Әййемги орынды буннан жети-сегиз жыл бурынғы жағдайы менен салыстырып болмайды. Жоллар тегис болмақта, суў, электр тәмийнатын жақсылаў, заманагөй өндирис тармақларын жаратыў, исбилерменлик ҳәм өнерментшиликти раўажландырыў бағдарында жылларға татырлық жумыслар әмелге асырылды. Өткен жылдың өзинде 14 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды, еки мыңға шамалас шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды. Көлеми кең реформалар ҳаққында көплеген мысаллар келтириў мүмкин. Ҳәр күни бир өзгерис, жаңалық бой көрсетпекте, басламалар кең ен жаймақта. Бул бийкарға емес, әлбетте.

 – Президентимиз быйыл 9-апрель күни Сох районын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бойынша өткерген мәжилис турмысымызда жаңа имканиятлар есигин ашты, - дейди район ҳәкими Сайидбаҳром Сайидмусаев. - Жақынға шекем Сохта көп қабатлы жайлар қурылады десе, ҳеш ким исенбеген. Бүгинги күнге келип "Чашма", "Девайрон", "Навобод" мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы турақ жайларға ҳайран қалып қарайсыз. Жер асты кәнлеринен пайдаланыў бағдарында жаңа жойбарларды әмелге асырыўға кирисилди, аўылларға санаат кирип бармақта. Енди шийки зат емес, таяр өним ислеп шығарыў көлеми артты. "Қалаша" мәкан пуқаралар жыйыны Жавпоя массивиндеги травертин кәнинде пардозлаўшы тас қазып алыў ҳәм қайта ислеў жойбары әмелге асырылмақта. Бул жерде Сох дәрьясынан 223 метр бийикликке суў шигарылып, Жавпояга тиришилик суўы алып келинди. Секундына 200 литр суў тартыў қуўатлылығына ийе 5 насос станциясы қурылды. Нәтийжеде 1000 гектар жер пайдаланыўға киргизилмекте. Қайрақ массивине де суў алып шығылып, әсирлер даўамында итибардан шетте қалған қараўсыз жерлер жасылға бүркенди, жаңа мийўели бағлар бой көрсетти.

Үлкен машқалалардан бири - жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық. Бүгинги күнде кәмбағаллық дәрежеси 7,9 процент, жумыссызлық 5,5 процентти қурап, елеге шекем республикадағы орташа дәрежеден жоқары. Өткен қысқа ўақытта бул бағдарда көплеген жойбарларға қол урылды. Тийкарғы мақсет халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәрамат табыўына жәрдемлесиў арқалы районды жумыссызлық, кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў болып табылады.  Усы мақсетте тиккелей инвестиция ҳәм сырт ел кредитлерин өзлестириў есабынан улыўма баҳасы 62,6 миллион доллар болған 29 жойбар әмелге асырылды. Сырт елли инвесторлар менен мрамор қазып алыў, туризм тармақларын шөлкемлестириў, микроГЭСлер қурыў жолында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. 

Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың "Бабурнама"сында бир мүддет Сохта жасағаны ҳаққында баҳалы жазыўлар қалдырған. Гөззал тәбият, миймандос адамлар менен байланыслы естеликлери бүгин де қәдир-қымбатын жоғалтпаған.

Қоңсы мәмлекетлер менен жолға қойылған өз-ара барыс-келис, шегарадан өтиўде жаратылған қолайлықлар районда туризмди раўажландырыў арқалы туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етпекте. Соның ишинде, эко ҳәм медициналық туризм, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларды раўажландырыў жойбарлары әмелге асырылмақта.  Атап айтқанда, Сариканда, Равон ҳәм Истиқлол мәҳәллелери аймағынан өтетуғын Сох дәрьясы бойында заманагөй туризм объектлерин қурыў режелестирилген. Сондай-ақ, 130 гектар майданда ири экокурорт комплексиниң қурылысы басланыў алдында.

Перспективалы жойбарлардан бири - “AK-MUS” туризм комплексиниң улыўма майданы 60 гектар. Жойбар басламашылары аға-ини исбилерменлер Аъзамхон ҳәм Валихон Қозиевлер болады. Олар бир неше жыл мийнет мигранты сыпатында сырт елде жумыс ислеген. Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў жолында жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер еки баланы бир мақсет жолында бирлестирди. Бул жерде улыўма баҳасы дерлик 100 миллиард сум болған заманагөй комплекстиң қурылысы басланған.

- Комплекс тек ғана Сох емес, ал пүткил мәмлекетимиздиң улыўма туризм потенциалын жаңа басқышқа алып шығыўы мүмкин, - дейди исбилермен Валихон Қозиев. - Барлық күш ҳәм имканиятларымызды иске қосып, бул жерди жәҳән стандартларына сай абат мәканға айландырамыз. Оның ушын шараят ҳәм имканиятлар жетерли. Ҳәзирги күнде жойбарымыздың дәслепки үлгилерин иске қостық. Нәтийжелер биз күткенимизден де жақсы.

Жойбар шеңберинде жасалма қапламалы ойын майданы, теннис кортлары, картинг ҳәм пейнтбол майданлары, бассейн, автомобиль туратуғын орын, лыжа жоллары, аңшылық ҳәм ҳәр қыйлы дем алыў үйлериниң қурылысы режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта болса бағлар қурылмақта, жасалма сарқырама, заманагөй дем алыў орынлары, капсулалы жайлар әллеқашан мийманлар хызметинде.

- Бул жерде жаңа туризм-кеўилашар дем алыў орны жаратылғанын еситип, шаңарақ ағзаларымыз бенен дем алыўға келдик. Салқын ҳаўа, кең далаларда сейил етиўдиң өзгешелиги бар, - дейди "Офтобрў" мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын Исломиддин Исмоилжонов. - Он жыл алдын Сох районына мәмлекетимиздиң раўажланыўынан үзилген аймақ сыпатында қаралған. Экономикалық қыйыншылықлардан тысқары, инфраструктура менен байланыслы машқалалар диңкемизди қурытқан. Жаңа дәўир нәпеси сохлылардың турмыс тәризинде үлкен өзгерислер жасады. Соның ишинде, қоңсылас республика менен арасындағы шегарадан өтиў системасы жақсыланды, суў жетип бармаған, асфальтланбаған көшелер қалмады. Мине, усы далалар бир күн келип абат дем алыс орнына айланады, десе ҳеш ким исенбейтуғын еди. Бүгин өзимиз гүўа боламыз. Булар сохлылардың турмыс тәризин және де жақсылаў жолындағы жумыслардың басланғышы, десем асыра айтқан болмайман.

Таўлар менен тутасқан төбеликлерде қурылып атырған кеўилашар майданлар дем алыўшылар менен толы, пайызлы. Бул жерге электр тармақлары тартып келинди. Сох районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик унитар кәрханасы автомобиль жолы ҳәм пиядалар жоллары қурылысын жеделлестирген.

- Бурын транспорт ҳәм логистика имканиятлары шекленген, экономикалық байланыслар төмен болған аймақта раўажланыўдың жаңа басқышы басланды,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Адҳамжан Сафаров. - Усы жылы 40 миллион доллар инвестиция тартыў, экспорт көлемин арттырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў тийкарғы мақсетимиз. 2026-жылдың биринши шереги районымыз ушын экономикалық белсендилик, исбилерменлик басламалары ҳәм социаллық раўажланыў көзқарасынан нәтийжели дәўир болды. Статистикалық көрсеткишлерди таллаў аймақта экономиканың барлық тийкарғы тармақларында унамлы өсиў пәтлери сақланып қалып атырғанын көрсетпекте. Усы күнге шекем 34,8 миллиард сумлық санаат өними ислеп шығарылды. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12,3 процентке көп. Инвестициялық орталық та жылдан-жылға жақсыланып бармақта. Бүгинги күнге шекем тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестиция көлеми 40,9 миллиард сумға жетти. Әсиресе, сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери үлесиниң артыўы Сохтың экономикалық потенциалына исеним беккемленип атырғанынан дәрек береди. Экспорт көлеми 1,9 миллион долларға шамаласып, өткен жылға салыстырғанда дерлик 70 процентке өсти. Экспорттың тийкарғы бөлеги азық-аўқат өнимлери ҳәм шарўашылық үлесине туўра келди. Россия, Қырғызстан, Беларусь ҳәм басқа да мәмлекетлер менен саўда байланыслары кеңейип бармақта.

- Жетпис үш жасқа кирдим, - дейди "Янгиариқ" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ҳосиятхон Султонова. - Есимди билгели Сох дәрьясынан суў тасып ишкенбиз. Жазда шаң, қыста ылай, музлы көшелерде жүриў қыйын еди. Сәл самал болса, свет өшип қалатуғын еди. Қоңсылас қала ҳәм районларға барып-келиўдеги қыйыншылықлар адамлардың диңкесин қурытқан. Бир сөз бенен айтқанда, абадан турмыстан үзилип қалғанбыз. Бүгин ҳәмме нәрсе өзгерди. Қәлеген мәнзилге емин-еркин барып келип атырмыз. Жолларымыз асфальтланды, пиядалар ушын өз алдына жоллар жатқарылғаны әйне мақсетке муўапық. Жол қурылысшыларына рахмет, көшелеримиз түнлерде де күндегидей жақты. Бундай өзгерислер болыўын алдын тек әрман еткенбиз.  Болады екен, усындай қолайлы шараятта емин-еркин жасап атырмыз.

Район экономикасында аўыл хожалығы әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, заманагөй агротехнологияларға итибар күшейген. Қайрақ массивиндеги Демурсад мәҳәллеси аймағында 100 гектар майданда қара қәрели бағы жаратылды. Ерте бәҳәрде егилген нәллердиң раўажланыўы ҳәўиж алған.

- Бурын бул жерлерден тек жайлаў сыпатында пайдаланылған. Енди болса заманагөй бағшылық тийкарында жоқары зүрәәт алыў имканияты жаратылмақта, - дейди район ҳәкиминиң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Муслимбек Мавлонбеков. - Жойбар шеңберинде суў тәмийнаты системасы жаңаланып, 200 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул жерде ҳәр қыйлы өнимлер жетистириў менен бирге оларды сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў сыяқлы перспективалы жойбарлар да әмелге асырылады. "Ҳушёр" мәкан пуқаралар жыйынында "Бир контур - бир өним" принципи тийкарында кооперация жолға қойылып, картошка жетистириў ҳәм пал ҳәррешилик раўажландырылмақта.

Тийкарынан айтқанда, Сох енди шетки аймақ емес, ал экономикалық-социаллық, мәдений-ағартыўшылық ҳәм туризм тармақлары раўажланып атырған жаңа мәканға айланып бармақта.

Расулжон КАМОЛОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы.

Шерзод Қорабоев түсирген сүўретлер