Сапар ийгиликли ис - Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етиўден басланды. Қуран аятлары оқылып, халқымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын дуўалар оқылды.
Комплекс ислам дүньясының әҳмийетли зыярат орынларынан бири болып есапланады. Бул естелик комплекси "Нақшбандия" тариқатының тийкарын салыўшысы Баҳауддин Нақшбанд жерленген орында қурылған болып, ҳәзирги ўақытта мақбара, ханақаҳ, мешит, некропол ҳәм суфизм тарийхы музейин өз ишине алады.