Елимизде мийнет базары талапларына сәйкес, заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе орта буўын қәнигелерин таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Профессионал билимлендириўди жумыс бериўшилердиң талабына бағдарлаў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў, дуал билимлендириўди кеңейтиў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Үргенш қаласында шөлкемлестирилген Хорезм алдыңғы кәсиплик шеберлик техникумы усы мақсетлерге хызмет етеди. Оның қурылысы ушын мәмлекетлик бюджеттен 72,4 миллиард сум қаржы ажыратылған. 5,2 гектар майданда 1 мың 100 орынлық еки оқыў имараты, 300 орынлық жатақхана, спорт залы, 200 орынлық асхана, зәрүр үскенелер менен тәмийинленген еки заманагөй оқыў устаханасы қурылды.
Техникумда Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай ҳәм Қубла Кореяның алдынғы билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытыў жолға қойылған. Дуал билимлендириў системасы теориялық билимлерди тиккелей өндиристе әмелият пенен бирлестириў имканиятын береди.
2026-2027-оқыў жылында 11 кәсип-өнер бағдары бойынша 200 қәбилетли жигит-қыз таңлаў тийкарында сайлап алынды. Билимлендириў процеси жумыс бериўшилер менен биргеликте шөлкемлестирилип, питкериўшилерди алған кәсиби бойынша жумысқа жайластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Техникум Хорезм ўәлаятындағы басқа да профессионал билимлендириў мәкемелери ушын заманагөй әмелий база ўазыйпасын атқармақта. Ўәлаяттағы билимлендириў мәкемелериниң 4 мың 300 ге шамалас оқыўшысы усы жердеги устахана ҳәм лабораторияларда әмелият өтейди. Бундай алдынғы кәсип-өнер техникумларын басқышпа-басқыш Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа да аймақларда шөлкемлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы мәкеме аймағындағы Кәсиплер қалашасын да көзден өткерди. Бул жерде жаслардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин ерте анықлаў, келешекте кәсипке бағдарлаў ушын шараят жаратылған.
Кәсиплер қалашасында "Өзиң исле" принципи тийкарында оқыўшылар ҳәр қыйлы заманагөй әсбап-үскенелер менен тиккелей ислеп, әмелий көнликпелерди иелейди. Бул жерде мийнет базарында талап жоқары болған транспорт ҳәм логистика, санаат ҳәм қурылыс, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы, "жасыл" энергетика сыяқлы бағдарлар қамтып алынған.
Комплекс жумыс бериўши ири кәрханалар менен биргеликте жумыс алып барады. Бул жасларды кәсипке бағдарлаў ҳәм әмелий көнликпелерди иелеўден баслап, кейин ала жумысқа орналастырыўға шекем болған бир пүтин системаны қәлиплестиреди.
Президентимиз жасларды заманагөй мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерге сапалы оқытыў, билимлендириў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талапларына бейимлестирип барыў, бул тәжирийбени басқа аймақларда да енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.