Илаж даўамында архив ҳүжжетлерин сақлаў ҳәм санластырыў, пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы, мәмлекетлик қадағалаў нәтийжелери, халықаралық бирге ислесиў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы, "Өзархив" агентлиги тәрепинен усы жылдың екинши ярымында әмелге асырылатуғын әҳмийетли жаңалықлар ҳаққында презентация түринде толық мағлыўмат берилди. Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде агентлик жумысын тәртипке салатуғын 11 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылған. 72 миллион архив ҳүжжетлери санластырылды. Нәтийжеде бүгинги күнге шекем жәми 1,3 миллион сақлаў бирлиги электрон форматқа өткерилди ҳәм Миллий архив қорының санластырылған ҳүжжетлериниң үлеси 14,3 процентке жетти. Соның менен бирге, "Мәмлекетлик архивлерде санластырылатуғын ҳүжжетлердиң бирден-бир сақланыўын ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеў" миллий мәлимлеме системасына өткен ярым жылда 1,1 миллионнан аслам мағлыўмат, соның ишинде, 115 қор, 439 дизим, 80 мың 818 сақлаў бирлиги, 270 мың 771 ҳүжжет ҳәм 806 мың 275 библиографиялық мағлыўмат киргизилген. Мәмлекетлик архивлерге сақлаў ушын 116 мың 841 басқарыў ҳүжжетлери, 30 мың 821 жеке қурам ҳүжжетлери, 8853 ўақтынша сақлаў ҳүжжетлери ҳәм басқа да түрдеги архив ҳүжжетлери қабыл етилген. Соның менен бирге, 348 мың 183 сақлаў бирлигиндеги архив ҳүжжетлериниң бар екенлиги ҳәм жағдайы тексериўден өткерилди. Есап бериў дәўиринде мәмлекетлик архивлер тәрепинен 307 мың 379 архив ҳүжжетлери реставрацияланды, 64 мың 580 сақлаў бирлиги беккемленди ҳәм қайта тикленди, 19 мың 50и картонластырылды, 6 мың фото ҳүжжетлерге консервациялық қайта ислеў берилди. "Өзархив" агентлиги ҳәм архивлердиң аймақлық басқармалары тәрепинен есап бериў дәўиринде 201 мәмлекетлик қадағалаў илажы өткерилген. Тексериў нәтийжелери бойынша 189 шөлкемге мәжбүрий көрсетпелер киргизилди, 52 жуўапкер шахсқа ҳәкимшилик протоколлар дүзилип, суд уйымларына жиберилди, және 8 материал ҳуқық қорғаў уйымларына өткерилди. Соның менен бирге, республикалық архивлерге 265 мың 699 тематикалық ҳәм социаллық-ҳуқықый сораў келип түскен. Мәмлекетлик архивлердиң оқыў залларында 1014 жергиликли ҳәм 25 сырт елли изертлеўши жумыс алып барған. Сондай-ақ, "Өзархив" агентлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлерге физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 775 мүрәжат (2025-жылдың биринши ярымында 805 мүрәжат) келип түскен. Соннан 725и арза, 50и шағым. Келип түскен мүрәжатлардың 451 и қанаатландырылған (жәми мүрәжатлардың 58 проценти), 200 ине түсиник берилген (25 процент), 87 и тийисли шөлкемлерге жиберилген (11 процент) ҳәм 37 и көрип шығылыў процесинде (6 процент). Халықаралық бирге ислесиў тараўында есабат дәўиринде 74 сырт ел изертлеўшисине Өзбекстан архивлеринде илимий изертлеўлер алып барыўға руқсат берилди. Қазақстан Республикасы Президенти Архиви менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылды, АҚШ ҳәм Қазақстанға хызмет сапарлары шөлкемлестирилди, 10 сырт ел делегациясы менен ушырасыўлар өткерилди. Мәмлекетлик архив сақлаўына Татарстан ҳәм Беларусь мәмлекетлик архивлеринен 836 кадр архив материалларының электрон нусқалары қабыл етилген. Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, усы жылдың июнь айында Ташкент ўәлаятында "Жас архившилер форумы-2026" шеңберинде илажлар шөлкемлестирилип, онда 150 архив тараўы хызметкерлери қатнасты. Олар 4 шеберлик сабағы ҳәм интеллектуаллық ойында қатнасып, 8 спорт түри бойынша жарысты. Улыўма есап бериў дәўиринде агентликке 3834 ҳүжжет келип түскен, 1654 ҳүжжет жиберилген. Тийкарғы жумыс бойынша 113 буйрық ҳәм 20 бийлик ислеп шығылған. Баспасөз әнжуманында быйылғы жылдың биринши ярымында архив тараўында жүз берген ең әҳмийетли жаңалықлар да айтып өтилди. Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 30-июньдеги "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин электрон түрде сақлаў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, усы жылдың 1-августынан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде архив иси бойынша ҳүжжетлер тек ғана электрон түрде рәсмийлестириледи. Жаңа тәртипке муўапық, архив ҳүжжетлерин қәлиплестириў, есапқа алыў, сақлаў ҳәм мәмлекетлик архивлерге тапсырыў процесслери басқышпа-басқыш санлы системаға өткериледи. Бул қағаз ҳүжжетлериниң айланысын кескин қысқартыў, архив мағлыўматларын жедел излеў, ҳүжжетлердиң пүтинлигин ҳәм қәўипсизлигин сақлаў, инсан факторы менен байланыслы қәтелерди азайтыў, мәмлекетлик уйымлар арасында архив ҳүжжетлери менен ислесиўдиң бирден-бир электрон системасын қәлиплестириў имканиятын береди. Архив исин санластырыў шеңберинде пуқараларға өз шаңарағын тиклеў, ата-бабалары ҳаққындағы архив мағлыўматларын излеў ҳәм бул бағдардағы мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыў имканиятын беретуғын "Шежире" мәлимлеме системасы да иске қосылады. Бул система ПҲАЖ уйымларының бирден-бир электрон архив мағлыўматлары, мәмлекетлик ҳәм уйымлық архивлердиң мағлыўматлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулаймонова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайының ДНК мағлыўматлары арқалы этникалық келип шығыўды анықлаў хызметинен пайдаланыў тийкарында шежирени қәлиплестириў имканиятын береди. Баспасөз әнжуманында бул системаның жумыс ислеў принциплери ҳаққында да мәлимлеме берилди. Баспасөз әнжуманы жуўмағында "Өзархив" агентлиги басшылары қатнасыўшылардың барлық сораўларына жуўап берди.

Илаж даўамында архив ҳүжжетлерин сақлаў ҳәм санластырыў, пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы, мәмлекетлик қадағалаў нәтийжелери, халықаралық бирге ислесиў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы, "Өзархив" агентлиги тәрепинен усы жылдың екинши ярымында әмелге асырылатуғын әҳмийетли жаңалықлар ҳаққында презентация түринде толық мағлыўмат берилди.

Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде агентлик жумысын тәртипке салатуғын 11 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылған. 72 миллион архив ҳүжжетлери санластырылды. Нәтийжеде бүгинги күнге шекем жәми 1,3 миллион сақлаў бирлиги электрон форматқа өткерилди ҳәм Миллий архив қорының санластырылған ҳүжжетлериниң үлеси 14,3 процентке жетти.

Соның менен бирге, "Мәмлекетлик архивлерде санластырылатуғын ҳүжжетлердиң бирден-бир сақланыўын ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеў" миллий мәлимлеме системасына өткен ярым жылда 1,1 миллионнан аслам мағлыўмат, соның ишинде, 115 қор, 439 дизим, 80 мың 818 сақлаў бирлиги, 270 мың 771 ҳүжжет ҳәм 806 мың 275 библиографиялық мағлыўмат киргизилген.

Мәмлекетлик архивлерге сақлаў ушын 116 мың 841 басқарыў ҳүжжетлери, 30 мың 821 жеке қурам ҳүжжетлери, 8853 ўақтынша сақлаў ҳүжжетлери ҳәм басқа да түрдеги архив ҳүжжетлери қабыл етилген. Соның менен бирге, 348 мың 183 сақлаў бирлигиндеги архив ҳүжжетлериниң бар екенлиги ҳәм жағдайы тексериўден өткерилди.

Есап бериў дәўиринде мәмлекетлик архивлер тәрепинен 307 мың 379 архив ҳүжжетлери реставрацияланды, 64 мың 580 сақлаў бирлиги беккемленди ҳәм қайта тикленди, 19 мың 50и картонластырылды, 6 мың фото ҳүжжетлерге консервациялық қайта ислеў берилди.

"Өзархив" агентлиги ҳәм архивлердиң аймақлық басқармалары тәрепинен есап бериў дәўиринде 201 мәмлекетлик қадағалаў илажы өткерилген. Тексериў нәтийжелери бойынша 189 шөлкемге мәжбүрий көрсетпелер киргизилди, 52 жуўапкер шахсқа ҳәкимшилик протоколлар дүзилип, суд уйымларына жиберилди, және 8 материал ҳуқық қорғаў уйымларына өткерилди.

Соның менен бирге, республикалық архивлерге 265 мың 699 тематикалық ҳәм социаллық-ҳуқықый сораў келип түскен. Мәмлекетлик архивлердиң оқыў залларында 1014 жергиликли ҳәм 25 сырт елли изертлеўши жумыс алып барған.

Сондай-ақ, "Өзархив" агентлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлерге физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 775 мүрәжат (2025-жылдың биринши ярымында 805 мүрәжат) келип түскен. Соннан 725и арза, 50и шағым.

Келип түскен мүрәжатлардың 451 и қанаатландырылған (жәми мүрәжатлардың 58 проценти), 200 ине түсиник берилген (25 процент), 87 и тийисли шөлкемлерге жиберилген (11 процент) ҳәм 37 и көрип шығылыў процесинде (6 процент).

Халықаралық бирге ислесиў тараўында есабат дәўиринде 74 сырт ел изертлеўшисине Өзбекстан архивлеринде илимий изертлеўлер алып барыўға руқсат берилди. Қазақстан Республикасы Президенти Архиви менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылды, АҚШ ҳәм Қазақстанға хызмет сапарлары шөлкемлестирилди, 10 сырт ел делегациясы менен ушырасыўлар өткерилди. Мәмлекетлик архив сақлаўына Татарстан ҳәм Беларусь мәмлекетлик архивлеринен 836 кадр архив материалларының электрон нусқалары қабыл етилген.

Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, усы жылдың июнь айында Ташкент ўәлаятында "Жас архившилер форумы-2026" шеңберинде илажлар шөлкемлестирилип, онда 150 архив тараўы хызметкерлери қатнасты. Олар 4 шеберлик сабағы ҳәм интеллектуаллық ойында қатнасып, 8 спорт түри бойынша жарысты.

Улыўма есап бериў дәўиринде агентликке 3834 ҳүжжет келип түскен, 1654 ҳүжжет жиберилген. Тийкарғы жумыс бойынша 113 буйрық ҳәм 20 бийлик ислеп шығылған.

Баспасөз әнжуманында быйылғы жылдың биринши ярымында архив тараўында жүз берген ең әҳмийетли жаңалықлар да айтып өтилди. Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 30-июньдеги "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин электрон түрде сақлаў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, усы жылдың 1-августынан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде архив иси бойынша ҳүжжетлер тек ғана электрон түрде рәсмийлестириледи. Жаңа тәртипке муўапық, архив ҳүжжетлерин қәлиплестириў, есапқа алыў, сақлаў ҳәм мәмлекетлик архивлерге тапсырыў процесслери басқышпа-басқыш санлы системаға өткериледи. Бул қағаз ҳүжжетлериниң айланысын кескин қысқартыў, архив мағлыўматларын жедел излеў, ҳүжжетлердиң пүтинлигин ҳәм қәўипсизлигин сақлаў, инсан факторы менен байланыслы қәтелерди азайтыў, мәмлекетлик уйымлар арасында архив ҳүжжетлери менен ислесиўдиң бирден-бир электрон системасын қәлиплестириў имканиятын береди.

Архив исин санластырыў шеңберинде пуқараларға өз шаңарағын тиклеў, ата-бабалары ҳаққындағы архив мағлыўматларын излеў ҳәм бул бағдардағы мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыў имканиятын беретуғын "Шежире" мәлимлеме системасы да иске қосылады. Бул система ПҲАЖ уйымларының бирден-бир электрон архив мағлыўматлары, мәмлекетлик ҳәм уйымлық архивлердиң мағлыўматлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулаймонова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайының ДНК мағлыўматлары арқалы этникалық келип шығыўды анықлаў хызметинен пайдаланыў тийкарында шежирени қәлиплестириў имканиятын береди. Баспасөз әнжуманында бул системаның жумыс ислеў принциплери ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Баспасөз әнжуманы жуўмағында "Өзархив" агентлиги басшылары қатнасыўшылардың барлық сораўларына жуўап берди.

Олег Лиманов.

«Правда Востока».