Келисим космослық мағлыўматлардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, қәнигелердиң кәсиплик компетенцияларын раўажландырыў, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тараўларда жасалма интеллект технологияларын қолланыўды кеңейтиўге қаратылған.

Шериклик шеңберинде арнаўлы семинарлар, нетворкинг илажларында қатнасыў ҳәм ЖИ тараўындағы заманагөй тенденциялар бойынша тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, күни кеше Альянстың бирге ислесиўшилер менен бизнес-азанғы аўқаты болып өтти, онда жумыстың тийкарғы бағдарлары, жасалма интеллектти раўажландырыў перспективалары ҳәм оны экономика тармақларына енгизиў мәселелери додаланды.