Улыўма наркоз астында биз
ҳеш нәрсени сезбеймиз ҳәм бизге не болып атырғанын улыўма түсинбеймиз. Бирақ
бул мий сырттан келген сигналларды қабыллаўды тоқтатады, дегени емес. Бизге
белгили, даўыслы мағлыўматларды биринши болып қайта ислейтуғын мий бөлимлери
наркозланған жағдайда да даўысларға жуўап бериўди даўам етеди. Ямаса басқаша
айтқанда, сеске жуўап ретинде олардың нейронларында өзине тән белсендилик пайда
болады, оны нейробиология усыллары жәрдеминде көриў мүмкин.
Күни кеше “Nature” журналында мийдиң еслеў ҳәм сөйлеўди таллаў
менен шуғылланыўшы бөлимлери де улыўма наркоз астында белсендилик көрсететуғыны
ҳаққында мақала басып шығарылды. Эксперимент эпилепсия бойынша операция
исленетуғын жети ықтыярлы адамға қойылды: айырым жағдайларда оны хирургиялық
жол менен емлеп, мийди эпилептикалық ритмлерди пайда ете баслаған бузылған
нейронлар жыйнағынан азат етеди. Бир ўақыттың өзинде бундай наўқаслар -
әлбетте, олардың разылығы менен - нейробиологиялық тексериўлерде қатнасыўы
мүмкин: операция тири инсан мийине кириў имканиятын береди.
Операцияланғанлар пропофол жәрдеминде улыўма наркозға
түсирилди. Олардан үшеўи тәкирарланыўшы сеслер сериясын тыңлатады, бунда бир
тон сеслери басқа тон сеслери менен араласып келеди. Изертлеўшилерди ядтың
тийкарғы орайларынан бири гиппокамп сеслерге қалай мүнәсибет билдиретуғыны
қызықтырған. Он минут ишинде гиппокамп ҳәр қыйлы сеслерге ҳәр қыйлы жуўап бере
баслады. Ол тийкарынан сеслер менен емес, ал яд пенен шуғылланатуғын
болғанлықтан, гиппокамп усы сеслер избе-излигин үйренип алғандай болып көринди.
Қалған төрт ықтыярлыға наркоз астында он минутлық подкаст қойылды. Оларда
мийдиң сөйлеў менен ислейтуғын бөлимлериндеги нейронлардың искерлиги бақланған.
Мәлим болыўынша, бул нейронлар атлықларды басқа сөзлерден ажыратыў қәбилетине ийе
болып қалды ҳәм кейинги сөздиң қандай болып еситилетуғынын анықлаўға ҳәрекет
етти (бәлким, ең итимал болған контекстке тийкарланып).
Наркозлаўшы затлар түрли мий орайлары арасындағы
биргеликтеги мағлыўмат алмасыўына тосқынлық етеди ҳәм бул бирден-бир мағлыўмат
тармағы тарқалыўы менен ес-ақыл өшеди. Бирақ айырым зоналар жумыс ислеўди даўам
етпекте, ҳәттеки сырттан сигнал жеткерип бериўшилер менен байланысты да сақлап
қалмақта. Пропофол жалпы наркоз ушын бирден-бир емес, мүмкин, бундай
тәжирийбени басқа наркозлаўшы затлар менен өткериў керек шығар. Бәлким, жаңа
нәтийжелер улыўма наркоз астында не болып атырғанын жақсырақ түсиниўге жәрдем
береди (себеби бул жерде еле де көп анықсызлықлар бар) ҳәм комадан шыға
алмағанларға санасын қайтарыў мүмкин бе, деп хабар береди nkj.ru.