Жойбардың улыўма баҳасы - 16,3 миллион доллар. Кәрханада газоблок ҳәм ҳәк ислеп шығарыў жолға қойылған. Газоблок ислеп шығарыў ушын "Нөкис" еркин экономикалық зонасы аймағынан 4,8 гектар жер майданы ажыратылған болып, Қараөзек районындағы 4,8 гектар майданда ҳәк ислеп шығарыў қуўатлықлары жайласқан.

Кәрхана жылына 300 мың куб метр газоблок ҳәм 165 мың тонна ҳәк ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул ишки базарды заманагөй қурылыс материаллары менен тәмийинлеў менен бирге, оларды экспорт етиўди жолға қойыў имканиятын береди. Өнимлерди Қазақстан ҳәм Түркменстанға жеткерип бериў режелестирилген.

Өндиристе пайдаланылатуғын шийки заттың 96 проценти жергиликли ресурслардан ибарат. Атап айтқанда, кварц қумы, цемент ҳәм гипс жергиликли кәрханалар тәрепинен жеткерип берилмекте. Бул өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм жеткерип бериў турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли.

Кәрханада ислеп шығарылып атырған газоблоклар жеңиллиги, жоқары ыссылық ҳәм сес өткермеў қәсийетлери менен ажыралып турады. Олар дәстүрий гербиштен 3-4 есе жеңил болып, қурылысқа кететуғын қәрежетлерди азайтыўға хызмет етеди.

Бүгинги күнде кәрханада 200 жергиликли халықтың бәнтлиги тәмийинленген. Ҳәзирги ўақытқа шекем кәрхана тәрепинен улыўма баҳасы 200 миллион долларлық 5 ири жойбар әмелге асырылған. Улыўма баҳасы 40 миллион доллар болған және 4 жаңа жойбар бойынша қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы өндирис процесслери, ислеп шығарылып атырған өнимлер менен танысты, келешектеги режелер ҳаққындағы мәлимлемени тыңлап, жумысшылар менен қызғын сәўбетлести.

Өнимлердиң өзине түсер баҳасын арзанлатыў менен бирге жоқары сапасын сақлап қалыў, өндирис көлемин ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў, хызметкерлердиң маманлығын турақлы арттырып барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Кәрхана басшылары ҳәм жуўапкерлерге тийисли усыныс ҳәм тапсырмалар берилди.