Бир ғана буршақ бир неше айлық мийнетке зыян жеткериўи мүмкин. Қурғақшылық болса пүткил мәўсим режесин өзгертип жибереди. Соның ушын дийқан жерге исеним менен туқым еккени сыяқлы тәбияттың өзгериўшеңлигин де есапқа алып жасайды.

Бүгин дүнья аўыл хожалығының алдында турған көринис өзгерип бармақта. Халық көбейгени сайын азық-аўқатқа талап артады. Соның менен бирге, суў ҳәм жер сыяқлы тәбийғый ресурсларға басым күшейди. Климат өзгериўи болса аўыл хожалығы ушын алдыннан белгили болған қәўиплерди және де қыйынластырмақта. Сол себепли заманагөй аграр экономикада өним муғдары менен бирге, они қандай ресурс есабынан жетистириў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе. Азырақ суў менен көбирек өним алыў, энергияны үнемлеў, жердиң өнимдарлығын сақлаў ҳәм тәбийғый қәўип-қәтерлерге алдыннан таяр турыў енди тек ғана фермердиң жеке мәпи емес, ал азық-аўқат қәўипсизлигиниң әҳмийетли шәртине айланған.

Бул өзгерислердиң тәсири Өзбекстанда да барған сайын анық сезилмекте. Мәмлекетимизде аўыл хожалығы экономиканың әҳмийетли тармақларынан бири болып қалған. Соның менен бирге, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жердиң өнимдарлығын сақлаў, өндирис қәрежетлерин азайтыў ҳәм фермер дәраматын турақластырыў мәселелери күн тәртибиниң алдынғы қатарына шықты. Бундай шараятта мәмлекеттиң аграр тараўды қоллап-қуўатлаў сиясаты жаңа мазмун менен байыўы тәбийғый. Енди гәп тек фермерге қаржы ажыратыўда емес, бул қаржы қандай нәтийже беретуғыны, қанша ресурс үнемленетуғыны ҳәм қанша қосымша өним жаратылатуғыны ҳаққында бармақта.

25-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысына аграр тараўда субсидияларды ажыратыў ҳәм қамсызландырыў системаларын жетилистириў бойынша усыныслар усынылғаны мине усы процесстиң әҳмийетли басқышларынан бири болып есапланады. Кейинги жыллары аўыл хожалығында мәмлекет тәрепинен берилип атырған жәрдемниң көлеми кеңейип, субсидияларды ажыратыў процесслери басқышпа-басқыш санластырылмақта. Усы жылы субсидиялар 29 бағдар ҳәм 91 түрге жеткерилип, бул мақсетлер ушын 2,7 триллион сум қаржы нәзерде тутылған. Санның өзи үлкен. Бирақ экономикада ҳәр қандай санның мәниси оннан кейин келетуғын нәтийже менен өлшенеди. Ажыратылған қаржы фермердиң имканиятын қаншелли кеңейтти, өндирис нәтийжелилигин қай дәрежеде арттырды, суў ҳәм энергия жумсалыўына қандай тәсир көрсетти - мәселениң тийкарғы мәниси мине усы жерде көринеди.

Усы мәнисте, субсидияларды әпиўайы қәрежетти қаплаў қуралынан нәтийжели қоллап-қуўатлаў механизмине айландырыў усынысы аграр сиясаттағы әҳмийетли қатнасты сәўлелендиреди. Мәмлекетлик жәрдемниң мазмуны да өзгермекте. Алдын белгили бир қәрежетти қаплаў тийкарғы өлшем болған болса, енди бул қаржы есабынан қандай нәтийже алынғаны әҳмийетли болады. Өнимдарлық, суў ҳәм энергияны үнемлеў, жумсалған ресурс есабынан алынған өнимниң көлеми сыяқлы көрсеткишлер субсидия нәтийжесин баҳалаўда тийкарғы нормаға айланыўы күтилмекте. Бул бир қарағанда әпиўайы экономикалық механизм сыяқлы көринеди. Негизинде болса оның тийкарында мәмлекет қаржысына болған қатнасты өзгертиўдей үлкен принцип жатады.

Қаржыны қай жерге ҳәм қалай бағдарлаў мәмлекеттиң ертеңги экономикалық имканиятларына тәсир етеди. Егер субсидия жаңа технологияны енгизиўге, суўды үнемлеўге, өнимдарлықты арттырыўға ҳәм фермер дәраматының турақлыласыўына хызмет еце, бул қаржы экономикалық қун жаратады. Егер ол тек бир мәртелик қәрежетти қаплаў менен шекленсе, узақ мүддетли тәсири кемирек болыўы мүмкин. Соның ушын нәтийжели субсидия модели мәмлекет жәрдеминиң өзине емес, оның қайтыўына, яғный жәмийет ушын қандай қунды жарататуғынына итибар қаратады.

Буның ең айқын мысалларынан бири суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде көринеди. Суўды үнемлеў Өзбекстан шараятында жердиң өнимдарлығы, фермердиң қәрежети, өнимниң турақлылығы ҳәм келешектеги азық-аўқат қәўипсизлиги менен тиккелей байланыслы. Соның ушын технологияны орнатыўдың кейинги нәтийжеси әҳмийетли. Субсидия берилгеннен кейин еки-үш жыл даўамында суўдың жумсалыўы азайыўы, зүрәәтлилик бақланыўы усы мақсетке хызмет етеди. Технология ҳақықый нәтийже берсе, оның экономикалық ҳәм социаллық қуны да көринеди.

Бул жерде және бир әҳмийетли тәрепи бар. Үнемленген суўдың баҳасы тек ғана фермер хожалығы менен шекленбейди. Бир хожалықта үнемленген суў басқа бир майдан ушын қосымша имканият жаратады. Мыңлаған хожалықларда жолға қойылған үнемлеў болса мәмлекет көлеминде үлкен ресурсқа айланады. Демек, суўды үнемлеў бир фермердиң қәрежетин азайтыў менен бирге, пүткил жәмийеттиң келешектеги имканиятларын сақлаўға хызмет етеди. Бүгинги аграр сиясатта ресурс үнемлеўдиң барған сайын әҳмийетли нормаға айланып атырғаны да усының менен түсиндириледи.

Жаңа қатнастың және бир әҳмийетли тәрепи субсидия алыўшылардың электрон паспортын қәлиплестириў ҳәм нәтийжелерди онлайн бақлап барыў менен байланыслы. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан мағлыўматларды инсан факторысыз алыў процесслерди бираз ашықластырыўы мүмкин. Бул фермер ушын да әҳмийетли жеңиллик. Себеби оның тийкарғы ўақты ҳүжжет жыйнаў ҳәм мәкемеме-мәкеме жүриўге емес, жерге, егиске ҳәм өндириске жумсалыўы керек. Санластырыўдың ҳақыйқый нәтийжеси де әне сонда - технология инсанның жумысын қыйынластырмай, керисинше, оның ўақтын қәдирлейди.

Бирақ санластырыўдың өзи еле нәтийже емес. Оның артынан исеним, ашық-айдынлық ҳәм әдиллик келиўи керек. Фермер өз көрсеткишлери қалай баҳаланып атырғанын түсиниўи, қарарлар анық мағлыўматларға тийкарланыўы ҳәм система ҳәмме ушын бирдей ислеўи әҳмийетли. Сонда санлы система әпиўайы электрон платформа болып қалмастан, мәмлекет ҳәм фермер арасындағы жаңа қатнасықлардың тийкарына айланады.

Субсидияның нәтийжеге байланыслылығы менен бирге, қамсызландырыў системасын жетилистириўге итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби фермер ушын нәтийже қаншелли әҳмийетли болса, сол нәтийжени қәўиптен қорғаў соншелли әҳмийетли. Бир неше айлық мийнетти бир күнде жоғалтыў итималы бар екен, аўыл хожалығында турақлы өндиристи тек ғана субсидия менен тәмийинлеп болмайды. Бул жерде қамсызландырыў экономикалық қорғаў қуралы сыпатында майданға шығады.

Бүгин “Agrosafe” мәлимлеме системасы арқалы электрон арза бериўден баслап, шәртнама ҳәм полисти рәсмийлестириў, мониторинг, экспертиза ҳәм компенсация пулын төлеўге шекемги процесслердиң санластырылып атырғаны қамсызландырыў хызметлерин әпиўайыластырыўға хызмет етпекте. Қамтып алыўды бағ ҳәм жүзим атызларындағы нәл ҳәм тереклер, импорт етилген шарўа маллары, тосыннан болатуғын ҳәдийселер менен байланыслы қәўиплерге кеңейтиў, шарўашылық, палыз жетистириў, картошка ҳәм пияз жетистириў ушын жаңа қамсызландырыў өнимлерин енгизиў режелери болса тараўда қәўиплерди басқарыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Бул жерде қамсызландырыўға болған көз-қарастың өзи де өзгермекте. Алдынғы түсиникте қамсызландырыў көбирек зыян жүз бергеннен кейин компенсация төлеў менен байланыслы еди. Жаңа көзқарас болса қәўиптиң алдын алыўға да итибар қаратады. Қамсызландырыў сыйлығының 35 процентин арнаўлы қорда қәлиплестирип, шарўашылықта вакцинация, профилактика ҳәм ветеринария хызметлерине, пахта ҳәм ғәллешиликте биологиялық қорғаў илажларына, бағшылық ҳәм жүзимгершиликте тәбийғый апатшылықлардан қорғаў қуралларын орнатыўға бағдарлаў усынысы усы мәниде әҳмийетли. Зыянды күтиўден гөре оның алдын алыўға қаржы жумсаў экономикалық жақтан да, инсан мийнетин сақлаў көзқарасынан да логикалық көзқарас болып табылады.

Аўыл хожалығында қәўипти басқарыў мәдениятының қәлиплесиўи фермердиң өзине де үлкен имканият береди. Ол енди тек тәбиятқа исенип қалмай, ал қәўипти есаплайды, профилактикалық илажларды көреди, қамсызландырыўдан пайдаланады ҳәм хожалығының турақлылығын алдын ала ойлайды.

2027-жылы 45 мың аўыл хожалығы кәрханасын қамсызландырыў менен қамтып алыў, аўыл хожалығы өнимлериниң қамсызландырыў қамтып алыўын 60 процентке жеткериў, 500 бийғәрез эксперт таярлаў ҳәм қамсызландырыў хызметлерин толық санластырыў мақсетлери системаны жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған. Бул санлардың ҳәр бириниң артында белгили бир ўазыйпа бар. Қамсызландырыў қамтып алыўының кеңейиўи қәўип-қәтерлерди кеңирек бөлистириўге, бийғәрез экспертлердиң таярланыўы зыянды қалыс баҳалаўға, санластырыў болса процесслерди жеделлестириў ҳәм ашық-айдын етиўге хызмет етиўи керек.

Ең әҳмийетлиси, субсидия ҳәм қамсызландырыўға бир-бирин толықтыратуғын механизмлер сыпатында қаралмақта. Субсидия фермерге нәтийжели ислеў ушын имканият жаратады. Қамсызландырыў болса усы мийнет нәтийжесин түрли қәўиплерден қорғайды. Субсидия ресурстан үнемли пайдаланыўды хошаметлесе, қамсызландырыў қәўипти алдыннан басқарыўға үйретеди. Санластырыў болса еки процести де ашық-айдын ҳәм мәнзилли етиў имканиятын береди. Усы көзқарастан қарағанда, бүгинги реформалар бирден-бир аграр экономикалық системаның түрли бөлеклери сыпатында көринбекте.

Дүньяда аўыл хожалығының келешеги барған сайын усы логика тийкарында қәлиплеспекте. Алдынғы технологиялар, анық мағлыўматлар, ресурс үнемлеўшилиги, қамсызландырыў механизмлери ҳәм климат қәўиплерине бейимлесиў мәселелери аграр сиясаттың әҳмийетли бағдарларына айланбақта. Халықтың талабын қанаатландырыў ушын бар ресурслардан және де нәтийжели пайдаланыўға туўра келеди. Өзбекстанда субсидияларды нәтийже менен байланыстырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды хошаметлеў ҳәм қамсызландырыўда профилактикаға итибар бериў де мине усы глобал зәрүрликлердиң миллий шараяттағы әмелий көриниси болып есапланады.

Фермер ушын болса бул жаңа жуўапкершилик дегени. Мәмлекетлик жәрдем имканиятты кеңейтеди, бирақ нәтийжени инсанның мийнети белгилейди. Жерге итибар, суўға үнемли қатнас, технологиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қәўипти алдыннан есаплаў фермердиң бәсекиге шыдамлылығын белгилеп барады. Сонлықтан, аграр тараўдағы жаңа қатнастың мәнисин бир ғана "субсидия" ямаса "қамсызландырыў" сөзи менен билдирип болмайды. Гәп тийкарында мийнетке мүнәсибет ҳаққында бармақта. Мийнетти қоллап-қуўатлаў керек, бирақ оның нәтийжеси де көриниўи керек. Ресурстан пайдаланыў мүмкин, бирақ оны заялаў мүмкин емес. Қәўип бар, бирақ оны тәғдирге таслап қойыў шәрт емес. Мәмлекет имканият жаратады, жәмийет болса усы имканияттың нәтийжесин көреди.

Атыздағы бир туқым бүгин жер бауырына сиңеди. Оның зүрәәтке айланыўы ушын суў, мийнет, ўақыт ҳәм сабыр керек. Гейде оны тәбияттан қорғаў, гейде жаңа технология менен қоллап-қуўатлаў, гейде болса күтилмеген қәўиптен сақлаў талап етиледи. Демек, өним тек туқымнан емес, оған жаратылған шараяттан да пайда болады. Мәмлекетлик сиясат, фермер мийнети, заманагөй технология ҳәм қамсызландырыў системасы мине усы шараяттың қурамлық бөлеклери болып табылады.

Бүгин ажыратылған қаржы ертең қанша зүрәәтке айланады, үнемленген суў келешекте қанша имканият жаратады, алдыннан көрилген илаж неше хожалықты зыяннан сақлайды? Реформалардың нәтийжеси мине усы нәтийжелерде көринеди. Жер болса бул ҳақыйқатты ҳәр мәўсимде және бир мәртебе дәлиллейди. Бүгин оған не берсек, ертең сол мийнеттиң нәтийжесин аламыз.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы