Таңлаў мазмуны бай ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе болып,
онда қатнасыўшылар өз шаңарақларындағы унамлы орталықты түрли көринислерде
көрсетти. Олар миллий дәстүрлерге садықлық, перзент тәрбиясындағы
жуўапкершиликли қатнас, үй-руўзыгершиликтеги шеберлик ҳәм шаңарақлық
қәдириятларды қәдирлеў бағдарындағы тәжирийбелерин сахналық шығыўлар арқалы
билдирди.
Жарыс бес шәрт тийкарында өткерилип, ҳәр бир басқыш
қатнасыўшылардың дүньяқарасы, дөретиўшилиги ҳәм руўхый потенциалын кеңнен ашып
бериўге қаратылды. Әсиресе, миллий үрп-әдетлерди сәўлелендирген шығыўлар
тамашагөйлерде үлкен тәсир қалдырды.
Төрешилер қурамы тәрепинен шығыўлар белгиленген
нормалар тийкарында әдил баҳаланып, ҳәр бир қатнасыўшының көзқарасы ҳәр
тәреплеме талланды. Нәтийжеде ең мүнәсип, интакер ҳәм үлгили шаңарақ таңлап
алынып, таңлаўдың кейинги басқышына қатнасыў ҳуқықына ийе болды.
Илаж соңында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери диплом
және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.