Өзбекстан ўәкили Қуўанышбек Исмоилов -63 кг салмақ категориясында табыслы
қатнасып, жәҳән чемпионатының финалына жоллама алды.
Шешиўши беллесиўде өзбекстанлы палўан Салим Кармаховты 9:7 есабында жеңип
шығып, жәҳән чемпионатының алтын медалын қолға киргизди.
Солай етип, Қуўанышбек Исмоилов Өзбекстан сайланды командасы ушын
Братислава қаласында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында биринши алтын
медальды қолға киргизди.