Мәмлекетимиз жетекшисиниң "Түрли тараўларда әмелге асырып атырған реформаларымыздың нәтийжелери, елимизде жүз берип атырған өзгерислердиң нәтийжеси, бәринен бурын, мәҳәллелерде, ол жерде жасап атырған адамлардың кейпиятында көринеди. Усы мәниде мәҳәллени жәмийетимиздеги барлық процесслерди айқын сәўлелендиретуғын өзине тән айнаға теңеў мүмкин", деген исенимли позициясы жаңа Өзбекстанда мәҳәлле системасына итибардың әмелий үлгиси болып есапланады. Ҳақыйқатында да, мәҳәлле институты бүгин халық ҳәм мәмлекет арасындағы ең исенимли структураға айланды.
Президентимиздиң жақында қабыл
етилген "Мәҳәлле басқарыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша
илажлар ҳаққында"ғы пәрманы бул системалы жаңаланыўлардың логикалық даўамы
болды. Әдетте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы пәрманлар тек ғана
ең әҳмийетли, стратегиялық ҳәм системалы реформалар ушын қабыл етилетуғынын
есапқа алсақ, бул ҳүжжеттиң салмағы ҳәм тарийхый әҳмийети айқын көринеди.
Пәрманда белгиленген ўазыйпалар -
мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, шаңарақлық
ажырасыўлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, ең әҳмийетлиси, "мәҳәлле
жетилиги"ниң жаңа имканиятлары болса ҳәр бир пуқараның потенциалын жүзеге
шығарыў, абаданлықты тәмийинлеў тийкарында инсан қәдирин улығлаў мақсетин
өзинде жәмлеген.
Ең әҳмийетлиси, бул тарийхый пәрман
тек ғана теориялық концепция емес, ал анық әмелий ҳәрекетлер бағдарламасы болып
есапланады. Себеби, ҳүжжет тийкарында халықтың ҳуқықый санасы, руўхыйлығы ҳәм
дүньяға көзқарасын түп-тийкарынан арттырыўға қаратылған, өзинде 50 ең әҳмийетли
илажды жәмлеген Мәҳәлле жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да
жетилистириў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.
Бул "жол картасы" мәҳәллени
шын мәнисинде халықшыл структураға айландырыў, социаллық саламат орталықты
беккемлеў ҳәм системаның орынлаў механизмин жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли
стратегиялық тийкар болып хызмет етеди.
Инсан тәғдири ҳәм
тәрбия жуўапкершилиги
Бүгин мәҳәлле системасындағы
реформалардың таяныш ноқаты инсан қәдири, оның тәғдири ҳәм ертеңги күнге исеним
болып есапланады. Жаңа тәртипке бола, мәҳәлледе жасайтуғын, биринши мәрте
социаллық қәўпи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаят ислеген
пуқараларға, олардың шаңарақлық шараяты есапқа алынып, пуқаралар жыйыны
кеңесиниң қарары тийкарында жеңиллик бериў системасы енгизилмекте. Суд-тергеў
уйымлары мәҳәллениң бул мүрәжатын қанаатландырған жағдайда, тийкарғы итибар
жазалаўға емес, ал шахсты тәрбиялаў ҳәм оны саламат орталыққа қайтарыўға
қаратылады.
Бул процессте ең үлкен
жуўапкершилик жүги, өз гезегинде, "мәҳәлле жетилиги"ниң мойнына
түседи. Олар кепилликке алынған шахсты тек ғана қадағалап қоймастан, пуқараның
қайта тәрбияланыўы, кәсип-өнер үйрениўи, билимлендириўге бағдарланыўы ҳәм
бәнтлиги тәмийинлениўи ушын тиккелей жуўапкер болады. Себеби жынаятқа қол урған
шахсты жәмийеттен ажыратыў емес, ал оның руўхый дүньясын өзгертиў, шаңарақтағы
орталықты саламатландырыў ҳәм пайдалы мийнетке тартыў арқалы дурыс жолға салыў
ең нәтийжели тәрбия усылы.
Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла
Авлоний "Азийз адамлар кеширимди қабыл етеди", деп атап өткениндей,
халқымыз әзел-әзелден мәртлиги, кеңпейиллиги ҳәм уллылығы менен басқалардан
ажыралып турған. Бир сөз бенен айтқанда, қәтесин түсинип, шын кеўилден пушайман
болған, жәмийетке қайтыўды қәлеген инсанға имканият бериў миллий
қәдириятларымызға тән дәстүр болып есапланады. Сол себепли, реформалардың
ақырғы мақсети де адасқанларды жазалаў емес, ал оларды кешириў, дурыс жолға
салыў, биреўин оқыўлы, биреўин жумыслы, биреўин кәсипли етиўден ибарат.
Инсанды тәрбиялаў - узақ мүддетли
ҳәм системалы мийнетти талап ететуғын процесс. Сол себепли пәрманда кепилликке
алынған шахс үш жыл даўамында қайтадан жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық ислемесе, шахсты
тәрбиялаўда айрықша жанкүйерлик көрсеткен мәҳәлле белсендилерин Мәҳәллениң
социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорының қаржылары есабынан қосымша
хошаметлеў нәзерде тутылмақта. Бундай хошаметлеў системасының енгизилиўи
мәҳәлле белсендилериниң тәрбия мәселесине тек ғана хызмет ўазыйпасы сыпатында
емес, ал жоқары социаллық жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды тәмийинлейди.
"Санлы
мәҳәлле" платформасы: системалы машқалаларға анық шешимлер
Президентимиздиң атап өткениндей,
"Биз алдымызға қойған уллы мақсетлерге ерисиў жолында ең заманагөй техника
ҳәм технологияларды өзлестириў, социаллық-экономикалық турмысымызға санлы
технологияларды кеңнен енгизиў және инсан раўажланыўына хызмет ететуғын алдынғы
идеяларды өзлестириўге қаратылған прагматикалық сиясатымызды избе-из даўам
еттиремиз".
Бүгин мәҳәлле системасының мазмунын
мине усындай заманагөй көзқараслар белгилеп бермекте. Халыққа хызмет
көрсетиўдиң сапасын арттырыў ушын системада кең көлемли санлы реформалар болып
өтпекте. Атап айтқанда, пәрманға тийкарланып, Өзбекстан мәҳәллелери
ассоциациясы, Әдиллик ҳәм Санлы технологиялар министрликлери тәрепинен 2026-жыл
1-ноябрьге шекем "Санлы мәҳәлле" электрон платформасының жаңа
имканиятлары иске қосылатуғыны белгиленди.
Жаңа системаға бола, халықтан келип
түскен мүрәжатлар жасалма интеллект жәрдеминде, инсан факторысыз таңлап алынып,
тиккелей жуўапкер орынлаўшыларға тарқатылады. Бул процесс мәселелердиң
жасырыныўының алдын алады.
Соның менен бирге, инфраструктура,
бәнтлик, жынаятшылық көрсеткишлери ҳәм тынышсыз шаңарақлардың жағдайы
тийкарында мәҳәллелер реал ўақыт режиминде "қызыл", "сары"
ҳәм "жасыл" категорияларға ажыратылады. Бундай классификация қайсы
аймаққа биринши болып жәрдем ҳәм қаржы қаратыў керек екенин анық көрсетип
береди, ең әҳмийетлиси, машқалалар әмелде сапластырылыўын тәмийинлейди.
Сондай-ақ, "мәҳәлле
жетилиги" хызметкерлериниң мийнетин олардың ерискен реал нәтийжелери (KPI) тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи. Мәҳәлле баслығы
хызметкерлердиң айлық жумыс ўақтын олардың әмелий белсендилигине қарап
белгилейди ҳәм бул пидайы хызметкерлерди хошаметлеўге хызмет етеди. Хызметлерди
санластырыў хызметкерлер ҳәм халық арасындағы исенимди беккемлеп, мәҳәллениң
жәмийеттеги абырайын және де арттырады.
Шешим де,
жуўапкершилик те болады
"Санлы мәҳәлле" платформасы
арқалы системалы кемшиликлер тек ғана анықланбайды, ал олардың шешими де
тәмийинленеди. Пәрман менен платформаға киргизилген ҳәр бир мәселениң
орынланыўы үстинен қатаң, вертикал қадағалаў системасы орнатылмақта. Енди
халықтың мәҳәлле дәрежесинде көтерилген машқалаларының шешилиўи үш басқышта
турақлы түрде сын көзқарастан талланып барылады.
Биринши басқышта ҳәр айда кеминде
бир мәрте район ҳәм қала ҳәкимлериниң басшылығында мәҳәллени қоллап-қуўатлаў
кеңеслеринде ең төменги буўындағы машқалалар жуўмақланады. Бул орынлардағы
басшылардың күнделикли жумысына халық тәрепинен берилетуғын ең биринши ҳәм ең
әдил баҳа болады.
Екинши басқышта ҳәр шеректе кеминде
бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм
Ташкент қаласы ҳәкимлериниң басшылығында аймақлық мәҳәллени қоллап-қуўатлаў
кеңеслеринде додаланады. Бул болса район дәрежесинде кешиктирилген ямаса
жуўапкершиликсизлик ақыбетинде шешилмей қалған системалы кемшиликлерди ўәлаят
көлеминде жедел сапластырыў имканиятын береди.
Үшинши басқышта қадағалаўдың ең
жоқары ноқаты сыпатында ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте Өзбекстан Республикасы
Бас министриниң басшылығында Республикалық мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеңесиниң
мәжилиси өткериледи. Онда барлық жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм
шөлкемлердиң басшылары және ҳәкимлердиң қатнасыўында созылмалы түрге енген
машқалалар сын көзқарастан додаланып, қатаң илажлар көриледи.
Бундай үш басқышлы система соны
аңлатады, мәҳәлле дәрежесинде көтерилген машқала өз шешимин таппағанша күн
тәртибинен шықпайды. Басшылардың есабатлары тек ғана қурғақ санлар менен емес,
платформадағы реал көрсеткишлер менен салыстырылады.
Жаңа финанслық
дереклер
Мәҳәллелердеги
социаллық-экономикалық машқалаларды жедел ҳәм нәтийжели шешиў, бәринен бурын,
системаның финанслық еркинлигине байланыслы. Сонлықтан, жаңа тәртипке муўапық,
Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қоры қаржыларын
қәлиплестириўдиң пүткиллей жаңа ҳәм мәҳәллениң өзине байланыслы болған қосымша
дәреклери белгиленбекте. Қор қаржылары төмендеги анық ҳәм турақлы дәреклер
есабынан кеңейтиледи.
2026-жыл 1-июльден баслап мәҳәлле
аймағында санитариялық қағыйдаларды бузғаны ҳәм нызамсыз қурылыс бойынша
өндирилген жәриймалардың 10 проценти тиккелей мәҳәлле қорына өткериледи. Бул
мәҳәлле аймағының тазалығы ҳәм тәртиби ушын ишки қадағалаўды күшейтиўге хызмет
етеди.
2027-жыл 1-январьдан баслап
физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салығы бойынша өндирилген
қаржылардың (турақ жай емес жайлар бойынша өндирилетуғын мүлк ҳәм жер салығы
буған кирмейди) 15 проценти усы қорға қаратылады. Бул халықтың салық төлеў
мәдениятын арттырыў менен бирге, төленген салықлар сол мәҳәллениң жолы, жақтыландырыўы
ямаса басқа да зәрүрликлери ушын жумсалатуғынын аңлатады.
Мәҳәлледеги аймағы 5 мың метр
квадратқа шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери ҳәким жәрдемшисиниң онлайн
буйыртпасына тийкарланып тиккелей электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы
сатылады. Усы саўдалардан келетуғын қаржылар (баҳалаў ҳәм сатыў қәрежетлери
шегирилген ҳалда) толық қорға түседи.
Қаржыларды қәлиплестириўдиң бундай
системасы "мәҳәлле жетилиги" ҳәм пуқаралар жыйынына тек ғана қаржы
имканиятын берип қоймастан, ал оларда өз аймағындағы бос турған ресурслардан
нәтийжели пайдаланыў, тәртип-интизамды сақлаў ҳәм жергиликли бюджетти толтырыўға
исбилерменлик қатнасын қәлиплестиреди. Ең әҳмийетлиси, мәҳәлле өз машқаласын
жоқары уйымлардан қаржы күтпей, өзинде қәлиплескен финанслық күш пенен шешиў
имканиятын және де кеңейтеди.
Улыўма алғанда, бүгин мәҳәлле ири
экономикалық жойбарлар, исбилерменлик ҳәм инвестициялар генераторына
айланбақта. Усы көзқарастан, ҳәр бир мәҳәллениң өзине тән "драйвер"
тараўлары, тәбийғый, климат ҳәм дийқаншылық шараятлары, сондай-ақ, халықтың
дәстүрий өнерментшилик көнликпелеринен келип шығып, коммерциялық банклер менен биргеликте
жаңаша система жолға қойылмақта. Енди банклер мәҳәллелерге тек ғана кредит
бериўши шөлкем сыпатында емес, ал халықтың бизнес басламалары ҳәм перспективалы
инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириўши тийкарғы стратегиялық шерик
сыпатында кирип бармақта.
Бундай қатнас мәҳәлледеги ҳәр бир
қарыс жерди, бар инфраструктура ҳәм имканиятларды анық жумыс орны ҳәм турақлы
дәрамат дәрегине айландырыўға хызмет етеди. Нәтийжеде аймақлардағы жумыссызлық
ҳәм кәмбағаллық мәселелери мәҳәллениң өзинде шешиледи.
Президентимиз Мәҳәллелердиң жумысын
хошаметлеў қорына республикалық бюджеттен 2026-жылдан баслап ҳәр жылы 200
миллиард сум ажыратылатуғынын айрықша атап өтиў керек.
Инсан мәҳәлледе туўылып, ержетеди,
потенциалын толық жүзеге шығарыў имканиятына ийе болады, шахс сыпатында камалға
келеди, оның арзыў-нийетлери бир пүтинликте көринеди. Жаңа система ҳәм қаржы
имканиятларының тийкарында тек ғана экономикалық көрсеткишлер емес, ал адасқан
инсанды шаңарағының қушағына қайтарыў, үмитсизликке берилген шаңараққа нур алып
кириў ҳәм ҳәр бир пуқараға мәмлекеттиң меҳир ҳәм әдалатын көрсетиўдей уллы
мақсет жәмленген.
Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,
Өзбекстан мәҳәллелери
аўқамы баслығы,
сиясий илимлер докторы, профессор