Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың апрель айында Астана қаласында болып өткен Регионаллық экология саммитинде шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерди глобал климат өзгериўи процесслеринен ажыратып қараў мүмкин емес. Мәмлекетимиз басшысының атап өтиўинше, глобал ысыў пәтлери артып бармақта, Орайлық Азия мәмлекетлеринде болса температураның көтерилиўи дүньядағы орташа көрсеткишлерден дерлик еки есеге тез.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, регионда музлықлардың дерлик үштен бир бөлеги жоғалғанын, жаўын-шашын режиминде сезилерли өзгерислер бақланып атырғанын, суў ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип атырғанын, деградацияға ушыраған жерлер майданы 80 миллион гектарға жеткенин атап өтти. Соның менен бирге, Орайлық Азия мәмлекетлери қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин регионаллық бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарлары қатарына алып шыға алғаны атап өтилди.

Өзбекстан тәбийғый потенциалды сақлаў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған экологиялық сиясатты избе-из әмелге асырмақта. Республикамыз халықаралық конвенция ҳәм келисимлердиң белсенди қатнасыўшысы сыпатында Орайлық Азияның экологиялық қәўип-қәтерлерине дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартыў ҳәм оларды сапластырыўдың биргеликтеги механизмлерин ислеп шығыўға қаратылған басламаларды алға қоймақта.

Бул жумысларда регион ишиндеги бирге ислесиў айрықша орын ийелейди. Мәмлекетлер тәрепинен әмелге асырылып атырған басламалар шөл ҳәм ярым шөл аймақларының экосистемаларын сақлап қалыў, олардың климат өзгерислерине шыдамлылығын арттырыў ҳәм тәбийғый орталықтың және де деградациясының алдын алыўға қаратылған. Биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў, сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып баратырған ҳайўан ҳәм өсимлик түрлерин қорғаў, ҳаўа, суў ҳәм топырақ патасланыўының унамсыз тәсирин азайтыў мәселелери де әҳмийетли болып қалмақта. Бул ўазыйпаларды шешиўге комплексли қатнас жасаў заманагөй тәбиятты қорғаў технологияларын енгизиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, айрықша қорғалатуғын аймақлар тармағын кеңейтиўди нәзерде тутады.

Биргеликтеги экобасламалар, илимий қолланбалар алмасыўы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сиясатын муўапықластырыў Орайлық Азия мәмлекетлерине улыўма қәўип-қәтерлерге нәтийжели жуўап бериў имканиятын бермекте. Бул қатнас тәбиятты қәстерлеп сақлаў халықтың турмыс сапасы, тәбийғый мийрасты сақлаў ҳәм келешек әўладлардың абаданлығы менен тиккелей байланыслы болған аймақты турақлы раўажландырыўдың тийкарына айланбақта. Экологиялық күн тәртиби Өзбекстан ҳәм Қазақстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Бундай бирге ислесиўдиң айқын мысалы сыпатында әмелге асырылыўы дәслепки нәтийжелерин берип атырған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын атап өтиў мүмкин.

Бул баслама усы жылдың апрель айында Бухара қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сөйлесиўлери ўақтында ерисилген келисимлердиң әмелий даўамы болғаны менен айрықша әҳмийетке ийе. Сол ўақытта еки мәмлекет жетекшилери шегара алды аймақларда биргеликтеги экожойбарларды, соның ишинде, "Таза ҳаўа" жойбарын раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Бүгинги күнде келисимлер әсте-ақырын анық қәдемлерге айланбақта.

Атмосфера ҳаўасы мәмлекет шегараларын билмейди. Демек, оның сапасы тек ғана ҳәр бир мәмлекеттиң ишки тәбиятты қорғаў илажларына емес, ал регионаллық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигине де байланыслы. Соның ушын да Өзбекстан ҳәм Қазақстан қәнигелери биргеликтеги жумысларда атмосфера ҳаўасын мониторинг етиў мәселелерине айрықша итибар қаратпақта.

Ташкентте болып өткен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Гидрометеорология хызмети агентлиги, Гидрометеорология илимий-изертлеў институты ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы Экология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлигиниң Экологиялық тәртипке салыў ҳәм қадағалаў комитети, Миллий гидрометеорология хызмети илимий-изертлеў орайының ўәкиллери бақлаў нәтийжелери менен ортақласып, ҳаўа массаларының циркуляциясы ҳәм халықтың саламатлығына үлкен тәсир көрсететуғын майда дисперсли PM2.5 ҳәм PM10 бөлекшелериниң муғдары ҳаққында толық мағлыўматлар берди.

Жергиликли қәнигелер өткерилген комплексли изертлеўлердиң жуўмақлары ҳаққында айтып, үлкен қалаларда ҳаўаны патасландырыўдың тийкарғы дәреклери антропоген факторлар болып қалып атырғанын көрсетти. Соның менен бирге, илимпазлар патасландырыўшы элементлердиң узақ аралықларға тасылыўына жәрдем беретуғын атмосфера циркуляциясының әҳмийетли ролин атап өтти. Соның ушын да илимий бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе: тек ғана объектив изертлеўлер ҳәм мағлыўматлар алмасыўы шын мәнисинде нәтийжели қарарлар қабыл етиў имканиятын береди.

Сондай-ақ, Қазақстан ўәкиллери Ташкент ўәлаятындағы ыссыханалар алып тасланып, кейин ала Сурхандәрья ўәлаятына көширилип атырған объектлерде болды, Ташкент ыссылық электр станциясындағы шығындыларды тазалаў ҳәм фильтрлеўдиң заманагөй системаларының жумысы менен танысты, транспорттың қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўға қаратылған автотранспорт қуралларына экологиялық стикерлер бериў механизмин үйренди.

Ушырасыўдың тийкарғы әмелий нәтийжелеринен бири еки мәмлекет илимий топарларының қатнасыўында биргеликтеги жумысшы топарды шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим болды. Оның ўазыйпалары қоспа изертлеўлер өткериў, шегара алды аймақлардағы экологиялық жағдайды таллаў ҳәм атмосфера ҳаўасының трансшегаралық патасланыўын азайтыў бойынша илимий тийкарланған илажлар ислеп шығыўдан ибарат болады. Өз-ара бирге ислесиўдиң бундай форматы Өзбекстан ҳәм Қазақстанның илимий потенциалын бирлестириў ҳәм улыўма экологиялық машқалаларды шешиўде бирден-бир қатнасты қәлиплестириў имканиятын береди. Сондай-ақ, тәжирийбе алмасыў тәбиятты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған шешимлер менен танысыўға ғана емес, ал келешекте биргеликте пайдаланыў мүмкин болған ең нәтийжели әмелиятларды анықлаўға да жәрдем береди. Бул, әсиресе, экологиялық қәўипсизлик регионның турақлы раўажланыўы ҳәм миллионлаған адамлардың абаданлығы гиреўине айланып атырған шараятта айрықша әҳмийетке ийе.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер биргеликтеги жумысларды даўам еттириў ҳәм атмосфера ҳаўасының трансшегаралық патасланыўын азайтыўға қаратылған әмелий илажларды турақлы өткерип барыў нийетинде екенин тастыйықлады. "Таза ҳаўа" жойбары тәбиятты сақлаў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын және де саламат орталық жаратыў жолында илим, мәмлекетлик институтлар ҳәм экологиялық сиясаттың ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы мәмлекетлердиң стратегиялық шериклиги анық мазмун менен байып атырғанына мысал бола алады.

Арал экологиялық апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бойынша биргеликтеги жумыслар республикалардың экологиялық бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары болып қалмақта. Арал теңизиниң қурыўы Орайлық Азияның ең үлкен экологиялық машқалаларынан бирине айланды. Мәмлекетлеримиз Аралбойының қурыған түбин көклемзарластырыў, тоғайзарлықлар жаратыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша заманагөй көзқарасларды енгизиў арқалы Аралбойының тәбийғый экосистемаларын тиклеў, шөллениўдиң алдын алыў, шаң ҳәм дуз боранларының унамсыз тәсирин азайтыўға үлкен итибар қаратпақта.

Климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық жағдайының жаманласыўы глобал машқалаға айланып атырған шараятта Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳәрекетлерди бирлестирмей, илимий билимлер алмаспай ҳәм инновациялық экологиялық шешимлерди енгизбей турақлы раўажланыўға ерисип болмайтуғынын көрсетпекте. Мине, усындай басламалар Орайлық Азияның экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, тәбийғый ресурсларды сақлаў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлардың турмыс сапасын арттырыў ушын беккем тийкар болмақта.

Евгения Юн.

«Правда Востока».