып, олардың өмир сүриў қәбилетлилигин тастыйықлады.

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, бундай технологиялар инфекцияларға қарсы гүресиўдиң жаңа усылларын ислеп шығыўға, атап айтқанда, антибиотиклерге шыдамлы болған бактерияларға қарсы шешим табыўға жәрдем бериўи мүмкин.

Соның менен бирге, бурын болмаған биологиялық системаларды жойбарластырыў имканиятының пайда болыўы биоқәўипсизлик мәселелери бойынша қәнигелерди қәўетерге салмақта. Қәнигелер келешекте бундай технологиялар теориялық жақтан және де қәўипли патогенлерди жаратыўда да қолланылыўы мүмкин екенлигин ескертпекте.

Генетика, Сибир федерал университети ҳәм Гёттинген университети профессоры, Россия Илимлер академиясы Улыўма генетика институтының жетекши илимий хызметкери Константин Крутовскийдиң атап өтиўинше, жасалма интеллект үлкен көлемдеги генетикалық мағлыўматларды таллаў, мутацияларды анықлаў, белоклардың структурасын модельлестириў, молекулаларды жойбарлаў ҳәм илимий тәжирийбелерди режелестириўди сезилерли дәрежеде тезлестириўге уқыплы.

Соның менен бирге, эксперт компьютерде жойбарластырыў ҳәм ҳақыйқый қәўипли патоген жаратыў арасында үлкен аралық бар екенлигин атап өтеди. Буннан тысқары, жүзеге келиўи мүмкин болған жаңа қәўип-қәтерлерден қорғаныўдың нәтийжели усылларын ислеп шығыў узақ излениў ҳәм сынақтан өтиўди талап етеди.

Солай етип, жаңа жетискенлик биологиялық изертлеўлерде ЖИ имканиятларын көрсетеди, бирақ бир ўақыттың өзинде биоқәўипсизликтиң заманагөй механизмлерин раўажландырыў ҳәм бундай технологияларды қолланыўды қадағалаў зәрүрлигин көрсетеди.