Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинен мәлим етиўинше, киргизилген өзгерислерден тийкарғы мақсет педагогларға жүклемени азайтыў, сабақ саатларын бөлистириўге қойылатуғын талапларды әпиўайыластырыў, бул процесстиң және де ашық-айдынлығын ҳәм әдиллигин тәмийинлеўден ибарат.

Атап айтқанда, оқыў жүклемесин бөлистириўде үстинликти белгилеўши нормалар 19 дан 10 ға қысқартылды. Бул өзгерислер педагоглардың өзлериниң көплеген усынысларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылған.

Соның ишинде, барлық оқытыўшылар ушын тең имканиятларды тәмийинлеў мақсетинде төмендегилер критериялар дизиминен шығарып тасланды:

ТОП-1000 рейтингине киретуғын дүняның жетекши университетлеринен бириниң дипломына ийе болыў;

халықаралық ҳәм тийкарғы пән олимпиадалары жеңимпазларын таярлаў.

Себеби бундай имканиятлар ҳәр қандай педагогқа да жетип бармайды.

Жаңа тәртипке бола, оқыў жүклемесин бөлистириўде тийкарғы итибар оқытыўшының кәсиплик маманлығы ҳәм нәтийжелилигине қаратылады ҳәм бул төмендегилер менен тастыйықланады:

пәнди өзлестириў дәрежесинен дерек беретуғын миллий ямаса халықаралық сертификатлар;

заманагөй кәсиплик компетенциялар;

педагогикалық искерликтеги реал жетискенликлер.

Нәтийжеде өз қәнигелигин турақлы арттырып баратуғын, жоқары дәрежедеги кәсиплик шеберликке ийе ҳәм сапалы оқытыўды тәмийинлей алатуғын педагоглар оқыў жүклемесин алыўда үстинликке ийе болады.

Бул оқытыўдың сапасын арттырыў, оқыўшылардың билимлендириў нәтийжелерин жақсылаў, улыўма, мектеплерде билимлендириў дәрежесин арттырыў имканиятын береди.

Жаңа оқыў жылынан басланатуғын жаңа тәртип педагоглардың кәсиплик потенциалын әдил баҳалаў, нәтийжелилик тийкарында кадрлар сиясатын әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болады.