Бул ойын еки команда ушын да жазғы тәнепистен соңғы
дәслепки ойын болып, бул еки тәрепке де қыйын өтиўи күтилмекте. Себеби, өз
майданында ойнайтуғын республикамыздың «Арал»
клубы өзлериниң жанкүйерлериниң алдында жеңисти қолға киргизиўге ҳәрекет
етсе, «Шўртан» жетекши менен арадағы парықты қысқартыў ушын өзлериниң
шеберликлерин көрсетеди.
Бул ойын саат 18:30 да басланады.
Ал, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
университетиниң «Жайҳун» командасы болса, бул турда Ташкент қаласына сапар
етип, ертең Республикалық Футбол академиясы клубына қарсы майданға түседи.
Республикамыздың абырайын қорғап киятырған бул
клублардан футбол жанкүйерлери тек ғана жеңис күтип қалады. Сонлықтан оларға
бул турда да әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.