Форум мәмлекетимиздиң
инвестициялық потенциалын кеңнен көрсетиў, сырт елли шериклер менен өз-ара
пайдалы жаңа жойбарларды қәлиплестириў ҳәм алға қойыў ушын әҳмийетли
халықаралық майдан болып есапланады.
2022-жылы өткерилген биринши
форумда 56 мәмлекеттен мыңнан аслам сырт елли мийманлар қатнасқан болса, усы
жылы 16-18-июнь күнлери өткерилетуғын бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық
форумында 99 мәмлекеттен 8 мыңнан аслам адам, соның ишинде, 3,1 мыңға шамалас
сырт елли мийманлар қатнасыўы күтилмекте.
Мийманлар арасында сырт
мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары ҳәм ўәкиллери, абырайлы халықаралық финанс
институтлары, ири компаниялар, инвестициялық қорлардың басшылары, исбилермен
топарлардың ўәкиллери бар.
Презентацияда форумның бағдарламасы ҳәм оның
шеңберинде өткерилетуғын илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда,
жалпы мәжилис, еки тәреплеме ушырасыўлар, тармақлар ҳәм аймақлардың
презентациялары, инвестициялық келисимлерге қол қойыў мәресимлери ҳәм
исбилерменлик ушырасыўлары болып өтеди.
Өзбекстанның инвестициялық потенциалы көргизбесинде
аўыл хожалығы, жеңил санаат, геология, электротехника, машина қурылысы, химия
санааты, энергетика, жасалма интеллект ҳәм IT тараўларының имканиятларын
таныстырыў режелестирилген.
Форум шеңберинде Президент жанындағы Сырт ел
инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилиси де болып өтеди. Онда
мәмлекетимизде инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў,
санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, жеке меншик
сектор ҳәм халықаралық инвесторлар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў
мәселелери көрип шығылады.
Быйылғы форумда ири инвестициялық келисимлерге қол
қойылыўы да режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта жаңа жойбарларды таярлаў бойынша
жедел жумыслар алып барылмақта.
Ислеп шығылып атырған келисимлер химия санааты,
геология ҳәм металлургия, жеңил санаат, электротехника санааты ҳәм машина
қурылысы, фармацевтика, аўыл хожалығы, қурылыс материаллары, энергетика ҳәм экология,
санлы технологиялар, қурылыс ҳәм инфраструктура, банк-қаржы, транспорт ҳәм
логистика, туризм ҳәм билимлендириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алады.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы жаңа жумыс орынларын
жаратыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, экспорт потенциалын
арттырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм аймақлардың инвестициялық
тартымлылығын күшейтиўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы форумды жоқары дәрежеде
шөлкемлестириў, ҳәр бир тармақ ҳәм аймақтың инвестициялық потенциалын анық
жойбарлар арқалы толық жүзеге шығарыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге сырт елли мийманларды қабыл етиў,
илажлар бағдарламасын пуқта шөлкемлестириў, қол қойылатуғын келисимлерди әмелге
асырыўдың анық механизмлерин белгилеў ҳәм форум жуўмақланғаннан соң оларды
системалы мониторинг етиў бойынша тапсырмалар берилди.