"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, усы жумыс ҳәптеси даўамында
ҳаўа температурасы 35-38 дәрежеден 32-35 дәрежеге шекем өзгереди. Тек ғана
республиканың ең шетки қубласында бүгин күндиз ҳаўа температурасы 40-43 дәреже,
4-7-август күнлери 38-40 дәреже болады.
Бул күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады,
жаўын-шашын болмайды.
Тек ғана республиканың таўлы аймақларында, сондай-ақ, 4-август күни
Ферғана ойпатының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама
болыўы мүмкин.
Ташкент ўәлаяты
ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи
мүмкин.
3-5-август
күнлери республиканың айрым аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем
күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.
Ташкентте: жаўын-шашын
болмайды. Ҳаўаның температурасы 3 ҳәм 6-7-август күнлери 35-38о, 4-5-август
күнлери 33-35о болады. Ҳаўаның температурасы түнде 20-23о әтирапында болады.
Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-12 м/с қа
шекем, 4-августта 12-15 м/с қа шекем күшейеди, қаланың айырым аймақларында
шаң-тозаң менен жаўын болады.