Мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын" ийгиликли идеясы тек ғана елимиз пуқараларының абаданлығы емес, соның менен бирге, сырт елдеги ўатанласлар - дүнья өзбеклериниң қәдир-қымбаты, олардың ертеңги турмысын жақсылаў, қоллап-қуўатлаўда да сәўлеленеди. Бүгин дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлеринде жасап атырған өзбеклер бул идеяны ҳәр қашанғыдан да терең аңламақта, жаңаланыўлардың нәтийжесин сезинбекте.
Мине, усы мақсет жолында елимизде биринши мәрте сырт елдеги ўатанласларымыздың перзентлери ушын этномәдений "Анор" жойбары шеңберинде өзбек тили дем алыў орайы шөлкемлестирилди.
“Ватандошлар” жәмийетлик фонды ҳәм "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликтеги бул ағартыўшылық жойбарда Қатар, Италия, Нидерландия, АҚШ, Греция, Россия, Корея Республикасы, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы 14 мәмлекеттен дерлик 250 ўатанласымыздың 7 жастан 14 жасқа шекемги перзентлери қатнасты.
"Бир Ўатан, бир миллет, бир жүрек" сүрени астында өткерилген жойбар усы жылдың 22-июльинен 1-августына шекем Ташкент ўәлаятындағы "Жаңа Өзбекстан" балалар жазғы дем алыў орайында шөлкемлестирилди.
Жойбардың тийкарғы мақсети сырт елде жасап атырған жас ўатанласларымызды Өзбекстан менен жақыннан таныстырыў, олардың Ўатан менен руўхый байланысларын беккемлеў, миллий қәдириятлар, өзбек тили, тарийхы ҳәм мәдениятына қызығыўшылығын арттырыў, түрли мәмлекетлерде жасап атырған жаслар арасында дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын қәлиплестириўден ибарат.
Бағдарлама даўамында қатнасыўшылар белгили балалар жазыўшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, депутатлар, жаслар жетекшилери менен ашық сөйлесиўлерде қатнасты. Сондай-ақ, әскерий-ўатансүйиўшилик темасында әскерлер менен ушырасыўлар, әскерий оркестр концертлери ҳәм жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ҳәм миллий армия дәстүрлерине бағышланған көргизбели шығыўлар болып өтти.
Балалар ушын миллий спорт ойынлары, миллий өнерментшилик ҳәм миллий тағамлар бойынша шеберлик сабақлары, Жаслар парламенти ағзаларының қатнасыўында "Балалар парламенти" модели, балалар ҳуқықларына бағышланған презентациялар, китапқумарлық илажлары, қәдириятлар фестивалы, миллий аяқ ойын кешелери, шахмат гроссмейстерлери менен ушырасыўлар, "Заковат" интеллектуаллық ойыны, дөретиўшилик таңлаўлар, "Бир Ўатан, бир миллет, бир жүрек!" темасындағы флешмоблар және өзбек тилиндеги кино ҳәм мультфильмлердиң көрсетиўлери өткерилди.
Жойбардың әҳмийетли илажларынан бири сыпатында бир ўақыттың өзинде 250 баланың қатнасыўында ғалабалық диктант шөлкемлестирилди. Бул баслама сырт елдеги жас ўатанласларымыздың мәмлекетлик тил бойынша саўатлылығын арттырыў, оларда ана тилине меҳир ҳәм ҳүрмет сезимин беккемлеў және өзбек тилинде еркин ҳәм саўатлы жазыў көнликпелерин раўажландырыўға хызмет етти.
Дем алыў орайы бағдарламасы шеңберинде өзбек тилин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Өзбекше 24/7" челленджи, "Өзбекшеси бар ғой!", "Қәтесиз жаз", "Таза өзбек тилинде " акциялары, өзбек тили бойынша шеберлик сабақлары ҳәм "Өз тилим - өзлигим" темасында дебатлар болып өтти.
- Жасым 12 де, Қазақстаннанман, - дейди Беҳруз Усмонтаев. - Дем алыў орайына биринши мәрте келиўим. Алдын да ата-анам менен Ташкентке келгенмен. Бул жер маған жүдә унады. Дем алыў орайында Қубла Корея, Италия, Қырғызстан ҳәм Тәжикстаннан келген өзбек заманласларым менен таныстым, тез дос болып кеттик. Енди келеси жылы да усы жерде және ушырасыўды режелестирип атырмыз.
Бағдарламаның жуўмағында шөлкемлестириўшилер ҳәм қатнасыўшылар дем алыў орайы аймағында "Ўатанласлар бағы"н жаратыў мақсетинде нәл отырғызды. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде өткерилген онға шамалас таңлаўда жеңимпаз болған ҳәм белсене қатнасқан жас ўатанласларымыз мүнәсип сыйлықланды.
Балалар бул жерде санаўлы күнлер бирге болды. Бирақ бул қысқа ўақыттың ишинде олардың арасында сондай ҳақ кеўилли мүнәсибетлер қәлиплести, айырымлары тап балалығынан бирге өскендей қәдирдан дос болып қалды. Бәлким, әне усындай байланыслар "Бир Ўатан, бир миллет, бир жүрек" идеясының ең айқын көриниси болып есапланады.
"Анор" жойбары сырт елде жасап атырған жас ўатанласларымыздың миллий өзлиги, ана тили ҳәм руўхый тамырлары менен байланысын және де беккемлеўге қаратылған әҳмийетли баслама болып есапланады. Ол дүньяның түрли мүйешлеринде жасап атырған өзбек перзентлерин бирден-бир миллий қәдириятлар, улыўма тарийх ҳәм Ўатан сезими әтирапында бирлестириўге хызмет етпекте. Мине, усындай әмелий басламалар келешекте дүньяның қайсы мүйешинде жасамасын, ўатанлас өзбеклердиң кеўлинде Ўатанға меҳир, миллий мақтаныш ҳәм бир-бирине тийислилик сезимлери және де беккем тамыр жайыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.
Рашид ХЎЖАМОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы