Бир ўақытлары тәбийий ресурслар үстинлик берген болса, кейинги басқышта санаат ҳәм капитал тийкарғы күшке айланды. Бүгин болса экономикалық бәсекиниң жаңа өлшеми қәлиплеспекте - билимди экономикалық қунға айландырыў қәбилети.

Бул өзгеристиң мәниси сонда, XXI әсирде мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығы жер асты байлықлары менен емес, ал лабораторияларда жаратылған идеялардың қаншелли тез өндириске, базарға ҳәм экспортқа жетип барыўы менен баҳаланбақта. Соның ушын да инновация енди илим тараўының ишки мәселеси емес, миллий экономиканың стратегиялық мәселесине айланды.

Өзбекстандағы реформалар мине усы логикаға тийкарланбақта. Президентимиздиң басшылығында экономика, санаат, инвестициялар ҳәм илим тараўлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилислери талланғанда бир әҳмийетли тенденция көзге тасланады: экономикалық өсиў ҳаққындағы көзқарас өзгермекте. Егер алдын тийкарғы итибар жаңа қуўатлықлар, инвестициялар ҳәм өндирис көлемине қаратылған болса, енди технология, инновация, коммерцияластырыў ҳәм жоқары қосымша қун экономикалық сиясат орайына шықпақта. Бул тосыннан қабыл етилген қарар емес, ал мәмлекет экономикасы жаңа басқышқа өтип атырғанынан дәрек береди.

Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилислериниң мазмунын салыстырмалы таллаў және бир әҳмийетли тәрепти көрсетеди. Дәслепки басқышта тийкарғы итибар өндирислик қуўатлықларды арттырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм санаатты қоллап-қуўатлаўға қаратылған болса, кейинги дәўирде инновацияларға барлық тармақлар ушын улыўма раўажланыў қуралы сыпатында қарала басланды. Бүгин санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ямаса хызмет көрсетиў тараўы ҳаққында сөз болғанда да технология, санластырыў ҳәм илимий шешимлер экономикалық нәтийжелиликтиң тийкарғы шәрти сыпатында белгиленбекте. Бул инновацияларға мүнәсибет тараўлық қатнастан миллий экономикалық сиясат дәрежесине көтерилгенин аңлатады.

Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлик сиясатта сапа жағынан әҳмийетли бурылыс жүз бермекте. Бурын тийкарғы сораў: "Қанша илимий жойбар қаржыландырылды?" болған болса, бүгин тийкарғы сораў басқаша қойылмақта: "Илимий қолланба экономикаға қандай қун қосты?"

Әйне усы сораўға жуўап бериў ушын қабыл етилген қарарлардың өзине қараў жетерли емес. Президентимиз белгилеп берген тийкарғы ўазыйпалар, Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен қаржыландырылған 11 мыңнан аслам илимий жойбар, мәмлекетте изертленген ҳәм исленип атырған 160 мыңға шамалас докторлық диссертациясы және олардың экономика менен үнлеслигин бир пүтин система сыпатында таллаў зәрүр. Себеби инновациялардың ҳақыйқый баҳасы лабораторияда емес, экономикада көринеди.

Кейинги жылларда экономика, санаат, инвестициялар ҳәм илимге байланыслы мәжилислерди салыстырмалы таллаў бир әҳмийетли жуўмаққа алып келеди: мәмлекетлик сиясатта инновацияға енди ғәрезсиз тармақ сыпатында емес, ал санаатты модернизациялаў, мийнет өнимдарлығын арттырыў, импорттың орнын басыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўдиң тийкарғы қуралы сыпатында қаралмақта.

Бул қатнас илимий орталықта да өз көринисин таппақта. Республикада қәлиплескен 160 мыңға шамалас докторлық диссертацияларының тематикалық базасының анализи соны көрсетеди, кейинги жыллары экономиканың жаңа талапларына жуўап беретуғын изертлеўлер саны артып бармақта. Санлы экономика, инновациялық басқарыў, жасалма интеллект, ресурс үнемлеўшилиги, логистика, технологияларды коммерцияластырыў, интеллектуаллық мүлк ҳәм "жасыл" экономика сыяқлы темалардың илим күн тәртибине кирип келиўи бүгинги экономикалық сиясат пенен үнлес тенденция екенин көрсетеди.

Талқылаў және бир әҳмийетли тенденцияны көрсетеди: докторлық диссертациялары темаларының өзгериўи тек илимий орталықтағы процесс емес, ал экономика трансформациясының интеллектуаллық көриниси болып есапланады. Алдынғы жылларда изертлеўлер көбирек тараўлық машқалаларды шешиўге қаратылған болса, бүгинги темалар экономиканың санластырылыўы, ресурслар нәтийжелилиги, жасалма интеллект, жоқары технологиялы өндирис ҳәм инновациялық басқарыў мәселелерине барған сайын көбирек бағдарланбақта. Бул мәмлекетлик сиясат пенен илим күн тәртиби арасындағы сәйкеслик күшейип атырғанын аңлатады. Соның менен бирге, бул тенденцияны турақлы таллап барыў экономика ушын келеси жылларда қайсы тараўларда жоқары маманлықтағы кадрлар ҳәм жаңа технологияларға талап артыўын алдыннан прогнозлаў имканиятын да береди.

Бирақ бул таллаў және бир әҳмийетли ҳақыйқатты да ашып береди. Илимий изертлеўлер санының артыўы ҳәр дайым экономикалық нәтийжениң өсиўин аңлатпайды. Мәселен, экономика ушын стратегиялық әҳмийетке ийе технологиялар трансфери, венчур қаржыландырыў, жоқары технологиялы экспорт ямаса интеллектуаллық активлерди басқарыў сыяқлы бағдарларда илимий жумыслар еле экономиканың талапларына сәйкес дәрежеде емес. Демек, илимий сиясаттың кейинги басқышында тек ғана изертлеўлер санын арттырыў емес, ал олардың қурамы ҳәм экономикалық әҳмийетине де айрықша итибар қаратыў талап етиледи.

Тап усындай жағдай мәмлекет тәрепинен қаржыландырылып атырған илимий жойбарларды таллаўда да бақланады. 11 мың 548 илимий жойбардың салыстырмалы анализи мәмлекетлик инвестициялар тийкарынан санаат технологиялары, аўыл хожалығы, медицина, энергетика, химия, биотехнология ҳәм санлы технологиялар сыяқлы әҳмийетли тармақларға қаратылып атырғанын көрсетеди. Бул таңлаў тосыннан емес. Әне усылар экономикада жоқары қосымша қун жаратыў имканиятына ийе тармақлар болып есапланады.

Бул процести анық мысалларда да көриў мүмкин. Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланған бир қатар қолланбалар аўыл хожалығы өнимлерин сублимациялық кептириў технологиялары, қурылыс санааты ушын жергиликли химиялық қосымшалар, медицинада заманагөй диагностика шешимлери ҳәм санлы интеллектуал системалар көринисинде әмелиятқа енгизилди. Әҳмийетлиси, бул қолланбалардың бир бөлеги импорттың орнын басыўға, бир бөлеги болса экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыўға хызмет етпекте. Бул инновациялардың экономикалық қуны лабораторияда емес, ал өндирис процесинде қәлиплесетуғынын және бир мәрте тастыйықлайды.

Итибарлы тәрепи сонда, мәмлекет енди илимий идеяның өзине емес, оның экономикалық нәтийжесине инвестиция киргизбекте. Буны Инновациялық раўажланыў агентлигиниң жумысы да тастыйықлайды. 2025-жылы мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде 824 илимий жойбар қаржыландырылды. Соның менен бирге, коммерцияластырылған қолланбалар тийкарында 1,3 триллион сумлық өним ислеп шығарылды, бюджетке 118 миллиард сумнан аслам салық түсимлери тәмийинленди. Бул санлар илимге ажыратылып атырған қаржылар қәрежет емес, ал экономикалық инвестицияға айланып атырғанының әмелий дәлили болып есапланады.

Бүгин инновациялардың экономикалық нәтийжесин баҳалаўда және бир әҳмийетли қатнас қәлиплеспекте. Илимий жойбардың қуны оны жаратыў ушын жумсалған қаржы менен емес, ал экономикаға келтирген қосымша қуны менен өлшениўи керек. Егер жаңа технология өндирис қәрежетин кемейтсе, импорттың орнын басса, экспортты көбейтсе ямаса жаңа жумыс орынларын ашса, мәмлекет тәрепинен илимге бағдарланған инвестиция өзиниң экономикалық ўазыйпасын орынлаған болады. Усы мәнисте, инновациялық сиясаттың нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлери де басқышпа-басқыш нәтийжеге бағдарланған қатнас тийкарында жетилисип бармақта.

Соның менен бирге, таллаўлар инновациялардың экономикаға енгизилиўинде итибар қаратыў керек болған тәреплер де бар екенлигин көрсетеди. Илимий нәтийже жаратыў менен оны өндириске енгизиў арасындағы ўақыт айырым жағдайларда узақ даўам етпекте. Оған технологиялар трансфери, жеке меншик сектордың қатнасыўының шекленгени ҳәм базар талаплары менен илимий излениўлер арасындағы муўапықластырыў механизмлериниң жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги тәсир етпекте. Кейинги басқышта инновациялар сиясаты әйне усы буўынларды беккемлеўге қаратылыўы зәрүр.

Бүгинги таллаўлардан келип шығып айтыў мүмкин, Өзбекстан инновациялық экономиканы қәлиплестириўдиң жаңа басқышына кирди. Илимий потенциал қәлиплести, ҳуқықый тийкарлар жаратылды, мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў системасы жетилистирилди ҳәм коммерцияластырыўдың дәслепки нәтийжелери пайда болды. Енди тийкарғы ўазыйпа бул факторларды бирден-бир инновациялық экосистемаға айландырыў болып табылады. Оның ушын илимий мәкемелер, университетлер, исбилерменлик субъектлери ҳәм инвестиция институтлары арасында турақлы кооперацияны тәмийинлеў келешектеги экономикалық өсиўдиң шешиўши шәртлеринен бирине айланады.

Бүгинги шараятта гезектеги ўазыйпа илимий жойбарлардың санын көбейтиў ямаса грантлардың көлемин арттырыў емес, ал инновацияларды басқарыў сапасын жаңа басқышқа алып шығыў болып табылады.

Дүнья тәжирийбесине муўапық, инновациялық экономиканы қәлиплестириўдиң ең қыйын басқышы илимий идеяны жаратыў емес, ал оны экономикалық айланысқа киргизиў болып табылады. Әйне усы басқышта мәмлекетлик сиясат, илим, бизнес ҳәм қаржы институтлары бирден-бир система сыпатында ислеўи талап етиледи. Өзбекстанда соңғы жылларда қабыл етилген қарарлар мине усы системаны қәлиплестириўге хызмет етпекте. Енди бул механизмлердиң нәтийжелилиги олардың экономиканың реал секторына қаншелли тез ҳәм кең көлемде кирип барыўы менен белгиленеди.

Жоқарыдағы таллаўлар Өзбекстанда инновациялық экономика ушын зәрүр ҳуқықый база, мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий потенциал қәлиплескенин көрсетеди. Енди тийкарғы итибар усы ресурслардың өз-ара интеграциясына қаратылыўы керек.

Бириншиден, мәмлекетлик илимий бағдарламалар экономиканың узақ мүддетли тармақ стратегиялары менен толық сәйкеслендирилиўи керек. Илимий изертлеў темасы базар талабынан емес, базар талабы илимий изертлеўден артта қалмаўы керек.

Екиншиден, илимий нәтийжелерди баҳалаў системасын қайта көрип шығыў зәрүр. Тийкарғы өлшем мақала ямаса диссертациялар саны емес, ал экономикаға енгизилген технологиялар, жаратылған өнимлер, экспорт көлеми ҳәм мәмлекет инвестицияларының экономикалық қайтымы болыўы керек.

Үшиншиден, республикада қәлиплестирилген докторлық диссертациялар ҳәм мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын илимий жойбарлар базасы тийкарында экономиканың келешектеги технологиялық талапларын прогнозлайтуғын миллий аналитикалық платформаны иске қосыў мақсетке муўапық. Бул мәмлекетлик буйыртпалар ҳәм илимий сиясатты анық мағлыўматлар тийкарында қәлиплестириў имканиятын береди.

Төртиншиден, Инновациялық раўажланыў агентлигиниң жумысында коммерцияластырыўдың кейинги басқышына өтиў, яғный жеке меншик инвестициялар, венчур капитал ҳәм ири санаат кәрханаларын инновациялық процесслердиң толық қатнасыўшысына айландырыў тийкарғы ўазыйпа болыўы керек. Бул усыныслардың әмелге асырылыўы илимий идеялар, мәмлекетлик сиясат ҳәм экономика арасындағы байланысты және де беккемлейди.

Себеби бәсеки гүреси енди ресурслар ушын емес, билим ушын кетпекте. Жаңа Өзбекстанның экономикалық раўажланыўы да мине усы үстинликтен қалай пайдалана алыўымызға байланыслы.

Асрор НОРОВ,

Инновациялық раўажланыў агентлиги 

директоры ўазыйпасын атқарыўшы, 

экономика илимлериниң докторы