Елимизде халықтың саламатлығын сақлаў, аўыр кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мәниде, онкологиялық, гематологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерге шалынған наўқасларға қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў, паллиатив ҳәм хоспис хызметлерин раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Презентацияда онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм емлеў системасын халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў бойынша ислеп шығылған илажлар додаланды.

Атап өтилгениндей, халық арасында ең көп тарқалған рак кеселликлери бойынша мақсетли медициналық тексериўлер менен қамтып алыў дәрежесин 60 процентке жеткериў, онкологиялық кеселликлер менен кеселленген наўқаслардың бес жыллық өмир сүриў көрсеткишин 35 проценттен кеминде 45 процентке жеткериў мақсет етилген.

Буның ушын 2027-жылдан баслап Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм халықаралық экспертлер қатнасыўында ислеп шығылған Рак кеселлигине қарсы гүресиў миллий бағдарламасы аймақларда басқышпа-басқыш енгизиледи.

Бул бағдарлама тийкарында басланғыш буўын хызметкерлери арасында онкологиялық сергеклик дәрежеси арттырылады. Олар онкологиялық кеселликлердиң ерте белгилерин анықлаў ҳәм наўқасларды өз ўақтында қәнигелестирилген мәкемелерге жибериў бойынша қайта таярланады.

Сондай-ақ, халықаралық усыныслар тийкарында клиникалық қолланбалар қабыл етиледи. Онкология бағдарында мультидисциплинар командалық қатнас - бир неше қәнигелердиң қатнасыўында наўқасқа диагноз қойыў ҳәм емлеў тактикасы енгизиледи.

Ең көп тарқалған онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бағдарламалары ислеп шығылып, басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиледи. Қысқа мүддетте наўқасларды тексериўден өткериў ҳәм диагноз қойыў имканиятын беретуғын жеделлестирилген диагностика бағдарларын жолға қойыў режелестирилген.

Нур терапиясы хызметин модернизациялаўға айрықша итибар қаратылады. Атап айтқанда, ескирген кобальт қурылмалары басқышпа-басқыш заманагөй линиялы тезлеткишлер менен алмастырылып, жоқары дозалы брахитерапия имканиятлары кеңейтиледи.

Паллиатив ҳәм хоспис жәрдемин раўажландырыў мәселелери де айрықша көрип шығылды. 2030-жылға шекем халықты бундай жәрдем түрлери менен қамтып алыў дәрежесин кеминде 80 процентке жеткериў режелестирилген.

Буның ушын 2026-жыл 1-сентябрьден баслап медициналық ҳәм социаллық хызметлерди интеграциялаў тийкарында республикада паллиатив ҳәм хоспис жәрдем көрсетиўдиң бирден-бир системасы жаратылады. Паллиатив жәрдемге мүтәж шахсларды анықлаў, бағдарлаў, есапқа алыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў процесслери электрон мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.

Медициналық ҳәм социаллық хызметлерди үй шараятында көрсетиўди тәмийинлейтуғын мобиль паллиатив бригадалар жумысы жолға қойылады. Стационар паллиатив жәрдем мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери, хоспислер тәрепинен көрсетиледи.

Халықтың талабынан келип шығып, барлық аймақларда басқышпа-басқыш хоспис мәкемелери шөлкемлестириледи. Ташкент қаласы аймақлараралық хосписи паллиатив ҳәм хоспис жәрдемин методикалық басқарыў, аймақларда усы хызмет түрин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў бойынша жуўапкер мәкеме етип белгиленеди.

Дәслеп, Ташкент қаласы Мырза Улығбек районында онкологиялық кеселликлер бойынша паллиатив ҳәм хоспис жәрдемге мүтәж наўқасларға хызмет көрсететуғын мобиль паллиатив бригадалар шөлкемлестириледи. Самарқанд ўәлаятында аўыр ҳәм емлеп болмайтуғын кеселликлери бар балалар ушын хоспис форматында паллиатив жәрдем орайы ашылады.

Электрон мәлимлеме системасында паллиатив ҳәм хоспис жәрдемге мүтәж сыпатында дизимге алынған наўқасларға медициналық-социаллық эксперт комиссиясының қарары менен қосымша медициналық тексериўлер ҳәм көриклерсиз майыплық белгиленеди. Үйде күтиўге мүтәж наўқаслар ваучер системасы тийкарында функционаллық кроватлар ҳәм арнаўлы төсеклер менен тәмийинленеди.

Буннан тысқары, наўқаслардың шаңарақ ағзалары ушын "Шаңарақлық қоллап-қуўатлаў" хызметин енгизиў, паллиатив жәрдем көрсетиў ҳәм үйде қараў хызметлерин "мәҳәлле кесиминде" алыў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.

Презентацияда гематологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерге шалынған наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары додаланды.

2026-2030-жылларда бундай кеселликлерди ерте анықлаў дәрежесин ҳәзирги 30-40 проценттен 60 процентке жеткериў режелестирилген. Диагноз қойыў ҳәм трансплантация өткериў аралығын 6 айдан 3 айға қысқартыў илажлары көриледи.

Гематологиялық кеселликлерге шалынған наўқасларды қәнигелескен медициналық жәрдем менен 100 процент қамтып алыў, аймақларда гемопоэтикалық өзек клеткаларын трансплантациялаў әмелиятын жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Презентацияда мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин материаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери де көрип шығылды. Соның ишинде, кеминде 15 жыл стажға ийе жумысшыларға перзентлериниң жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларында оқыўы ушын бир жыллық шәртнама қәрежетиниң бир бөлегин ҳәм ипотека кредити тийкарында турақ жай сатып алыўда басланғыш төлемниң бир бөлегин қаплап бериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, көрип шығылған илажларды сапалы әмелге асырыў, аймақларда халыққа онкологиялық ҳәм гематологиялық медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын арттырыў, диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй технологияларын енгизиў бойынша тапсырмалар берди.