Өзбекстан - Қырғызстан қатнасықларының бүгинги басқышы жоқары дәрежедеги сиясий исеним, жедел мәмлекетлераралық сөйлесиў ҳәм барлық әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўдиң избе-из кеңейип атырғаны менен характерленеди. Еки мәмлекет жетекшилериниң беккем сиясий ерк-ықрары себепли бирге ислесиў жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм улыўма мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған сапа жағынан жаңа көриниске ийе болды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында дипломатиялық қатнасықлар 1993-жыл 16-февральда орнатылған. Өткен жыллар даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң беккем шәртнамалық-ҳуқықый тийкары қәлиплестирилди ҳәм нәтийжели системасы жаратылды.

Өзбекстан - Қырғызстан бирге ислесиўиндеги жаңа басқыш 2017-жылы өз-ара сапар етиўлердиң жеделлесиўи менен басланды. 2023-жыл январь айында кең көлемли стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылды.

Парламентлераралық бирге ислесиў 2017-жылы қол қойылған Парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум тийкарында әмелге асырылмақта. 2020-жылдан Өзбекстан Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссия жумыс алып бармақта. 2026-жыл май айында Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жас парламентарийлериниң биринши форумы өткерилди.

Экономикалық бирге ислесиў Өзбекстан-Қырғызстан шериклигиниң ең жедел раўажланып атырған бағдарларынан бири болып қалмақта. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми 2025-жылдың жуўмағы бойынша 1,2 миллиард АҚШ долларын қурап, 2024-жылға салыстырғанда 37 процентке артты. 2026-жылдың январь-июнь айларында өз-ара саўда көлеми 624,6 миллион долларға жетип, 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 45 процентке артқан.

Өзбекстанның Қырғызстанға экспортының қурамына таяр санаат өнимлери, азық-аўқат, химия өнимлери, машина ҳәм үскенелер киреди. Қырғызстаннан импорт қурамына минерал жанылғы, азық-аўқат өнимлери, санаат өнимлери ҳәм транспорт үскенелери киреди.

2018-жылдан берли Өзбекстан-Қырғызстан исбилерменлер кеңеси жумыс алып бармақта. Оның жумысы исбилермен топарлар арасындағы байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги инвестициялық басламаларды әмелге асырыў, экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын табыўға хызмет етпекте.

Өзбекстан - Қырғызстан қатнасықларының күн тәртибинде транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиў тийкарғы орын ийелейди. Автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында бирге ислесиў избе-из раўажланбақта, транспорт инфраструктурасы жетилистирилмекте ҳәм трансшегаралық тасыўларды әпиўайыластырыўға қаратылған заманагөй санлы шешимлер енгизилмекте.

2026-жылдың январь-июнь айларында мәмлекетлер арасында жүк тасыў көлеми 32 процентке артты. 2026-жылдан «E-Permit» электрон рухсатнама алмасыў системасы енгизилди.

Жолаўшылар қатнаўы избе-из кеңейип бармақта. Еки мәмлекет қалалары арасында турақлы автобус жөнелислери, сондай-ақ, Ташкент - Бишкек ҳәм Ташкент - Ош жөнелислери бойынша авиақатнаўлар жолға қойылған.

Регионаллық өз-ара байланыслылықты және де тереңлестириўде "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" халықаралық темир жолының қурылысы басланғаны айрықша әҳмийетке ийе. Бул кең көлемли инфраструктуралық жойбардың әмелге асырылыўы Шығыс Азия, Жақын Шығыс ҳәм Қубла Европа мәмлекетлери арасында жүклерди жеткерип бериў мүддетлерин сезилерли қысқартыў, Орайлық Азияның транзит потенциалын арттырыў, саўда, инвестиция ҳәм халықаралық логистиканы раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Өзбекстан - Қырғызстан қатнасықларында мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў айрықша орын ийелейди. Еки халықтың мәдений мийрасын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған Мәденият күнлери, қоспа концертлер, театр сахналастырыўлары, фестивальлар, көргизбелер ҳәм басқа да илажлар турақлы өткерилмекте. Қырғызстан ўәкиллери Өзбекстанда өткерилип атырған ири халықаралық мәденият әнжуманлары ҳәм фестивальлары, соның ишинде, Халықаралық мақам көркем өнери фестивальы, "Ләзги" фестивальы ҳәм басқа да әҳмийетли илажларда белсене қатнаспақта.

2026-жыл 27-28-июль күнлери Шолпанатада Өзбекстан мәденияты күнлери өткерилди. Илажларда қатнасыў ушын Ташкент қаласынан Өзбекстан мәденият министри, халық артисти Озодбек Назарбеков басшылығындағы абырайлы дөретиўшилик делегация келди.

Туризм тараўындағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Қырғызстан Өзбекстанға туристлерди жеткерип бериўши ең ири мәмлекетлер қатарына киреди, өз-ара сапарлар саны болса жылдан-жылға артып бармақта, бул еки мәмлекет пуқараларының бир-бириниң мәдений ҳәм туристлик потенциалына қызығыўшылығы артып атырғанынан дәрек береди.

Шолпаната қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўы Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасып атырған регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли басқышы болады.

Ушырасыўдың бундай форматта өткерилиўи Орайлық Азияның исеним ҳәм жақсы қоңсышылық мәканы сыпатындағы орны артып баратырғанын, сондай-ақ, регион мәмлекетлериниң өз-ара байланыслылық, турақлы раўажланыў ҳәм конструктивлик сөйлесиўди биргеликте алға қойыўға умтылысын сәўлелендиреди.

Саммит алдынан Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев IV Шуша глобал медиа форумында шығып сөйлеп, Өзбекстан менен қатнасықлардың тийкарғы характерин айрықша атап өтти ҳәм Президент Шавкат Мирзиёевтиң "Әзербайжан - Орайлық Азия" бирге ислесиўиниң жаңа форматын раўажландырыўға қосып атырған үлесин атап өтти. Әзербайжан басшысының сөзлерине бола, бүгинги күнде Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәканында сиясий, экономикалық ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеўге хызмет етип атырған бул механизмди қәлиплестириўде Өзбекстан жетекшисиниң узақты гөзлеў ҳәм стратегиялық көзқарасы әҳмийетли роль атқарды. Усы мүнәсибет пенен Шолпанатада болып өтетуғын ушырасыў регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға жаңа пәт бағышлаўға, мәмлекетлердиң тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм биргеликтеги абаданлық жолындағы улыўма сиясатқа садықлығын тастыйықлаўға қаратылған.

"Дунё" МА.