Бақланбайтуғын экономика қурамында үй хожалықлары ҳәм физикалық
шахслардың жумысы 165,5 триллион сумды ямаса жалпы ишки өнимниң 15,4 процентин
қураған.
Жасырын экономика көлеми 80 триллион сумды ямаса жалпы ишки өнимниң 7,5
процентин қураған.
Экономикалық
жумыстың тийисли түрлери бойынша жалпы қосымша қунды қурамында бақланбайтуғын
экономиканың ең жоқары үлеси аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 60,5
процентке жетти.
Басқа тармақлар
бойынша бул көрсеткиш:
хызметлер тараўы
- 23 процент;
қурылыс - 17,8%;
санаат - 6,7%.
Солай етип,
бақланбайтуғын экономикалық жумыстың ең үлкен үлеси аўыл, тоғай ҳәм балық
хожалығына туўра келеди, санаатта болса оның үлеси әдеўир төмен болып қалады.