Сөйлесиў алдында Олжас Бектенов мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, жақында қабыл етилген жаңа "жол картасы" тийкарында экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў даўам еттирилмекте.
Усы жылдың июль айында Ақтаў қаласында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм аймақлар басшыларының биринши кеңесине пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.