Қәнигелердиң болжаўына бола, октябрь айы турақсыз ҳаўа райы менен
басланады.
1-октябрьде республиканың орайлық ҳәм шығыс аймақларында сентябрь айының
соңғы күнинен кирип келген ығал ҳәм салқын ҳаўа райы тәсири сақланып турады.
Айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин. Ең көп жаўын-шашын таў алды ҳәм таўлы
аймақларда болыўы күтилмекте. Бәлент таўларда жаўын қарға айланыўы мүмкин.
2-4-октябрь күнлери күнлер жылыйды
2-4-октябрь күнлери Өзбекстан аймағының үлкен бөлегинде жаўын-шашын
болыўы күтилмейди.
Бул дәўирде ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтериледи. Бирақ ыссы
ҳаўа-райы узаққа созылмаўы мүмкин.
4-октябрь күни
республиканың арқа-батыс аймақларына салқын ҳәм ығал ҳаўаның жаңа толқыны кирип
келиўи күтилмекте. 5-7-октябрь күнлери суўық ҳаўа ағымы әсте-ақырынлық пенен
пүткил Өзбекстан аймағына тарқалады.
Октябр айында
температура бир неше рет өзгериўи мүмкин
Болжаўларға бола,
бундай " температура тербелислери" айдың ақырына шекем
даўам етиўи мүмкин.
Ыссы ҳаўа-райы
дәўиринде ҳаўаның температурасы түнде 10-13 градус жыллы, күндиз 25-28 градус
жыллы болыўы күтиледи.
Суўық ҳаўа кирип
келгенде температура сезилерли дәрежеде төменлейди. Бундай күнлерде түнде 3-8
градус, күндиз 15-20 градус ыссы болыўы күтиледи.
Республиканың
арқа аймақларында ҳаўа-райының суўытыўы салмақлырақ болады. Бул жерде түнде
0-2гр суўық, күндиз 10-15гр жыллы болыўы мүмкин.
Улыўма, октябрь
айында Өзбекстанда орташа айлық ҳаўа температурасы климат нормалары әтирапында,
айырым жерлерде нормадан жоқары болыўы күтилмекте.
Қайсы аймақларда
жаўын-шашын көбирек жаўыўы мүмкин?
Октябр айында
жаўын-шашын республика аймағы бойынша бир тегис бөлистирилмейди.
Арқа аймақларда
жаўын-шашын муғдары климатлық нормадан аз болыўы күтилмекте.
Орайлық ҳәм
қубла-шығыс аймақларда жаўын-шашын муғдары тийкарынан норма әтирапында болады.
Ҳәзирги ўақытта
Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларының
айырым аймақларында ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашын климатлық
нормадан көп болыўы итималы бар.
Солай етип, 2026-жыл
октябрьде Өзбекстан халқын жыллы күнлер, қысқа мүддетли суўықлар ҳәм
температураның тез-тез өзгерип турыўы күтпекте. Ай басындағы салқын ҳаўадан
кейин температура көтериледи, бирақ 4-октябрьден баслап жаңа салқын ҳаўа ағымы
кирип келиўи прогноз етилген.