Жақында Президентимиздиң "Әдил судлаў - 2030: Жаңа Өзбекстанда инсан ҳуқықларын исенимли қорғайтуғын халықшыл ҳәм әдил суд системасын қурыў стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжет келешекте мәмлекетимиз суд ҳәкимияты системасының пүткиллей жаңаша мазмунда жумыс алып барыўына ҳуқықый тийкар болады, десек, қәтелеспеймиз. Бир сөз бенен айтқанда, системада ашық-айдынлық ҳәм шын мәнисинде әдиллик орнайды.
Бул пәрманның тийкарғы идеясы, мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында сөз
болғанда, әлбетте, жаңа редакциядағы Конституциямыз ҳәм басқа да нызамшылық
ҳүжжетлеринде беккемлеп қойылған инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине қол
қатылмаслығы және олардан суд қарарысыз айырыў ямаса шеклеп қойыўға ҳеш кимниң
ҳақысы жоқ екенлиги, сондай-ақ, ҳәр кимге өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд
арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың және басқа да шөлкемлердиң, лаўазымлы
шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен
судқа шағым етиў ҳуқықының кепилликлерин сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған.
2023-жыл 30-апрельге шекем әмелде болған бас нызамымызда инсан
ҳуқықларына байланыслы 23 статья болған болса, жаңа редакциядағы Конституцияда
бундай статьялар 34 ке жеткерилди. Инсан ҳуқықларына байланыслы жаңа 11 статья
өз көринисин тапты.
Жаңа
редакциядағы Конституцияның және бир әҳмийетли тәрепи инсан ҳуқықларына
байланыслы статьялардағы нормалардың 37 ден 98 ге жеткерилгенинде. Демек, жаңа
редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықларының кепилликлери тек ғана жаңа
статьялар менен емес, ал, жаңа нормалар менен де байытылды. Олар жаңаша
мазмунға ийе болды.
Жаңа
редакциядағы Конституцияның ең әҳмийетли, айтыў керек болса, күшли ҳәм тәсиршең
тәреплеринен бири инсан ҳуқықларының кепилликлерин белгилеўге жаңаша қатнас
жасаўда болып есапланады. Дүньяның аз санлы мәмлекетлериниң конституциясында
ушырасатуғын бир норма тийкарғы нызамымызда өз көринисин тапты. Оның
54-статьясында "Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң
жоқары мақсети болып есапланады. Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституция ҳәм
нызамларда беккемленген ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлейди", деп
қатаң белгилеп қойылды. Буның менен мәмлекетке оғада жуўапкершиликли ўазыйпа
конституциялық дәрежеде жүкленди.
Президентимиз
пәрманында белгиленген халықшыл ҳәм әдил суд системасы қандай болады? Оның
мәниси ҳәм бул системаны енгизиўден гөзленген мақсет не?
"Халықшыл"
сөзи халық пенен тығыз байланыслы. Сондай-ақ, оның руўхы, мәденияты, мәплери
ҳәм дүньяқарасына сәйкес келетуғын, ҳәммеге қолайлы деген мәнини аңлатады.
Мәселен, көркем тилимиз, күнделикли сөйлесиўлеримизде қолланылатуғын халықшыл
шығарма, халықшыл көркем өнер деген атамалар буған мысал болады.
"Халықшыл" сөзиниң астында инсанлардың дәртин тыңлай алатуғын,
олардың мәплерине хызмет ететуғын процесслерди де түсиниў мүмкин.
Әдиллик сөзиниң мәнисин көпшилигимиз жақсы билемиз. Ол
әдиллик, ҳақыйқатлық, дурыслық ҳәм ҳәмме ушын бирдей болған ҳақыйқатлық
талапларына әмел етиўден ибарат. Судларда ислерди дурыс, инсап пенен көриў,
зулымлық ҳәм әдалатсызлыққа жол қоймаў әдилликтен ибарат.
Пәрманда
тийкарғы бағдарлар белгиленген болып, мәмлекеттиң суд системасын реформалаў
алты бағдарға сүйенген ҳалда әмелге асырылады.
Бириншиси
- "халықшыл суд". Суд
системасының ашық-айдынлығы, суд процесслери ҳәм суд жумысына байланыслы
мәлимлемеден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў арқалы оның ашық-айдынлығын
тәмийинлеў ҳәм жәмийетте судқа толық исеним орнатыў, бюрократиядан пүткиллей
жырақ системаға айландырыў.
Екиншиси -
"әдиллик қорғаны". Инсан
ҳуқықлары үстинлигин сөзсиз тәмийинлейтуғын, ҳәр қандай тәсир ҳәм
араласыўлардан жырақ, бийғәрез әдил судлаў системасын беккемлеў.
Үшиншиси -
"кепилленген әдиллик".
Нызамлы, әдил ҳәм тийкарланған суд қарарларын қабыл етиў, олардың сапасы ҳәм
турақлылығын тәмийинлеў арқалы пуқаралардың бузылған ҳуқықларын судта тиклеў
кепилликлерин күшейтиў.
Төртиншиси
- "әдиллик сақшылары".
Халық хызметинде болған, жоқары руўхый ҳәм профессионал пазыйлетлерге ийе,
әдиллик нормаларына қатаң әмел ететуғын судьялар корпусын қәлиплестириў.
Бесиншиси
- "санлы әдил судлаў". Суд
ис жүргизиўин толық санластырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў арқалы
пуқаралар ушын артықша әўерегершиликсиз, қолайлы ҳәм тез суд додалаўы
имканиятын жаратыў.
Алтыншысы
- "халықаралық тән алыў".
Инсан ҳуқықлары тараўындағы алдынғы халықаралық стандартларды миллий суд
әмелиятына имплементациялаў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын
арттырыў.
"Әдил судлаў - 2030" стратегиясындағы ўазыйпалардың орынланыўы
мәмлекетимизде жақын келешекте суд системасының системалы ҳәм басқышпа-басқыш
реформаланыўы мәмлекетлик ҳәкимият, атап айтқанда, суд ҳәкимиятының шын
мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў менен бирге оны "әдиллик қорғаны"на
айландырыў, инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы
мәплерин суд арқалы қорғаўды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў және суд
процесине заманагөй ҳуқықый механизм ҳәм институтларды енгизиў арқалы халықшыл
ҳәм әдил суд системасын қурыў мақсет етип белгиленген.
Ең әҳмийетлиси,
Президентимиз турақлы атап өтип киятырғанындай, келешекте мәмлекетимизде әдил
судлаўды әмелге асырыў процесине ҳеш кимниң араласыўына жол қойылмайды. Бул
болса, өз гезегинде, инсан ҳәм пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлериниң
конституциялық кепилликлери тәмийинлениўиниң әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Абдуманноб
РАҲИМОВ,
Конституциялық суд судьясы, юридика
илимлери докторы