Мәмлекетимиз басшысы тийкарғы күн тәртибине өтиўден алдын өткен ҳәптеде
жоқары дәрежеде өткен бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумының
жуўмақларына тоқтап өтти. Форум шеңберинде сырт елли шериклер менен 43 миллиард
долларлық 177 келисимге ерисилгени атап өтилди.
- Ҳәр бир келисим анық жойбарға, жаңа жумыс орынлары ҳәм жоқары қосымша
қунлы өнимлерге айланыўы керек,-деди Президент.
Жуўапкерлерге
сырт ел инвесторлары тәрепинен билдирилген 120 усынысты әмелиятқа енгизиў
бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды. Тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер
тартылып атырған инвестициялардың сапа ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша
көзқарасларды қайта көрип шығыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей,
соңғы бес жылда экономикаға тартылған инвестициялардың ярымы елимиздиң 4
аймағының үлесине туўра келген. Буннан тысқары, киргизилген капиталдың қайтыў
дәрежеси бойынша аймақлар арасында сезилерли дәрежеде айырмашылық сақланып
қалмақта. Бул бағдарда ҳәкимлер анық есап-санақ тийкарында ҳәр бир районда
қайсы тараўды ҳәм қай тәризде раўажландырыў, қайсы инвестициялық жойбар ең
үлкен нәтийжелиликти тәмийинлейтуғынын анықлаўы зәрүр.
Оның ушын 12
экономика тармағына 14 "ақыл" орайы, 37 тараўға байланыслы илимий-изертлеў
институты ҳәм жоқары оқыў орынлары бириктирилген. Барлық тармақлардың
басшыларына олар менен бирге ҳәр бир районның потенциалын үйренип, жалпы
аймақлық өнимниң сезилерли дәрежеде өсиўин тәмийинлейтуғын жойбарлар топламын
таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз
басшысы қурылыс материаллары тараўын қурылысшылардың исенимин ақлайтуғын, сапа,
стандарт, ассортимент ҳәм баҳа бойынша комплексли шешим беретуғын тараўға
айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Буннан он жыл
алдын жергиликли қурылыс материаллары тийкарынан қум-шебен араласпалары,
гербиш, цемент, шийше ҳәм шифер сыяқлы қурылыста пайдаланылатуғын барлық
материаллардың 30-40 процентин қурайтуғын еди. Кейинги он жылда тараўға 12
миллиард доллар инвестиция тартылып, 4 мыңнан аслам заманагөй кәрхана иске
қосылған.
Нәтийжеде цемент,
шийше, базальт материаллары, керамика буйымлары, газоблоклары, қурғақ қурылыс
араласпалары сыяқлы 20 дан аслам тийкарғы түрдеги өнимлер бойынша ишки талапты
толық тәмийинлейтуғын қуўатлықлар жаратылды. Ыссылық изоляциясы ҳәм композит
материаллар, экологиялық пардозлаў өнимлери, пол қапламалары ҳәм басқа да
жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў жедел раўажланбақта.
Бүгинги күнде
жаңа турақ жайлар ҳәм санаат имаратларын қурыў ушын зәрүр материаллардың 98
проценти елимиздиң өзинде ислеп шығарылмақта. Соның есабынан, өткен дәўирде
тармақта өндирис көлеми 7 триллион сумнан 53 триллион сумға, экспорт болса
өткен жылы 1,2 миллиард долларға артқан. Ең әҳмийетлиси, тараў импорттың орнын
басыў бойынша әҳмийетли жолдан өтти.
Жылдың басында
халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша кең көлемли бағдарлама қабыл етилди.
Оған бола, 2040-жылға шекем турақ жай қурылысы көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм
жылына 280 мыңға жеткериў, "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 61
ден 120 ға жеткериў режелестирилген.
Буннан тысқары,
ҳәр жылы 20-25 миллион квадрат метр коммерциялық имаратлар пайдаланыўға
тапсырылмақта. Тек ғана турақ жай ҳәм коммерциялық қурылыслар жылына 10
миллиард долларлық қурылыс материалларына талапты қәлиплестиреди.
Ташкент
халықаралық инвестициялық форумында сырт елли шериклерге және 27 миллиард
долларлық инфраструктуралық жойбарлар усыныс етилди. Жиззақ ўәлаятындағы атом
электр станциясы, Ташкент ўәлаятындағы 4-мыс байытыў фабрикасы, Орта Шыршық
районындағы 20 миллион жолаўшыға мөлшерленген Жаңа Ташкент аеропорты, Жаңа
Ташкент қаласындағы 55 мың орынға ийе футбол стадионы, 282 километрлик Ташкент
- Самарқанд автомобиль жолын қурыў бойынша әмелге асырылатуғын бул үлкен
жойбарлардың барлығында биринши гезекте қурылыс материаллары керек болады.
Әлбетте, бундай
ири жойбарларда стандартлар, пайдаланылатуғын материаллардың сапасы ҳәм
сертификатлаўға жоқары талаплар қойылады. Усы мүнәсибет пенен бул жойбарларға
жергиликли ислеп шығарыўшыларды тартыў имканиятын беретуғын жаңа система
жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Ири ҳәм мега
жойбарларға инвестиция киргизип атырған инвесторлар импорт етилип атырған
қурылыс материалларын қосымша қун салығынан азат етиўди сорамақта. Соның менен
бирге, бундай жойбарлар ушын өз өнимлерин усыныўға таяр болған жергиликли
кәрханалар да көп. Олар қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер жергиликли
өнимлерге де енгизилсе, сапа ҳәм стандартлар бойынша бәсекилесиўге таяр екенин
билдирмекте.
Жуўапкерлерге ири
ҳәм мега жойбарларға импорт ҳәм жергиликли өнимлерди жеткерип бериўде теңдей
шараятларды тәмийинлеў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.
Мәжилисте
аймақларда туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша еки жыллық
бағдарламаның орынланыўына да итибар қаратылды. Бағдарлама шеңберинде 34 ири
туризм объекти, 1 мыңнан аслам жайластырыў объекти, соның ишинде, 200
мийманхана қурыў режелестирилген.
Ҳәкимлер
аймақларда қурылып атырған мийманханаларда жергиликли материаллардың үлесин
кеминде 95 процентке жеткериўи керек екенлиги атап өтилди.
Елимизде жылына орташа
65 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурылмақта, және 200-250 мың квартира
оңланбақта.
– Ашық айтыў
керек, еле көпшилик энергияны үнемлейтуғын материаллардың абзаллықлары ҳаққында
жетерли дәрежеде хабардар емес, – деди Президентимиз.
Хожалықларды
ысытыўдың өзине экономикадағы жәми газ тутыныўының 20 проценти, электр
энергиясының болса 11 проценти жумсалмақта. Егер үйдиң фасад ҳәм төбе бөлеги
ыссылық сақлаўшы материал менен қапланса, энергия үнемлеўши айна қойылса,
энергия жумсалыўы 30 процентке шекем азаяды.
Усы мүнәсибет
пенен Қамашы районында Франция ҳәм Уллы Британия компаниялары тәрепинен ислеп
шығылған жаңа жойбарлаў көзқарасы тийкарында 4 мың квартиралы "Жаңа
Өзбекстан" массивиниң қурылысы әмелге асырылмақта. Бул жойбарда тек ғана
энергияны үнемлейтуғын жергиликли материаллардан пайдаланылады, бул өзине түсер
баҳаны 20 процентке, турақ жайларды ысытыў ҳәм суўытыў қәрежетлерин 25-30
процентке азайтыў имканиятын береди.
Ўәлаят, район ҳәм
қала ҳәкимлерине Қамашы тәжирийбесинде қолланылған жаңаша жойбарлаў көзқарасын
үйрениў ўазыйпасы қойылды. Усы жылы Жаңа Өзбекстан көриниси берилетуғын 33
район ҳәм қалада көп қабатлы жайларды қурыў тек ғана усындай қатнас тийкарында
әмелге асырылыўы зәрүрлиги атап өтилди.
Экспорт
мәселелерине де итибар қаратылды. Қоңсы мәмлекетлер ҳәр жылы 13 миллиард
долларлық қурылыс материалларын импорт етеди. Тек ғана Орайлық Азия базарлары
есабынан экспортты қосымша 440 миллион долларға арттырыў имканияты бар екенлиги
атап өтилди.
– Бир нәрсени
билиң: сыртқы базарларда күшли бәсеки, ҳәр бир доллар ушын гүрес болып атырған
ҳәзирги шараятта экспортты көбейтиў ушын дәстүрий емес шешимлер керек, – деди
мәмлекетимиз басшысы.
Әзербайжан,
Грузия, Россия, Қазақстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлерде турақ жай ҳәм
коммерциялық объектлерди қурыў бойынша үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Егер Өзбекстан турақ жай қурылысы бойынша усы мәмлекетлердиң исенимли бирге
ислесиўшисине айланса, бул электроника, үй текстили ҳәм мебель кәрханалары ушын
да жаңа экспорт имканиятларын ашады. Сол себепли, жуўапкерлерге Баку, Тбилиси,
Москва, Астана ҳәм Бишкекте 3-4 еўден үлги жойбардағы, энергия үнемлейтуғын жай
моделин қурып, road-show өткериў тапсырылды.
Тараўдың өзинде
энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери де додаланды. Соңғы он жылда қурылыс
материалларын ислеп шығарыўшы кәрханалар тәрепинен тутынылатуғын шәртли жанылғы
муғдары 2 есеге азайған. Өткен жылдың өзинде тармақта тутыныўдың 65 процентин
қурайтуғын 34 ири кәрханада энергетикалық аудит өткериў есабынан 240 миллион
киловатт саат электр үнемленген.
Бул еле жетерли
емес екенлиги атап өтилди. Ўәлаят ҳәкимлерине қурылыс материаллары кәрханаларын
технологиялық жаңалаў арқалы энергия жумсалыўын азайтыў бойынша кең көлемли
бағдарламаны иске қосыў тапсырылды. Соның менен бирге, күйдириў ҳәм кептириў
печьлери, дигирман ҳәм басқа да энергияны көп талап ететуғын үскенелерди
энергия үнемлейтуғынына алмастырған кәрханаларға сумдағы кредитлердиң 7
проценти ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлердиң 4 проценти қаплап бериледи.
Мәмлекетимизде
цемент, базальт, айна ҳәм керамикалық плиталар ислеп шығарыў қуўатлықлары
2035-жылға шекемги талапты қаплаў ушын жетерли екенлиги атап өтилди. Енди
инвесторларды усындай өнимлерди көбейтиўге емес, ал бар қуўатлықларды
модернизациялаўға, жоқары қосымша қунлы жойбарларға тартыў зәрүр.
Қурылыс
материаллары тармағы кәрханаларына сертификат алыў менен байланыслы барлық
қәрежетлерди толық қаплап бериў системасы жолға қойылды. Бундай имканият басқа
ҳеш бир тармақта жоқ. Бирақ бундай сертификатлардың бирден-бир базасы жоқлығы
себепли қарыйдарлар халықаралық сертификатларға ийе ҳәм өзине таныс болған сырт
ел өнимлерин көбирек таңлайды.
Жуўапкерлерге
жергиликли ҳәм сырт ел сертификатына ийе қурылыс материалларының электрон
платформасын иске қосыў, ўәлаят ҳәкимлери менен бирге, усы жылдың өзинде
тармақтағы кеминде 50 кәрхананың халықаралық сапа сертификатын алыўына
жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилис даўамында
жуўапкерлердиң есабатлары, тараў кәрханаларының усыныс ҳәм басламалары
тыңланды.