Еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

Системалы сиясий сөйлесиўди жолға қойыў, парламентлераралық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм бағдарларындағы алмасыўларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Товар алмасыў көлемин арттырыў бойынша әмелий илажлар көриў, соның ишинде, мәмлекетлердиң санаат потенциалын көрсетиў ушын көргизбелер өткериў ҳәм исбилерменлик делегацияларының сапарларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер бул бағдарда саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларындағы тийкарғы келисимлерди ислеп шығыўды жеделлестириўге келисип алды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, атап айтқанда, БМШ, ШБШ, ASEAN, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм басқа да структуралар шеңбериндеги тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша да пикир алысылды.