Нөкис қаласында халыққа сапалы жәмийетлик транспорт хызметин көрсетиўди жолға қойыў, ҳәрекет қурамын жаңалаў, жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде «FAYZ AVANGARD» ЖШЖ тәрепинен 32 дана автобус алып келинбекте.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң жәмийетлик транспорт хызметин раўажландыў бағдарында қабыл етилген қарарлары менен «Брутто-шәртнамасы, яғный, «басып өтилген жол» ҳәм «сапа» өлшеми тийкарында жолаўшы тасыў хызметин шөлкемлестириў белгиленген. Усы тийкарда, бул автобуслар Нөкис қаласы ишиндеги жөнелислерге брутто-шәртнама менен жайластырылады.

 

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.