Кейинги жыллары регионның раўажланыўы ушын үлкен қаржы ажыратылды, айрықша жеңилликлер ҳәм шараятлар жаратылды. Пайда, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге, санаат кәрханалары ушын электр энергиясы тарифлери 15 процентке азайтылды, социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленди. Өткен жылы 1,7 миллиард доллар инвестиция киргизилген. Бул 2021-жылға салыстырғанда 22 есеге көп. Усы жылдың биринши ярымында экономика 10,2 процентке өсип, Қарақалпақстан Ташкент қаласынан кейин екинши орынды ийеледи.

Бул өзгерислерде турақлы энергия тәмийнаты әҳмийетли орын ийелейди. Кейинги жыллары 860 мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылды. Беруний ҳәм Қараөзек районларында самал электр станцияларының қурылысы нәтийжесинде "жасыл" энергияның үлеси 23 процентке жеткен. Электр ислеп шығарыў 4 есеге көбейип, 5 миллиард 330 миллион киловатт-саатты қурады. Бул халық ҳәм кәрханалардың жыллық талабынан дерлик 3 есеге көп.

Сапар даўамында улыўма баҳасы 7 миллиард долларлық 47 жойбардың қурылысына старт берилди. Атап айтқанда, Қоңырат районында 2 миллиард 600 миллион доллар есабынан 1,5 мың мегаваттлы самал электр станциясы қурылады. Жойбар шеңберинде 1 мың 500 километр жоқары күшлениўли тармақлар тартылады ҳәм 500 киловолтлы 3 подстанция қурылады. 2030-жылға шекем улыўма қуўатлылығы 3,3 мың мегаватт болған самал электр станцияларын иске қосыў, "жасыл" энергияның үлесин 76 процентке жеткериў ҳәм 400 мегаваттлы энергия сақлаў қуўатлықларын жаратыў режелестирилген.

Транспорт ҳәм социаллық инфраструктура тараўында да ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Бозатаў районында санаторий, Нөкис қаласында онкология ҳәм радиология орайы, Қоңырат районында балалар емлеўханасы ҳәм туўыў үйи, Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районларында амфитеатрлар, Нөкис қаласында гимнастика орайы ҳәм консерваторияның филиалы пайдаланыўға тапсырылды.

А-380 магистраль жолының Қоңырат районынан өтетуғын 240 километр бөлегине 384 миллион доллар есабынан бетон қаплама төселди. Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларынан өтетуғын жолдың және 92 километр бөлегинде 233 миллион долларлық қурылыс жумыслары басланған. Нәтийжеде транзит тасыўлар 1,5 есеге көбееди, Төрткүлден Қазақстан шегарасына жүклерди жеткериў ўақты бир суткадан 10 саатқа шекем қысқарады. Келеси жылдың март айынан Ташкент - Нөкис тезжүрер поездының қатнаўы жолға қойылады, бул арқалы жолды басып өтиў ўақты 16 сааттан 7 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, "Түйемойын" суў тазалаў имаратын реконструкциялаў ҳәм Қоңыраттан Мойнаққа шекемги 100 километрлик суў тармағын қурыў жумыслары басланады.

Мәжилисте бар жер, минерал ҳәм энергетика ресурсларынан пайдаланып, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. "Ресурстан таяр өнимге шекем" принципи тийкарында жаңа санаат ҳәм инвестиция картасы жаратылады. "Қоңырат - Қараөзек - Тақыятас" жөнелиси "жасыл санаат коридоры" - "интеллектуаллық экономика үш тәрепи"не айландырылады.

Жасалма интеллект ҳәм дата-орайларды раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген арнаўлы аймақта улыўма баҳасы 8 миллиард долларлық 6 жойбар әмелге асырылады. Бес жыллық бағдарлама ислеп шығып, инвесторларды 1 гигаваттлы турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша көрсетпе берилди.

Үш жылда Нөкис қаласы, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Тақыятаста жоқары дәраматлы 1 мың 500 жумыс орнын жаратыў, бултлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында жыллық экспорт көлемин 600 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

"Жасыл" энергияны "углерод кредитлери"не айландырып, жылына 50-100 миллион доллар дәрамат алыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Бир ай мүддетте бул механизмди иске қосып, ири импорт етиўши мәмлекетлер менен сөйлесиўлер өткериў ўазыйпасы қойылды. Кредит экспортынан алынған қаржылар инфраструктураны раўажландырыўға бағдарланған ресурсларға қосымша болып, Қарақалпақстанның өзинде қалады. Жылдың ақырына шекем Арал теңизиниң 50 мың гектар аймағында "тоғай углерод кредитлери" бағдарламасы иске қосылады.

Геологиялық жумыслар регионның тек ғана 20 процент аймағында әмелге асырылғаны, инвесторлар ушын шийки зат резерви ҳаққында толық мағлыўматлар қәлиплестирилмегени көрсетип өтилди. Бир ай мүддетте алтын қазып алыў ҳәм қайта ислеў кластерин шөлкемлестирип, 1 мың жумыс орнын жаратыў, геологиялық-излеў жумысларының комплексли бағдарламасын ислеп шығып, кәнлердиң резервлерин қайта баҳалаў ўазыйпасы қойылды.

Раёнлар кесиминде тоқымашылық ҳәм былғары санаатында кеминде 150 миллион долларлық, электротехника санаатында 200 миллион долларлық, энергия үнемлейтуғын қурылыс материалларын ислеп шығарыўда 100 миллион долларлық, автомобиль комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыўда 120 миллион долларлық, фармацевтика тармағында 50 миллион долларлық жойбарлар басланады.

Италияның «Bonifica Ferrarizi» компаниясы менен биргеликте Тахтакөпир районында 50 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў басланбақта. Оның шеңберинде 2 мың гектар майданда помидор ҳәм ғәлле жетистирилип, терең қайта исленеди ҳәм Европаға экспорт етиледи.

Ҳәр бир район бойынша инвестициялық презентациялар өткерип, ўәлаят ҳәкимлериниң қатнасыўында 2-3 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын жойбарларды әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди. Келеси жылы Қарақалпақстанға 5 миллиард доллар инвестиция алып келиў ўазыйпасы қойылды.

Халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў мақсетинде исбилерменликти қаржылай қоллап-қуўатлаў имканиятлары кеңейтиледи.

Банклердиң исенимли қарыйдарлары ушын 16 процент ставкада 300 миллиард сумлық кредит линиясы ашылмақта. Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы тәрепинен усы кредиттиң 4 проценти қаплап бериледи ҳәм исбилерменлер ушын кредит ставкасы 12 процентке түсириледи.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын кредит ставкасы 17,5 проценттен 12 процентке түсириледи. Келеси жылы ресурслардың көлеми 2 есеге арттырылып, "драйвер" жойбарларға 100 миллион доллар қаратылады. Бул қаржылар есабынан кеминде 50 мың халықты дәрамат дәреги менен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәр бир районда экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыўға қаратылған және 2 жойбарды әмелге асырыў ушын 100 миллиард сум ажыратылады. Бул 10 мың халықтың дәрамат дәрегин жаратыў имканиятын береди.

Аўыл хожалығы имканиятларынан пайдаланыў, бәринен бурын, суў шығынларын азайтыўға байланыслы екени атап өтилди. Регионда 417 мың гектар жерди суўғарыў ушын 5 миллиард 700 миллион куб метр суў жумсалады. Бунда жоғалтыў 38 процентти ямаса 2 миллиард 100 миллион куб метрди қурамақта.

Төрткүл районындағы "Жанбас" ҳәм Бозатаў районындағы "Еркиндәрья" каналларын бетонлаў, гидротехникалық объектлер ҳәм артезиан қудықларын қурыў ушын 135 миллиард сум ажыратылады. 1-мартқа шекем еки каналды бетонлаўды жуўмақлап, келеси жылы 17 мың гектар жерге от-жем егинлерин егиў, 2 мың халықты дәрамат пенен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Суў хожалығы объектлерин модернизациялаўға тартылатуғын грантлар көлеми 100 миллион долларға жеткериледи. 1-апрельге шекем Қарақалпақстанда 59 суў насосы, басқа аймақларда 200 суў насосы жаңаланады.

Шарўашылықтың азықлық базасын беккемлеў мақсетинде пайдаланылмай атырған жайлаў ҳәм жер майданлары өзлестириледи. Қоңырат, Беруний ҳәм Шымбай районларында 2 мың гектар жер қайта тикленбекте, келеси жылы және 5 мың гектар өзлестириледи.

Бозатаў районында 7,5 мың гектар майданды от-жемге жарамлы жағдайға келтириўге 100 миллиард сум ажыратылады. От-жем егинлерин жетистириў ушын ҳәр бир гектарға 500 мың сумнан субсидия бериледи.

Ири шарўашылық комплекслерине кредит ажыратыў көлемин 50 миллиард сумға жеткериў усынысы қоллап-қуўатланды. Ҳаўа транспорты арқалы жеткерип берилетуғын нәсилли өгизлер баҳасының 10 проценти - ҳәр бир бас ушын 4 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Бир ай мүддетте кеминде 100 мың бас қарамалға мөлшерленген комплекслерди шөлкемлестириў бойынша жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Тахтакөпир районында сырт елден 5 мың қой ҳәм ешки сатып алынып, Синьцзян тәжирийбеси тийкарында от-жем ислеп шығарыў жолға қойылмақта. Жылдың ақырына шекем 10-15 мың гектар майданда жойбарларды қәлиплестирип, жылына 100 мың қой-ешки жетистириў режелестирилген. "Кегейли берекет нәсилли қус" кәрханасының қуўатлылығын 2-3 есеге арттырып, холдингке айландырыў, техникумда қусшылық бойынша курслар ашыў ўазыйпасы қойылды.

Бағшылық тараўында 30 мың гектар майданда шорға шыдамлы қәрели ҳәм кеш писиўши ерик плантацияларын шөлкемлестириў бойынша үш жыллық бағдарлама әмелге асырылады. 10 мың гектардағы жумыслар усы жылдың өзинде басланады. Ўәлаятларға жер майданлары ажыратылады, кепилленген суў тәмийнаты, жергиликли климат шараятына бейимлескен нәллер ҳәм технологиялар менен тәмийинленеди.

Тәжирийбели фермер ҳәм агрономлар тартылып, өнимлерди қайта ислеў қуўатлықлары шөлкемлестириледи. Оның есабынан 20 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, үш жылда мийўе экспортын кеминде 500 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Келеси жылы бәҳәрден баслап Нөкис районында 10 мың гектар майданда қаўын жетистириў жолға қойылады. Испания, АҚШ, Нидерландия ҳәм Қытайдан ең жақсы сорт ҳәм қәнигелер тартылып, өнимди қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланатуғын холдинг шөлкемлестириледи. Жергиликли техникум лаборатория ҳәм сынаў полигоны менен тәмийинленип, палызшылық бойынша тәжирийбе алмасыў методикалық орайына айландырылады.

Мәжилисте халық ушын қолайлы қала ҳәм мәҳәлле орталығын жаратыў мәселелери де көрип шығылды. Нөкис қаласындағы "Ашшыкөл" аймағында 50 мың халыққа мөлшерленген "Нөкис сити" қурылысы басланды. 270 гектар майданда энергия үнемлейтуғын имаратлар, бизнес, саўда ҳәм сервис орайлары, жасыл қыябанлар қурылады.

Нөкис қаласындағы Нур ҳәм Елабат мәҳәллелери "Қышқырық" мәҳәллеси үлгиси тийкарында абаданластырылады. Кегейлиде 3,5 километр дренаж каналын жаўыў, 100 хызмет көрсетиў объектин шөлкемлестириў, 320 жумыс орнын жаратыў жумыслары басланған. Ўәлаят ҳәкимлерине Наўрыз байрамына шекем өзлерине бириктирилген аймақларда усындай жойбарларды бир мәҳәлледе ҳәм бир орайлық көшеде әмелге асырыў тапсырылды.

Жасларды заманагөй кәсип-өнерге оқытыўға айрықша итибар қаратылды. Мәлимлеме технологиялары ҳәм логистика тараўларында бир жылда 1 мың, кейинги еки жылда және 5 мың жасты жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Алыс аймақлардағы жасларды мәлимлеме технологияларына оқытыў ушын кеминде 10 қәбилетли ўатанласымызды тартып, жойбарларды иске қосыў бойынша тапсырма берилди.

Нөкис қаласындағы 1-санлы техникумында «Pearson BTEC» халықаралық бағдарламасы енгизилип, питкериўшилерге 70 мәмлекетте тән алынатуғын кәсиплик сертификатлар берилмекте. Бул жерде 37 түрдеги киши үскенелер ислеп шығарылып, жасларға әсбап-үскенелер таярлаў үйретиледи. Жаңа жылдан баслап бул тәжирийбе Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай ҳәм Қоңырат районларының ҳәр биринде биреўден техникумда енгизиледи. 1-октябрьден баслап, әсбап-үскенелер сатып алыў ушын берилетуғын кредит муғдары 20 миллион сумнан 50 миллион сумға шекем, "устаз-шәкирт" системасында кәсипке оқытыў қәрежетлерин қаплаў ушын жас шегарасы 30 жастан 40 жасқа шекем арттырылады.

Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 84 процентке жеткени, бирақ 7 районда бул көрсеткиш төменлиги атап өтилди. Қарақалпақстанда жеке меншик бақша ашқан исбилерменлерге 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 15 жыл мүддетке 7 процентлик кредит бериледи.

Денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлер көлеми кеңеймекте. Нөкис қаласында баўыр ҳәм бүйрек трансплантациясы, Аралбойы балалар емлеўханасында 150 түрдеги жоқары технологиялық хызметлер көрсетилмекте. Усы жылы қурамалы бағдарлар бойынша 1 мың 500 операция әмелге асырылды. Медициналық қамсызландырыў енгизилип, мәкемелер 10 миллион долларлық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Нөкис медицина илимий академиясы, Балалар клиникасы, Онкология орайы ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын көп тармақлы емлеўхана бирлестирилип, Университет медицина кластерине айландырылады. 1-январьдан баслап Мойнаққа келип ислейтуғын шыпакерлер ушын белгиленген 200 процентке шекемги айлық үстеме Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларына да енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир қала ҳәм аўылда жасаў ушын қолайлы шараят жаратыўда мәҳәлле бийлери ҳәм ақсақалларының тәжирийбесин, жаслардың күш-ғайратын, халықтың интакерлигин бирлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Басшылар жумысты аймақларды аралап, халық пенен пикирлесиўден баслаўы, тазалық ҳәм абаданлық күнделикли мәдениятымызға айланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Келеси жылы қарақалпақ халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мүнәсип өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы шайырдың “Ҳәмме ўақыт сен хызмет етгил халық ушын, өзим деме ғамхорлық ет халық ушын” деген ҳикметли сөзлери бүгин де өз әҳмийетин жоғалтпағанын атап өтти. Бир ай мүддетте шайырдың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, санластырыў, қәстерлеп сақлаў ҳәм жаслар арасында үгит-нәсиятлаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилис жуўмағында аймақ ҳәм тармақ басшыларының есабаты тыңланды, Қарақалпақстан белсендилери менен сөйлесиў болды.

Усының менен Президентимиз Қарақалпақстанға сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.