Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Бразилия Президенти Луис Инасиу Лула да Силваның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан - Бразилия қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.

Жоқары дәрежедеги системалы сөйлесиўди жолға қойыў, сиясий ҳәм парламентлераралық байланысларды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, химия, электротехника, фармацевтика ҳәм санааттың басқа да тармақларында қоспа жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Аўыл хожалығы, селекция, туризм, спорт ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиў перспективалары атап өтилди. Белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў усыныс етилди.

Тәреплер халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.